bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Judges 17
Judges 17
Karakalpak 2022
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 18 →
1
Эфрайымның таўлы үлкесинде Миха атлы бир адам бар еди.
2
Миха анасына: – Сеннен урланған бир мың бир жүз шекел гүмис есиңде ме? Сен оны урлағанды көз алдымда ғарғаған едиң-ғо. Сол гүмис менде, оны мен алған едим, – деди. Сонда анасы оған: – Сени Жаратқан Ийе жарылқасын, балам! – деди.
3
Миха бир мың бир жүз шекел гүмисти анасына қайтарып берди. Ал анасы: – Улымның бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислетиўи ушын, мен бул гүмисти Жаратқан Ийеге бағышлайман. Улым, гүмисти өзиңе қайтарып берип атырман, – деди.
4
Солай етип, анасы Миха қайтарып берген гүмистен еки жүз шекел алып, оны зергерге берди. Зергер оннан бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислеп берди. Олар Миханың үйине қойылды.
5
Миханың сыйыныў ушын салдырған мухаддес үйи бар еди. Ол бир эфод ҳәм кийели мүсинлерди ислетип, улларының бирин руўханий етип тайынлады.
6
Ол дәўирде Израилда патша жоқ болып, ҳәр ким өзине дурыс болып көринген исти ислейтуғын еди.
7
Сол ўақытлары Яҳуда урыўының Бейтлеҳем қаласында жасап атырған лебийли бир жас жигит бар еди.
8
Ол жасаўға басқа бир жер табыў ушын, Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан шықты да, жол-жөнекей Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Миханың үйине келди.
9
Миха оннан: – Қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Ол Михаға: – Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан киятырман. Өзим лебийлимен, жасайтуғын жер излеп жүрмен, – деди.
10
Миха оған: – Мениң үйимде қалып, мениң кеңесгөйим ҳәм руўханийим бол. Мен саған жылына он шекел гүмис берейин, тамағыңды тойдырайын ҳәм кийиндирейин, – деди.
11
Солай етип, лебийли жигит Миханың үйинде жасаўға келисим берди. Миха да оны өз улындай көрди.
12
Миха лебийлини руўханий етип тайынлады ҳәм ол Миханың үйинде жасап қалды.
13
Сонда Миха: «Енди мен Жаратқан Ийениң маған жақсылық қылатуғынын билемен. Өйткени мениң лебийли руўханийим бар», – деди.
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 18 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21