bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Corinthians 1
1 Corinthians 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 2 →
1
Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Состенистен,
2
Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине сәлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масийхтың атын ҳәмме жерде айтып шақырыўшылардың ҳәммеси менен бирге Масийх Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳәм мухаддеслер деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масийх – олардың да, бизлердиң де Ийемиз.
3
Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
4
Қудайдың Масийх Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен.
5
Өйткени сизлер Масийх пенен қатнас жасағанлықтан, ҳәр тәреплеме бай болдыңлар. Әсиресе Қудайдың сөзин айтыўда шешен ҳәм ҳәр қыйлы билимге ийе болдыңлар.
6
Бизлердиң Масийх Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң өмириңизде усылай тастыйықланды.
7
Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан кемшилик көрмей, Ийемиз Ийса Масийхтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер.
8
Ол келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Қудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады.
9
Сизлерди Өз Улы Ийемиз Ийса Масийх пенен қатнаста болыўға шақырған Қудай – садық.
10
Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен ескертемен: ҳәммеңиз аўызбиршиликли болыңлар. Араңызда бөлиниў болмай, бир ой ҳәм бир мақсет пенен бирлесиңлер.
11
Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим.
12
Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполлосқа тийислимен», «Мен Кифаға тийислимен» ямаса «Мен Масийхқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз.
13
Масийх бөлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған ба едиңиз?
14
Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Қудайға шүкирлик етемен.
15
Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды.
16
Ырас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа және кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман.
17
Масийх мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жәриялаў ушын жиберди. Масийхтың атанақ ағаштағы өлими әҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды шешенлик пенен жәрияламадым.
18
Масийхтың атанақ ағашы ҳаққында сөзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Қудайдың қүдирети.
19
Өйткени Мухаддес Жазыўда Қудай былай деген: «Даналардың даналығын жоқ етемен, Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман».
20
Олай болса, дана адам қәне? Алым қәне? Ҳәзирги заманның ойшылы қәне? Қудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма?
21
Себеби дүньяның өз ақыл-даналығы менен Қудайды билмеўи Қудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Қудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул көрди.
22
Яҳудийлер кәраматлы белгилер көрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди.
23
Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масийх ҳаққында жәриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып көринеди.
24
Қудай тәрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масийх – Қудайдың қүдирети ҳәм Оның даналығы.
25
Өйткени Қудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Қудайдың «ҳәлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек.
26
Туўысқанларым, Қудай тәрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип көриңлер. Адамның көз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да көп емес еди.
27
Бирақ, Қудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳәлсиз деп санаған адамларды таңлады.
28
Ол және де, дүнья әҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы төмен, пәс ҳәм әҳмийетсиз деп санағанларды таңлады.
29
Қудай буны Өзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи.
30
Бирақ, сизлер өмириңиздиң тийкары болған Қудай себепли, Масийх Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масийх бизлер ушын Қудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳәм гүналарымыз ушын төлем төлеп қутқарды.
31
Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Жаратқан Ийе менен мақтансын».
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16