bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Corinthians 3
1 Corinthians 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 4 →
1
Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сөйлегендей сөйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тәбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масийх пенен болған қатнаста еле гөдеклик дәрежесинде болғанларға сөйлегендей сөйледим.
2
Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Өйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге әззилик қылатуғын едиңлер. Ҳәтте, ҳәзир де оны жеўге әззилик қыласызлар.
3
Себеби сизлер еле де гүнакар тәбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳәм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тәбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды көрсетпей ме?
4
Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполлосқа тийислимен» десеңиз, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма?
5
Олай болса, Аполлос ким? Павел ким? Аполлос ҳәм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Қудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳәр биримизге хызмет тапсырған.
6
Туқымды мен ектим, Аполлос суўғарды. Бирақ, егинди Қудай өсирди.
7
Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да әҳмийетли емес, ал егинди өсирген Қудай әҳмийетли.
8
Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳәр бири өз мийнетиниң ҳақысын алады.
9
Бизлер Қудай менен бирге мийнет етемиз. Ал сизлер – Қудайдың атызы ҳәм имаратысызлар.
10
Қудайдың өзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳәр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын.
11
Өйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масийхтан басқа бир тийкар сала алмайды.
12
Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, қамыстан ямаса сабаннан имарат салады.
13
Деген менен, ҳәр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳәр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди.
14
Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады.
15
Ал шыдамай жанып кетсе, зыян көреди. Оның өзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады.
16
Өзлериңиздиң Қудайдың ибадатханасы екениңизди ҳәм Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме?
17
Егер ким де ким Қудайдың ибадатханасын бузса, оны Қудай урады. Өйткени Қудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳәм сол ибадатхана сизлерсиз.
18
Ҳеш бир адам өзин өзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз өзин бул дүньяның көз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Қудай нәзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның көз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын.
19
Себеби бул дүньяның даналығы Қудай нәзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды өзлериниң мәккарлығы арқалы қолға түсиреди».
20
Және де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Жаратқан Ийе биледи», – деп жазылған.
21
Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Өйткени ҳәммеси сизлерге тийисли:
22
Павел де, Аполлос та, Кифа да, дүнья да, өмир ҳәм өлим де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, ҳәммеси сизлерге тийисли.
23
Сизлер Масийхқа тийислисиз, ал Масийх Қудайға тийисли.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16