bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Judges 18
Judges 18
Karakalpak 2022
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 19 →
1
Сол дәўирде Израилда патша жоқ еди. Сонда Дан урыўы мәканлайтуғын жер излеп атырған еди. Өйткени оларға Израил урыўлары арасында өзлерине тийисли үлес жер еле берилмеген еди.
2
Солай етип, данлылар өз урыўындағы барлық тийрелери ишинен Сора ҳәм Эштаол қалаларынан болған бес батыр жигитти жерлерди көзден өткерип, оларды билип қайтыў ушын жиберди. Олар жигитлерге: – Барып, жерлерди көзден өткизиңлер, – деди. Жигитлер Эфрайымның таўлы үлкесинде жайласқан Миханың үйине келди ҳәм сол жерде түнеп қалды.
3
Олар Миханың үйиниң жанында турғанда, лебийли жас жигитти сөйлеген сөзиниң өзгешелигинен таныды ҳәм сол тәрепке бурылып, оннан: – Сени бул жерге ким әкелди? Бул жерде не ислеп атырсаң? Не ушын бул жердесең? – деп сорады.
4
Лебийли жигит Миханың өзине не ислегенлерин айтып: – Миха мени жаллады, мен оған руўханийлик қыламан, – деди.
5
Сонда данлылар оған: – Бизлердиң баратырған бул жолымыздың сәтли яки сәтсиз екенин Қудайдан сорап, билип бер, – деди.
6
Руўханий оларға: – Қәўетерленбей кете бериңлер, Жаратқан Ийе баратырған жолыңызда яр болады, – деп жуўап берди.
7
Солай етип, сол бес адам жолға шығып, Лайышқа келди. Олар қала халқының сидонлылар сыяқлы қәўипсиз, тыныш ҳәм бийғам өмир сүрип атырғанын көрди. Бул үлкениң халқына ҳүкимин өткизип, жәбир беретуғын ҳеш ким жоқ еди. Олар сидонлылардан узақта болып, ҳеш ким менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди.
8
Бес жигит Сора ҳәм Эштаолға, урыўласларының жанына қайтқанда, урыўласлары олардан: – Қандай хабар алып келдиңлер? – деп сорады.
9
Жигитлер оларға былай деп жуўап берди: – Жүриңлер, сидонлыларға ҳүжим етейик. Бизлер олардың жерин көрдик, ол жүдә жақсы жер екен. Не қылып турсызлар? Иркилмей барып, оған ийелик етейик.
10
Ол жерге барғаныңызда, бийғам жасап атырған халықты ҳәм жүдә кең жерди көресизлер. Ҳеш қандай кемшилиги жоқ ол жерди Қудай қолыңызға тапсырып атыр.
11
Сонда Дан урыўынан алты жүз адам қуралланып, Сора ҳәм Эштаолдан жолға шықты.
12
Олар Яҳудаға келип, Кирят-Ярим қаласының жанында орда қурды. Сол себепли Кирят-Яримниң батысындағы бул жер бүгинги күнге дейин Махане-Дан деп аталады.
13
Данлылар сол жерден Эфрайымның таўлы үлкесине қарай кетип, Миханың үйине келди.
14
Лайыш журтын көзден өткериўге кеткен бес жигит урыўласларына: – Сизлер мына үйлердиң биринде эфод, кийели мүсинлер, жонылған бир бут ҳәм қуйма бир бут бар екенин билесизлер ме? Енди не ислеў кереклигин өзлериңиз шешиңлер, – деди.
15
Сонда олар лебийли жас жигит жасап атырған Миханың үйине келип, лебийлиден ҳал-аўҳал сорады.
16
Ал қуралланған алты жүз данлы адам дәрўазаның кирер аўзында турды.
17
Жерди көзден өткерген бес жигит үйге кирип, эфодты, кийели мүсинлерди ҳәм жонылған бут пенен қуйма бутты алып шықты. Руўханий ҳәм қуралланған алты жүз адам дәрўазаның кирер аўзында турған еди.
18
Олардың Миханың үйине кирип, эфодты, кийели мүсинлерди ҳәм бутларды алып шыққанын көрген руўханий олардан: – Не қылып атырсызлар? – деп сорады.
19
Олар руўханийге: – Үниңди өшир, аўзыңды жап. Сен бизлер менен бирге жүр де, бизлерге кеңесгөй ҳәм руўханий бол. Саған бир адамның үйинде руўханийлик еткениң жақсы ма, я Израилдың бир урыўы ямаса бир тийресине руўханийлик еткениң жақсы ма? – деди.
20
Руўханий қуўанып кетти. Ол эфодты, кийели мүсинлерди ҳәм бутты алып, сол адамлар менен бирге кетти.
21
Данлылар бала-шағаларын, малларын ҳәм дүнья-мүлкин алдына салып, жолға шықты.
22
Данлылар Миханың үйинен узақласқанда, Миханың қоңсы-қобалары жыйналып, оларды қуўып жетти.
23
Олар данлылардың изинен бақырғанда, данлылар артына бурылып қарап, Михаға: – Не болып қалды, неге адамларды жыйнап келдиң? – деди.
24
Миха оларға: – Сизлер мениң руўханийимди ҳәм соқтырған бутларымды алып кеттиңлер. Маған не қалды өзи? Және меннен: «Саған не болды?» – деп сорағаныңыз неси?! – деди.
25
Данлылар оған: – Үниңди өшир! Болмаса, адамларымыздың базылары ғәзепленип, ҳүжим етсе, өзиңди де, шаңарағыңды да набыт қыласаң, – деди.
26
Соннан кейин, данлылар жолларын даўам етти. Миха олардың өзинен гөре күшлирек екенлигин көрип, үйине қайтып кетти.
27
Ал данлылар Миханың соқтырған затларын ҳәм руўханийин жанына алып, Лайышқа қарай кетти. Олар тыныш ҳәм бийғам қала халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди.
28
Бейт-Рехобтың жанындағы ойпатлықта жайласқан Лайыш қаласына жәрдемге келетуғын ҳеш ким болмады. Өйткени Лайыш Сидоннан узақта болып, басқа қалалар менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди. Дан урыўы қаланы жаңадан қурып, сол жерге орналасып қалды.
29
Олар Израилдың улы болған бабасы Данның ҳүрметине қаланы Дан деп атады. Қаланың ески аты Лайыш еди.
30
Данлылар жонылған бутты сол жерге орнатты. Муўсаның ақлығы болған Гершомның улы Ионатан ҳәм оның урпақлары сүргинге дейин Дан урыўына руўханийлик қылды.
31
Қудайдың Үйи Шилода болған ўақыт даўамында, данлылар Миха ислеткен жонылған бутқа табынды.
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 19 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21