bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Judges 12
Judges 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 13 →
1
Эфрайым урыўы жыйналып, Сафонға қарай кешип өтти. Олар Ифтахқа: – Аммонлар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди не ушын шақырмадың? Сонлықтан бизлер сени де, үйиңди де жағып жиберемиз, – деди.
2
Ифтах оларға: – Халқым ҳәм мен аммонлар менен қатты жәнжеллескенимизде, мен сизлерди шақырған едим. Бирақ сизлер келип, мени олардың қолынан қутқармадыңлар.
3
Мени қутқармайтуғыныңызға көзим жеткенде, жанымды қәўип астына қойып, аммонларға қарсы ҳүжим жасадым. Кейин Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылды. Не ушын бүгин мениң менен урысыўға келдиңлер? – деди.
4
Эфрайым урыўынан болғанлар гиладлыларға: «Ҳәй, Эфрайым ҳәм Менашше урпақлары арасында жасайтуғын гиладлылар! Сизлер Эфрайымның қашқынларысыз», – деген еди. Сонда Ифтах пүткил Гилад халқын жыйнап, Эфрайым урыўына қарсы саўашқа түсти ҳәм оларды қыйратты.
5
Иордан дәрьясындағы Эфрайым урыўының жерине қарай өтетуғын өткеллерди қолға алған гиладлылар өтпекши болып келген қашқыннан: «Эфрайым урыўынанбысаң?» деп сорағанда, ол: «Яқ» десе,
6
сонда оларға: «Шибболет деп айт», – дейтуғын еди. Бирақ олар: «Сибболет» дейтуғын еди. Өйткени олар «шибболет» сөзин дурыс айта алмайтуғын еди. Сол себепли оларды услап, Иордан дәрьясының өткеллеринде өлтиретуғын еди. Сол ўақытта эфрайымлылардан қырық еки мың адам өлтирилди.
7
Гиладлы Ифтах Израилда алты жыл бийлик қылды. Соннан кейин ол өлип, Гиладтың бир қаласында жерленди.
8
Кейин ала Израил халқына бейтлеҳемли Ибсан бийлик етти.
9
Ибсанның отыз улы ҳәм отыз қызы болды. Ол қызларын басқа тийрелерге узатып, улларын да басқа урыўлардан үйлендирди. Ибсан Израилда жети жыл бийлик етти.
10
Соңынан ол өлип, Бейтлеҳемде жерленди.
11
Ибсаннан кейин, Израилда Зебулон урыўынан болған Элон он жыл бийлик етти.
12
Ол өлип, Зебулон жериндеги Айялонда жерленди.
13
Элоннан кейин, Израилда Пиратоннан болған Ҳиллел улы Абдон бийлик етти.
14
Абдонның жетпис ешекке минип жүретуғын қырық улы ҳәм отыз ақлығы болды. Абдон Израилда сегиз жыл бийлик етти.
15
Пиратонлы Ҳиллелдиң улы Абдон өлип, Эфрайым жериндеги, бурын амалеклерге тийисли болған таўлы үлкедеги Пиратонға жерленди.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21