bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Mark 1
Mark 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 2 →
1
Қудайдың Улы Ийса Масийхтың Хош Хабарының басланыўы.
2
Ийшая пайғамбардың китабында былай деп жазылған: «Мине, Мен алдыңнан хабаршымды жиберемен, Ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды.
3
Шөл далада бақырған бир даўыс еситиледи: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“»
4
Яқыя шөл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди.
5
Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды.
6
Яқыя түйе жүнинен кийим кийип, белине тери қайыс тағып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди.
7
Ол халыққа жәриялап: – Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
8
Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх пенен шомылдырады, – деди.
9
Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды.
10
Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептер пишининде Өзиниң үстине түскенин көрди.
11
Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди.
12
Соннан соң, дәрриў Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге апарды.
13
Ийса шөлде қырық күн болып, шайтан тәрепинен сыналды. Ол жабайы ҳайўанлар арасында болды ҳәм периштелер Оған хызмет етти.
14
Яқыя қамаққа алынғаннан кейин, Ийса Галила үлкесине келди ҳәм Қудайдың Хош Хабарын жәриялап:
15
– Ўақыт болды, Қудайдың Патшалығы жақынлады. Тәўбе етип, Хош Хабарға исениңлер! – деди.
16
Ийса Галила көлиниң жағасы менен баратырғанда, көлге аў салып жүрген Шимонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди.
17
Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды аўлайтуғын аўшылар қыламан, – деди.
18
Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
19
Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди.
20
Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди.
21
Олар Капарнаҳум қаласына келди. Шаббат күни Ийса дәрҳал мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады.
22
Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен тәлим берди.
23
Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол:
24
– Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады.
25
Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди.
26
Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти.
27
Ҳәмме таң қалысып, өз ара: – Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлимат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести.
28
Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды.
29
Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Шимон ҳәм Андрейдиң үйине келди.
30
Шимонның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди.
31
Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти.
32
Қуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди.
33
Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды.
34
Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған көп адамларға шыпа берди ҳәм көп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сөйлеўине рухсат бермеди, өйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди.
35
Таң азанда Ийса ерте турып, үйден шықты ҳәм аўлақ жерге барып, дуўа етти.
36
Шимон ҳәм оның қасындағылар Оны излеп шықты.
37
Оны тапқаннан соң, Оған: – Ҳәмме Сени излемекте, – дести.
38
Ол жуўап берип: – Жүриңлер, жақын жайласқан қалаларға барайық. Мен ол жерлерде де ўаз айтыўым керек, себеби Мен сол ушын келгенмен, – деди.
39
Солай етип, Ийса пүткил Галила үлкесин аралап, олардың мәжилисханаларында ўаз айтып, жинлерди қуўып шығарды.
40
Тери кеселлигине шалынған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан өтинип: – Егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деди.
41
Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди.
42
Сол ўақытта-ақ сол адам тери кеселлигинен қутылып, тазаланды.
43
Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де:
44
– Абайлы бол, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
45
Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмай қалды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16