bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Joshua 11
Joshua 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 12 →
1
Болып өткен ўақыялар ҳаққында Хасор патшасы Ябин еситкенде, Мадон патшасы Иобабқа, Шимрон ҳәм Ахшаф патшаларына,
2
арқадағы таўлы үлкелердеги, Киннерет көлиниң қубласындағы тегисликлердеги, батыстағы таў етеклериндеги ҳәм батыстағы Дор төбешиклериндеги патшаларға,
3
шығыс ҳәм батыс үлкелердеги қананлыларға, таўлы үлкедеги амор, хет, периз ҳәм ебус халықларына, Хермон таўының етегиндеги Миспа үлкесинде жасайтуғын хиўлерге хабар жиберди.
4
Бул патшалар пүткил ләшкерлери, яғный теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз әскерлери, жүдә көп ат ҳәм урыс арбалары менен жолға шықты.
5
Усы барлық патшалар израиллыларға қарсы урысыў ушын бирлесип, Мером суўлары жағасына келди де, ҳәммеси бирге орда қурды.
6
Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Олардан қорқпа. Ертең усындай ўақытта олардың ҳәммесин өлимге тапсырып, Израилға тәслим етемен. Сен олардың атларының тирсеклерин кесип, саўаш арбаларын отқа жандырып жибер.
7
Солай етип, Ешуа пүткил әскерлери менен бирге Мером суўлары жағасындағы патшаларға тосаттан ҳүжим жасады.
8
Жаратқан Ийе оларды израиллыларға тәслим етти. Израиллылар оларды жеңилиске ушыратты ҳәм қашқанларды уллы Сидонға, Мисрефот-Майымға ҳәм шығыстағы Миспе ойпатлығына шекем қуўып барып, оларды өлтирди. Олар ҳеш кимди аман қалдырмады.
9
Ешуа Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай иследи: олардың атларының тирсеклерин кести ҳәм саўаш арбаларын отқа жандырып жиберди.
10
Буннан соң, Ешуа изге қайтты ҳәм Хасор қаласын қолға киргизип, оның патшасын қылыштан өткерди. Себеби Хасор бурын усы барлық патшалықлардың басы еди.
11
Израиллылар қаладағы барлық адамларды қылыштан өткизип, оларды қырып таслады. Олар бирде бир тири жан қалдырмады. Кейин Ешуа Хасор қаласын жағып жиберди.
12
Солай етип, Ешуа бул қалаларды ҳәм олардың патшаларын қолға түсирди ҳәм Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның буйырғанындай, ҳәммесин қылыштан өткизип, қырып таслады.
13
Израиллылар Ешуаның жағып жиберген қаласы Хасордан басқа, төбешиклерде қурылған қалалардың ҳеш бирине от бермеди.
14
Олар бул қалалардағы ҳәмме нәрсени ҳәм малларды олжа қылды, ал адамларының ҳәммесин қылыштан өткизди. Олар бирде бир тири жан қалдырмады.
15
Жаратқан Ийениң қулы Муўса Жаратқан Ийеден алған буйрықларын Ешуаға тапсырған еди. Ешуа оларды тыңлап, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанларының ҳәммесин толық орынлады.
16
Солай етип, Ешуа усы пүткил елди: таўлы жерлерди, пүткил Негеб ҳәм Гошен жерлерин, батыстағы таў етеклерин, Иордан тегислигин ҳәм Израил таўлары менен олардың етеклерин,
17
Сеирге жақын Халақ таўынан баслап, Хермон таўының жанындағы Лебанон ойпатлығындағы Баал-Гадқа дейинги жерлерди басып алды. Ал олардың патшаларын қолға алып, өлтирди.
18
Ешуа бул патшалар менен узақ ўақыт урысып келген еди.
19
Гибонда жасайтуғын хиўлерден басқа ҳеш бир қала халқы израиллылар менен парахатшылық келисимин дүзген жоқ. Израиллылар басқа қалалардың ҳәммесин урыс пенен алды.
20
Өйткени Израилға қарсы урысыў ушын олардың жүреклерин қатал қылған Жаратқан Ийениң Өзи еди. Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, израиллылар оларды аяўсыз өлтирип, толық қырып таслады.
21
Сол ўақытта Ешуа барып, таўлы Хебронда, Дебирде ҳәм Анабта, Яҳуда ҳәм Израилдың барлық таўлы үлкелеринде жасайтуғын анақ халқын қалалары менен қоса пүткиллей қырып таслады.
22
Израиллылардың елинде анақлардан бирде бир адам аман қалмады. Тек Газа, Гат ҳәм Ашдодта аман қалғанлар болды.
23
Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқанындай, Ешуа пүткил елди қолға киргизди ҳәм оны Израил урыўлары арасында мүлик қылып бөлистирди. Солай етип, урыс тоқтап, ел тынышлыққа еристи.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24