bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Corinthians 2
1 Corinthians 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 3 →
1
Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Қудайдың сырын жәриялағанымда, шешен сөзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым.
2
Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масийхқа ҳәм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим.
3
Мен сизлерге ҳәлсизлик ҳәм қорқыныш пенен қалтырап бардым.
4
Сөйлеген сөзим ҳәм айтқан ўазым исендириўши даналыққа емес, ал Мухаддес Руўхтың Өз қүдирети менен көрсеткен дәлилине тийкарланған еди.
5
Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Қудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди.
6
Деген менен, бизлер руўхый жетилискен адамлар арасында дана сөзлер сөйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳәм оның өткинши ҳүкимдарларының даналығы емес.
7
Бизлер Қудайдың жасырын ҳәм сырлы болған даналығы ҳаққында сөз етип атырмыз. Қудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди.
8
Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди.
9
Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Көз көрип, қулақ еситпеген, Адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди, Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты».
10
Бирақ, Қудай буны бизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Өйткени Мухаддес Руўх ҳәмме нәрсени, ҳәтте, Қудайдың терең ой-пикирлерин де биледи.
11
Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Қудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды.
12
Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еткенбиз.
13
Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сөзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сөзлер менен сөйлеймиз. Яғный, руўхый нәрселерди руўхый сөзлер менен түсиндиремиз.
14
Өз тәбияты бойынша жасайтуғын адам Қудайдың Руўхы беретуғын нәрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жәрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды.
15
Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тәрепинен берилген ҳәмме нәрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды.
16
«Жаратқан Ийениң ой-пикирлерин ким биле алады? Ким Оған мәсләҳәтши болған?» Бирақ, бизлер Масийхтың ақыл-ойына ийемиз.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16