bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Mark 4
Mark 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 5 →
1
Ийса және көл жағасында тәлим бере баслады. Әтирапына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, көлдеги қайыққа минип отырды, ал халық көлдиң жағасында, қурғақлықта турды.
2
Ол халыққа тымсаллар менен көп нәрселерди үйретип, былай деди:
3
– Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты.
4
Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
5
Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты.
6
Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты.
7
Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти.
8
Ал басқалары өнимли жерге түсип, көгерип өсип шығыпты ҳәм гейбиреўлери отыз, гейбиреўлери алпыс, гейбиреўлери жүз еседен зүрәәт берипти.
9
Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!
10
Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады.
11
Ийса оларға былай деди: – Қудайдың Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады.
12
Солай етип: «Олар қарап турса да, көрмейди, Тыңлап турса да, түсинбейди, Қайтып келип, кеширилмейди».
13
Ийса оларға былай деди: – Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер?
14
Туқым себиўши Қудайдың сөзин себеди.
15
Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Қудайдың сөзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сөзди алып кетеди.
16
Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди.
17
Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.
18
Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды.
19
Олар сөзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да қумарлықлар сөзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди.
20
Ал басқалары өнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди.
21
Ийса оларға және былай деди: – Ким шыраны ыдыстың ямаса кәттиң астына қойыў ушын әкеледи? Керисинше, оны шыра қойғышқа қойыў ушын әкелмей ме?
22
Себеби ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
23
Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!
24
Ийса даўам етип, оларға былай деди: – Еситкенлериңизге кеўил аўдарыңлар! Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, өзлериңизге де сондай өлшем менен өлшеп бериледи. Ҳәтте, сизлерге қосымша етип те бериледи.
25
Кимде бар болса, оған қосымша етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
26
Соң Ийса: – Қудайдың Патшалығы мынаған уқсайды: бир адам жерге туқым сеўипти.
27
Ол түн болғанда уйықлапты, күндиз болғанда ояныпты: бирақ туқымның қалай көгерип өскенин билмепти.
28
Өйткени жер өз-өзинен зүрәәт береди: дәслеп көк шығып, соңынан масақ, ал оннан соң масақ ишинде дән өнеди.
29
Ал егин писип жетилискенде, сол адам дәрриў орыўға кириседи, себеби орыў мәҳәли келди, – деди.
30
Ийса тағы былай деди: – Қудайдың Патшалығын неге уқсатайық? Оны қандай тымсал менен түсиндириўге болады?
31
Ол қышқыл туқымына уқсайды. Жерге себилгенде, бул туқым жер жүзиндеги барлық туқымлардың ең кишиси болады.
32
Бирақ ол себилгеннен соң өсип, шақалары жайылып, барлық шөплерден үлкен болады ҳәм оған аспан қуслары ушып келип, саялы шақаларына уя салады.
33
Ийса усындай көп тымсаллар менен халыққа түсине алғанынша сөз айтты.
34
Оларға тымсалсыз ҳеш нәрсе айтпады, ал шәкиртлерине аўлақта ҳәммесин түсиндирди.
35
Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине: – Көлдиң арғы жағасына өтейик, – деди.
36
Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди.
37
Сонда күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады.
38
Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып: – Устаз! Бизлер өлетуғын болдық-ғо, сонда да Саған бәри бир ме? – деди.
39
Ийса турды да, самалға тыйым салып, толқынға: – Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды. Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады.
40
Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди.
41
Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине: – Самалды да, толқынды да Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16