bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Corinthians 14
1 Corinthians 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 15 →
1
Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳәм руўхый сыйларды, әсиресе пайғамбаршылық айтыў сыйын алыўға тырысыңлар.
2
Себеби руўхый тилде сөйлеген адам адамларға емес, ал Қудайға сөйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады.
3
Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳәм руўхландырыў ушын сөйлейди.
4
Руўхый тилде сөйлеген адам өзин өзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жәмәәтин беккемлейди.
5
Мен сизлердиң ҳәммеңиздиң руўхый тиллерде сөйлеўиңизди қәлеймен. Бирақ оннан гөре, пайғамбаршылық айтыўыңызды көбирек қәлеймен. Руўхый тиллер исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы руўхый тиллерде сөйлеген адамнан артығырақ.
6
Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып руўхый тиллерде сөйлесем, бирақ сизлерге я Қудайдың аянын, я пайғамбаршылық сөзин түсиндирмесем, я билим я тәлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди?
7
Сырнай ямаса арфа сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нәрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса арфаның не шерткенин ким түсинеди?
8
Егер кәрнай урыстың басланғанын жәриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады?
9
Сол сыяқлы, сизлер де руўхый тилде сөйлеп, түсиниксиз сөзлерди айтсаңыз, сөйлеген сөзиңизди ким түсинеди? Сизлер қуры далаға сөйлегендей боласызлар!
10
Дүньяда түрли-түрли тиллер бар ҳәм олардың ҳәр бир сөзи өз мәнисине ийе.
11
Деген менен, егер мен өзиме айтылған сөзди түсинбесем, сөйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сөйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады.
12
Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жәмәәтин беккемлейтуғын сыйларды көбирек алыўға тырысыңлар.
13
Сонлықтан ким де ким руўхый тилде сөйлейтуғын болса, ол өзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин.
14
Өйткени мен руўхый тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен.
15
Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек.
16
Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди?
17
Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды.
18
Қудайға шүкир, мен ҳәммеңизден гөре, руўхый тиллерде көбирек сөйлеймен.
19
Деген менен, исениўшилер жәмәәтинде руўхый тилде он мың сөз айтқанымнан гөре, басқаларға тәлим бериўим ушын түсиникли бес сөз айтқаным абзалырақ.
20
Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гөдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар.
21
Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Жат тиллерде сөйлегенлер арқалы, Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сөйлеймен. Олар сонда да Мени тыңламайды“».
22
Солай етип, руўхый тиллерде сөйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады.
23
Егер пүткил исениўшилер жәмәәти бир жерге жыйналып, ҳәммеси бирликте руўхый тиллерде сөйлесе, бул руўхый сыйға ийе емес ямаса исениўши емес адамлар сол жерге келсе: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме?
24
Бирақ, ҳәмме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам сол жерге келсе, еситкен ҳәр бир сөзи оның гүнакар екенлигин ашып береди ҳәм ҳүким етеди.
25
Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нәрселер ашылып қалады ҳәм ол жерге жығылып: «Қудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Қудайға сыйынады.
26
Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тәлим бересиз, бириңиз Қудай берген аянды билдиресиз, бириңиз руўхый тилде сөйлейсиз ҳәм және бириңиз руўхый тилди түсиндиресиз. Булардың ҳәммеси исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын исленсин.
27
Руўхый тилде сөйлегениңизде, еки ямаса ең көп дегенде үш адам сөйлесин, бирақ олар гезек пенен сөйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин.
28
Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, руўхый тилде сөйлейтуғын адам жәмәәтте үндемесин, ал өзи жалғыз қалғанда өзи ушын Қудайға сөйлесин.
29
Пайғамбаршылық айтыўшылардың да екеўи ямаса үшеўи сөйлесин, ал басқалар олардың айтқан сөзлерин тексерип көрсин.
30
Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Қудайдан аян берилсе, сөйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын.
31
Жәмәәттеги ҳәр бир адамды үйретип, ҳәр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳәммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады.
32
Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тәрепинен басқарылады.
33
Себеби Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы. Барлық мухаддеслердиң жәмәәтлеринде болғаны сыяқлы,
34
сизлердиң жәмәәтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сөйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек.
35
Егер олар бир нәрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Өйткени ҳаялдың жәмәәт жыйналысында сөйлегени уят болады.
36
Қудайдың сөзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма?
37
Егер ким де ким өзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сөзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин.
38
Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның өзи де қабыл алынбайды.
39
Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Руўхый тиллерде сөйлеўге тосқынлық жасамаңлар.
40
Бирақ, ҳәммеси де әдеп ҳәм тәртип пенен исленсин.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16