bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Corinthians 8
1 Corinthians 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 9 →
1
Енди бутларға берилген қурбанлықтың гөшине тоқтайық. Дурыс, ҳәммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди.
2
Адам бир нәрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нәрсени билмегени болады.
3
Бирақ, Қудайды сүйген адамды Қудай биледи.
4
Ал, бутларға берилген қурбанлық гөшин жеўге келсек, негизинде буттың дүньяда ҳеш қандай әҳмийетке ийе емес екенин ҳәм тек ғана жалғыз Қудай бар екенин билемиз.
5
Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, көп «қудайлар» ҳәм «ийелер» бар деп есаплайды.
6
Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Қудай Әкемиз бар. Ол ҳәмме нәрсениң тийкары ҳәм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Және де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масийх бар. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз.
7
Деген менен, исениўшилердиң ҳәммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гөшти жегенде, өзлериниң бурынғы бутпаразлық әдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гөши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, өзлерин ипласландық деп ойлайды.
8
Аўқат бизлерди Қудайға жақынластырмайды, Жемесек те, ҳеш нәрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нәрсе арттырмаймыз.
9
Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳәлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын.
10
Егер исеними ҳәлсиз болған адам билимге ийе болған сениң бутханада аўқат жеп отырғаныңды көрсе, онда да бутларға берилген қурбанлықтың гөшин жеўге қәлеў туўылмай ма?
11
Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳәлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масийх ол ушын да қурбан болған.
12
Сизлер усы тәризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳәм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масийхқа қарсы гүна ислеген боласызлар.
13
Сонлықтан мениң жеп атырған нәрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гөш жемеймен.
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16