bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Judges 1
Judges 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 2 →
1
Ешуаның өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийеден: «Қананлылар менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады.
2
Жаратқан Ийе оларға: «Яҳуда урыўы барады, Қанан үлкесин оған тәслим қыламан», – деп жуўап берди.
3
Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўына: «Қананлылар менен урысыў ушын, бизлердиң пайымызға тийген жерге бизлер менен бирге барың. Соңынан бизлер де сизлердиң пайыңызға тийген жерге сизлер менен бирге барамыз», – деди. Солай етип, Шимон урыўы Яҳуда урыўы менен бирге кетти.
4
Яҳуда урыўы урысқа шықты ҳәм Жаратқан Ийе қананлылар менен перизлерди оларға тәслим қылды. Яҳуда урыўы Безекте олардан он мың адамды өлтирди.
5
Сол жерде олар Адоний-Безек пенен ушырасып, оның менен урысты ҳәм қананлылар менен перизлерди жеңилиске ушыратты.
6
Адоний-Безек қашып кетти, бирақ олар оны қуўып жетип, услап алды да, қол ҳәм аяқларының бас бармақларын кесип таслады.
7
Сонда Адоний-Безек: «Қол ҳәм аяқларының бас бармақлары кесилген жетпис патша мениң дастурханымнан түскен усақларды терип жеген еди. Енди болса, мениң оларға ислегенлеримди Қудай алдыма келтирди», – деди. Олар Адоний-Безекти Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде өлди.
8
Яҳуда урыўы Ерусалимге ҳүжим жасап, қаланы басып алды ҳәм халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди.
9
Соннан кейин, олар таўлы үлкеде, Негебте ҳәм батыстағы таў етеклеринде жасайтуғын қананлылар менен урысыў ушын жолға түсти.
10
Ески аты Кирят-Арба болған Хебронда жасайтуғын қананлыларға қарсы атланыс жасап, Шешай, Ахиман ҳәм Талмай деген тийрелерди жеңип шықты.
11
Ол жерден олар ески аты Кирят-Сефер болған Дебир қаласының халқына да қарсы урыс ашты.
12
Сонда Калеб: – Кирят-Сефер халқын жеңип, ол жерди қолға киргизген адамға қызым Ахсаны ҳаяллыққа беремен, – деди.
13
Қаланы Калебтиң иниси, Кеназдың улы Отниел қолға киргизди. Сонлықтан Калеб қызы Ахсаны оған ҳаяллыққа берди.
14
Қыз Отниелдиң жанына барғанда, ол күйеўин үгитлеп: – Әкемнен бир атыз сора, – деди. Калеб ешектен түсип атырған қызынан: – Қандай тилегиң бар? – деп сорады.
15
Қыз әкесине: – Маған бир енши берсең. Мени Негеб шөлине узатқан екенсең, енди маған суў булақларын бер, – деди. Солай етип, Калеб қызына жоқарғы ҳәм төменги суў булақларын берди.
16
Муўсаның қәйин атасының урпақлары болған кенлер Яҳуда урыўы менен бирге Пальма қаласынан шығып, Арадтың қубласындағы Яҳуда шөлинде жасаўға кетти ҳәм сол жердеги халықлар арасына орналасты.
17
Соннан кейин, Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўы менен бирге барып, Сефат қаласында жасап атырған қананлыларды қыйратты ҳәм олардың қаласын толығы менен жоқ етти. Солай етип, ол жер Хорма деп аталды.
18
Яҳуда урыўы Газаны, Ашкелонды, Экронды ҳәм оларға тийисли жерлерди де басып алды.
19
Жаратқан Ийе Яҳуда урыўы менен бирге болғанлықтан, олар таўлы үлкени қолға киргизди. Ал ойпатлықта жасап атырған халықтың темирден исленген саўаш арбалары болғанлықтан, оларды қуўа алмады.
20
Олар Муўсаның айтып кеткениндей, Хебронды Калебке берди. Калеб ол жерден анақлардың үш тийресин қуўып шығарды.
21
Бирақ Бенямин урыўы Ерусалимде жасап атырған ебуслыларды қуўмады. Ебуслылар бүгинги күнге дейин Бенямин урыўы менен бирге жасап киятыр.
22
Юсуптиң урпағы Бейт-Элге ҳүжим жасады. Жаратқан Ийе олар менен бирге еди.
23
Юсуптиң урпағы бурынғы аты Луз болған Бейт-Эл қаласына жансызларды жибергенде,
24
олар қаладан шығып киятырған бир адамды көрди. Сонда олар: – Қалаға кирер жолды көрсетсең, саған жақсылық ислеймиз, – деди.
25
Солай етип, сол адам оларға қалаға киретуғын жолды көрсетти. Олар қала халқын қылыштан өткергенде, оған ҳәм оның ағайин-туўғанларына тиймеди.
26
Сол адам хетлердиң жерине көшип барды ҳәм сол жерге қала қурып, оның атын Луз деп атады. Бул қала ҳәзирге дейин усы ат пенен аталады.
27
Менашше урыўы Бейт-Шеан, Таанах, Дор, Иблеам, Мегиддо ҳәм булардың әтирапындағы аўылларда жасайтуғын халықты қуўа алмады. Себеби қананлылар беккем қорғанып, сол жерде жасаўын даўам етти.
28
Израиллылар күшке толысқан ўақтында, қананлыларды ерксиз хызметшиге айландырды, бирақ оларды қуўып жибермеди.
29
Эфрайым урыўы да Гезерде жасайтуғын қананлыларды ол жерден қуўып жибермеди ҳәм қананлылар Гезерде олардың арасында жасады.
30
Зебулон урыўы да Китрон ҳәм Наҳалал қалаларындағы халықларды қуўмады. Зебулон урыўының арасында қалған бул қананлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
31
Ашер урыўына келсек, олар да Акко, Сидон, Ахлаб, Ахзиб, Хелба, Афек ҳәм Рехоб турғынларын қуўмады.
32
Олар сол жерлердеги қананлыларды қуўып шығармай, олар менен бирге жасады.
33
Нафталий урыўы да Бейт-Шемеш ҳәм Бейт-Анат халқын қуўмай, сол жердиң халқы болған қананлылар менен бирге жасады ҳәм қананлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
34
Аморлар Дан урыўына ойпатлыққа түсиўге жол қоймай, оларды таўлы үлкелерде услап турды.
35
Аморлар Ҳар-Хересте, Айялонда ҳәм Шаалбимде беккем қорғанып, сол жерде қалды. Бирақ Юсуптиң урпақлары күшке толысқанда, аморлар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
36
Аморлардың шегарасы Ақраббим бийиклигинен баслап Селаға, оннан да арманыраққа дейин созылған еди.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21