bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Mark 14
Mark 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 15 →
1
Қутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип өлтириўдиң жолын излестирди.
2
Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
3
Ийса Бетанияда, бурын тери кеселлиги менен аўырған Шимонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста жүдә қымбатлы, сап нардтан алынған әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды.
4
Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине: – Бундай ысырапкершиликтиң не кереги бар?
5
Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болатуғын еди, – десип, ҳаялды айыплай баслады.
6
Бирақ Ийса: – Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге қысындырып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи.
7
Өйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман.
8
Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады.
9
Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
10
Соңынан он еки шәкирттиң бири болған Яҳуда Исқариот Ийсаны услап бериў ушын бас руўханийлерге барды.
11
Олар буны еситип, қуўанысып қалды ҳәм оған гүмис теңге бериўди ўәде етти. Яҳуда да Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
12
Ашытқысыз нан байрамының биринши күни Қутқарылыў байрамының қозысы шалынғанда, шәкиртлери Ийсаға: – Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын, бизлердиң қай жерге барып таярлық көриўимизди қәлейсең? – деди.
13
Ол шәкиртлериниң екеўин жиберип, оларға: – Қалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў көтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер.
14
Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлмем қәне?“ – деп сорап атыр», деңлер.
15
Ол сизлерге төсеклер төселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Бизлерге сол жерде байрам асын таярлаңлар, – деди.
16
Шәкиртлери шығып, қалаға келди ҳәм Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады.
17
Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди.
18
Олар аўқатланып отырғанда, Ийса: – Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
19
Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады.
20
Ийса оларға жуўап берип: – Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол.
21
Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
22
Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди.
23
Соң кесени алып, Қудайға шүкирлик билдирди де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти.
24
Оларға: – Бул – көп адамлар ушын төгилетуғын, жаңа келисимди бекитетуғын Мениң қаным.
25
Сизлерге шынын айтып турман: Қудайдың Патшалығында жаңасын ишетуғын күниме дейин, жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен, – деди.
26
Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
27
Ийса оларға: – Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды шаўып таслағанымда, Қойлар тарқап кетеди».
28
Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
29
Петр Оған: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди.
30
Сонда Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
31
Бирақ Петр қызып кетип: – Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Қалғанларының ҳәммеси де солай деди.
32
Олар Гетсемани деп аталатуғын жерге келди. Ийса шәкиртлерине: – Мен дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
33
Петр, Яқып ҳәм Юханды Өзи менен бирге алып кетти. Ол қатты қәўетерленип, қыйнала баслады.
34
Оларға: – Жаным өлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди.
35
Ийса бираз шетирекке барып, жерге жығылды да, мүмкин болса бул сааттың Өзинен шетлеп өтиўин сорап, дуўа ете баслады.
36
– Әке, Әкежаным! Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен аўлақ қыл. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деди.
37
Ийса шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын көрди де, Петрге: – Шимон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба?
38
Сергек болыңлар! Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер. Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
39
Ол және барып, сол сөзлерин айтып, дуўа етти.
40
Қайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын көрди. Өйткени көзлерин уйқы басқан еди. Олар Ийсаға не деп жуўап берерин билмеди.
41
Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи.
42
Турыңлар, кеттик. Қараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
43
Тап сол ўақытта, Ийса еле сөйлеп турғанда, он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар жиберген бир топар адамлар бар еди. Адамлар қолларына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди.
44
Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи. Оны услап, абайлап алып кетиңлер», – деген еди.
45
Яҳуда келди де, дәрриў Ийсаға жақынласып, Оған: – Устаз! – деп, Оны сүйди.
46
Ал адамлар Ийсаға тәп берип, услап алды.
47
Бирақ Ийсаның қасында турғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бир силтеп, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады.
48
Сонда Ийса оларға: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме?
49
Мен ҳәр күни сизлер менен Ибадатханада бирге болып, тәлим бергенимде, Мени усламадыңлар. Бирақ, Мухаддес Жазыўлар орынланыўы шәрт, – деди.
50
Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
51
Денесине зығыр таўар ораған бир жас жигит Оның изине ерип баратыр еди. Олар оны услап алғанда,
52
ол оранған таўарын таслап, ишки кийим менен қашып кетти.
53
Олар Ийсаны бас руўханийге апарды. Ол жерге ҳәмме бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер жыйналды.
54
Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисиниң ишине дейин узақтан ерип келип, ҳәўлиде сақшылар менен бирге отқа жылынып отырды.
55
Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады.
56
Себеби көп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди.
57
Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип:
58
– Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслайман ҳәм үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди.
59
Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди.
60
Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
61
Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және: – Алғысланғанның Улы – Масийх Сенбисең? – деп сорады.
62
Ийса: – Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Қүдиретлиниң оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын көресизлер, – деди.
63
Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып: – Енди бизлерге гүўалардың не кереги бар?
64
Қудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди. Олардың ҳәммеси Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти.
65
Гейбиреўлер Оған түкире баслады ҳәм бетин байлап, Оны мушлап урды да, Оған: – Қәнекей, ўәлийлик ет, – дести. Сақшылар да Оны шапалақ пенен урды.
66
Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди.
67
Ол отқа жылынып отырған Петрди көрип, оған тигилип қарады да: – Сен де сол насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
68
Бирақ Петр танып: – Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти.
69
Шоры қыз оны көрип, сол жердегилерге және: – Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады.
70
Бирақ Петр және танды. Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге: – Ырасында да, сен солардың бирисең, өйткени галилалысаң-ғо, – деди.
71
Ол: – Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, алдасам нәлет жаўсын, – деп ант ишти.
72
Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның өзине: «Қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи есине түсип, жылап жиберди.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16