bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Mark 9
Mark 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 10 →
1
Ийса оларға және: – Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудайдың Патшалығының Өз қүдирети менен келгенин көрмегенше, өлмейди, – деди.
2
Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди.
3
Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди.
4
Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар көринип, Ийса менен сөйлесип турды.
5
Петр Ийсаға: – Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
6
Петр бул сөзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, өйткени шәкиртлер қатты қорқып қалған еди.
7
Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
8
Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, өзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
9
Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы өлимнен қайта тирилгенше, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, – деп буйырды.
10
Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «өлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди.
11
Шәкиртлери Ийсадан: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
12
Ийса оларға жуўап берип: – Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы көп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған?
13
Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, – деди.
14
Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған көп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди көрди.
15
Пүткил халық Ийсаны көриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди.
16
Ийса олардан: – Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? – деп сорады.
17
Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип: – Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим.
18
Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында көбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды өтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди.
19
Сонда Ийса оларға: – Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, – деди.
20
Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны көриўден руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан көбиги ағып, аўнап жатты.
21
Сонда Ийса баланың әкесинен: – Бундай болғанына қанша ўақыт болды? – деп сорады. Әкеси: – Кишкене бала ўақтынан усындай.
22
Руўх оны өлтирмекши болып, неше мәрте отқа да, суўға да таслады. Егер қолыңнан келсе, бизлерди аяп, жәрдем ете гөр, – деди.
23
Ийса оған: – Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин, – деди.
24
Баланың әкеси дәрҳал жылап жиберип: – Мен исенемен, аз исенимимниң беккем болыўына жәрдем ет! – деп бақырды.
25
Халықтың жуўырысып киятырғанын көргенде Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Ҳәй, тилсиз ҳәм герең руўх! Буйыраман: оннан шығып кет ҳәм қайтып оған кириўши болма, – деди.
26
Сонда руўх шыңғырып, баланы қатты қалтыратты да, оннан шығып кетти. Бала өлидей болып жатырғанлықтан, адамлардың көбиси: – Ол өлип қалды, – деди.
27
Бирақ Ийса оны қолынан услап турғызғанда, ол орнынан турды.
28
Ийса үйге киргеннен кейин, шәкиртлери аўлақта Оннан: – Бизлер неге жаўыз руўхты қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
29
Ийса оларға жуўап берип: – Жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў арқалы қуўып шығарыўға болады, – деди.
30
Сол жерден шығып, олар Галила арқалы өтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи.
31
Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны өлтиреди ҳәм өлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
32
Бирақ шәкиртлери бул сөзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты.
33
Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен: – Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады.
34
Бирақ олар үндемеди. Өйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди.
35
Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға: – Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди.
36
Соң кишкене бир баланы алып, олардың ортасына турғызды да, оны қушақлап:
37
– Ким де ким мынадай кишкене бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның тек Мени емес, ал Мени Жибергенди қабыл еткени болады, – деди.
38
Юхан Ийсаға: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды көрдик. Бирақ ол бизлерге ерип жүрмегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
39
Ал Ийса былай деди: – Оған тыйым салмаңлар, себеби Мениң атым менен кәрамат көрсеткенлердиң ҳеш қайсысы да Мен туўралы жақын арада жаман сөз айта алмайды.
40
Өйткени ким де ким бизлерге қарсы болмаса, ол бизлердиң тәрепдарымыз.
41
Сизлерге шынын айтып турман: ким де ким Масийхқа тийисли болғаныңыз себепли, Мениң атым ушын сизлерге бир кесе суў ишкизсе, ол сыйсыз қалмайды.
42
– Және де, ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып теңизге тасланғаны оған жақсырақ болады.
43
Егер сени қолың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен дозаққа, сөнбес отқа тасланғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [
44
]
45
Егер сени аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки аяғың менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, шолақ болып мәңгилик өмирге ерискениң жақсырақ. [
46
]
47
Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозаққа тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен Қудайдың Патшалығына киргениң жақсырақ. Дозақта
48
«оларды жеп атырған қурт та өлмейди, жандырып атырған от та сөнбейди».
49
Затлардың отта сыналып, дуз бенен тазаланғаны сыяқлы, ҳәр бир адам солай сыналып, тазаланады.
50
Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Ишиңизде дуз болсын, бир-бириңиз бенен татыў жасаңлар, – деди.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16