bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Ephesians 5
Ephesians 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 6 →
1
Солай етип, Қудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер!
2
Масийх бизлерди сүйип, бизлер ушын Қудайға унайтуғын хош ийисли садақа ҳәм қурбанлық болып, Өзин Қудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар.
3
Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳәм нәпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул мухаддеслерге минәсип емес.
4
Араңызда уят ҳәм пәтиўасыз гәплер, турпайы ҳәзил де болмасын. Бул сизлерге минәсип емес. Буның орнына, Қудайға шүкирлик билдириңлер.
5
Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нәпсиқаў, яғный бутпараз адам Масийхтың ҳәм Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
6
Ҳеш ким сизлерди өтирик сөзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Өзине бойсынбайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди.
7
Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар.
8
Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар.
9
Өйткени нурдағы өмирдиң жемиси – ҳәр түрли жақсылық, ҳақлық ҳәм ҳақыйқатлықтан ибарат.
10
Ийемизге нениң унайтуғынын айырып билиңлер.
11
Қараңғылықтағы өмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды әшкара етиңлер.
12
Қараңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың өзи қатты уят.
13
Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳәмме нәрсе анық көринеди.
14
Себеби Қудайдың нурында көринген ҳәр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген: «Оян, ҳәй уйқыда жатқан, Өлилер ишинен тирил! Масийх саған нур шашар».
15
Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар.
16
Ўақыттан үнемли пайдаланыңлар. Өйткени ҳәзирги күнлер жаўызлыққа толы.
17
Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қәлеўиниң не екенин түсиниңлер.
18
Шарап ишип, мәс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар.
19
Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳәм руўхый қосықлардағы сөзлерди бир-бириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен шын жүректен алғыслаңлар.
20
Бәрқулла ҳәмме нәрсе ушын, Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен Әкемиз Қудайға шүкирлик билдириңлер.
21
Масийхқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар.
22
Ҳәй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар!
23
Себеби Масийх исениўшилер жәмәәтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масийх Өз денесиниң, яғный исениўшилер жәмәәтиниң Қутқарыўшысы.
24
Исениўшилер жәмәәти Масийхқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳәмме исте күйеўлерине бойсынсын.
25
Ҳәй күйеўлер, Масийх исениўшилер жәмәәтин сүйип, оның ушын Өзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер.
26
Масийх исениўшилер жәмәәтин суў менен жуўып ҳәм Қудайдың сөзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Өзин қурбан етти.
27
Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нәрсеси жоқ, мухаддес ҳәм минсиз болған салтанатлы жәмәәтти Өзине алыў ушын иследи.
28
Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын өз денесин сүйгендей сүйиўи шәрт. Өз ҳаялын сүйген өзин сүйген болады.
29
Ҳеш ким ҳеш қашан өз денесин жек көрмеген. Керисинше, Масийх исениўшилер жәмәәтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам өз денесин азықландырып, оған ғамхорлық қылады.
30
Өйткени бизлер Масийхтың денесиниң мүшелеримиз.
31
«Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады».
32
Бул сыр уллы. Мен буны Масийхқа ҳәм исениўшилер жәмәәтине байланыслы айтып атырман.
33
Солай етип, ҳәр бириңиз өз ҳаялын өзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6