bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Joshua 14
Joshua 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 15 →
1
Израиллылардың Қананда мүлик етип алған жерлерине келсек, бул жерлер руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларының тийре басшылары тәрепинен израиллыларға бөлип берилди.
2
Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, үлеслер тоғыз урыў менен бир урыўдың ярымына шек таслаў жолы менен бөлистирилди.
3
Себеби Муўса қалған еки урыў менен бир урыўдың ярымының үлеслерин Иордан дәрьясының шығыс тәрепинде берген еди. Бирақ олар менен бирге лебийлилерге мүликтен үлес берилмеген еди.
4
Юсуптиң улларынан Менашше ҳәм Эфрайым деген еки урыў келип шықты. Сонлықтан лебийлилерге жерден үлес берилмей, тек жасаў ушын қалалар ҳәм мал-мүликлери ушын сол қалалар әтирапындағы жайлаўлар ғана берилди.
5
Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғаны бойынша ис тутып, жерлерди бөлисип алды.
6
Бир күни Яҳуда урыўынан болған адамлар Гилгалда болып атырған Ешуаға келди. Сонда Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калеб Ешуаға былай деди: – Жаратқан Ийениң Қадеш-Барнияда Қудайдың адамы болған Муўсаға сен ҳәм мен туўралы нелерди айтқанынан өзиңниң хабарың бар.
7
Жаратқан Ийениң қулы Муўса елди көзден өткизип келиў ушын мени Қадеш-Барниядан жибергенинде, мен қырық жаста едим. Мен көргенлеримди ҳақ кеўлим менен жеткизип келдим.
8
Деген менен, мениң менен бирге барған туўысқанларым халықтың жүрегине қорқыныш салды. Бирақ мен Қудайым Жаратқан Ийеге толық бойсындым.
9
Сонлықтан Муўса сол күни: «Сен Қудайым Жаратқан Ийеге толық бойсынғаның ушын, аяғың тийген жерлер саған ҳәм сениң урпақларыңа мәңгиге мүлик етип бериледи», – деп ант ишкен еди.
10
Сол ўақытта израиллылар шөлде жүрген еди. Жаратқан Ийениң Муўсаға бул сөзлерди айтқанына қырық бес жыл болды. Минекей, Жаратқан Ийе Өз сөзиниң үстинен шығып, маған өмир берди. Ҳәзир мен сексен бес жастаман.
11
Муўса мени жиберген күнде қандай күшли болған болсам, бүгин де сондайман. Сол ўақыттағыдай, урысқа шығыўға еле де күшим жетеди.
12
Енди Жаратқан Ийениң сол күни айтқанындай, бул таўлы елди маған бер. Ол жерде анақ халқының жасайтуғынын, олардың үлкен ҳәм беккем етип қорғалған қалаларының барлығын сол күни өзиң де еситкен едиң. Мүмкин, Жаратқан Ийе маған жәрдем етер ҳәм мен Оның айтқанындай, оларды сол жерден қуўып шығарарман.
13
Сонда Ешуа Ефунне улы Калебке ақ пәтиясын берди ҳәм Хебронды оған мүлик қылып берди.
14
Солай етип, Хеброн Кениз тийресинен болған Ефунне улы Калебтиң мүлки болды ҳәм бүгинги күнге дейин бул жер оған тийисли. Өйткени ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге толық бойсынған еди.
15
Хебронның ески аты Кирят-Арба болып, Арба анақлардың ең уллы адамы еди. Солай етип, урыс тоқтап, ел тынышлыққа еристи.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24