bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Joshua 21
Joshua 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 22 →
1
Лебий урыўының тийре басшылары руўханий Элазар, Нун улы Ешуа ҳәм Израил урыўларының тийре басшыларына барды.
2
Олар Қанан жериндеги Шилода еди. Сонда лебийлилер оларға: – Жаратқан Ийе Муўса арқалы бизлерге жасаў ушын қалалар, малларымыз ушын қала әтирапындағы жайлаўлар берилиўин буйырған еди, – деди.
3
Солай етип, израиллылар Жаратқан Ийениң буйрығына қулақ асып, лебийлилерге өз үлеслеринен мына қалаларды ҳәм олардың әтирапындағы жайлаў жерлерди берди:
4
Биринши шек Қоҳат тийрелерине түсти. Лебийли болған руўханий Харонның урпақларына шек бойынша Яҳуда, Шимон ҳәм Бенямин урыўларынан он үш қала берилди.
5
Ал Қоҳаттың басқа урпақларына шек бойынша Эфрайым, Дан ҳәм Менашше урыўының ярымына тийисли болған тийрелерден алынған он қала берилди.
6
Гершон урпақларына шек бойынша Иссахар, Ашер, Нафталий урыўларына тийисли болған тийрелерден ҳәм Башандағы Менашше урыўының ярымынан алынған он үш қала берилди.
7
Тийре санына қарай, Мерарий урпақларына Рубен, Гад ҳәм Зебулон урыўларынан алынған он еки қала берилди.
8
Солай етип, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, израиллылар шек таслап, усы қалаларды жайлаўлары менен бирликте лебийлилерге берди.
9
Яҳуда ҳәм Шимон урыўларынан алынған ҳәм төменде атлары аталатуғын қалалар
10
лебийли Қоҳат тийрелеринен болған Харонның урпақларына берилди. Себеби биринши шек оларға түскен еди.
11
Оларға Яҳуданың таўлы үлкесиндеги Анақтың урпақларының түп бабасы болған Арбаның аты менен аталған Кирят-Арба, яғный Хеброн ҳәм оның әтирапындағы жайлаўлар берилди.
12
Ал қаланың атызлары менен аўыллары болса, Ефунне улы Калебке мүлик етип берилген еди.
13
Руўханий Харонның урпақларына абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Хеброн қаласын, Либнаны,
14
Яттир, Эштемоа,
15
Холон, Дебир,
16
Айын, Ютта ҳәм Бейт-Шемеш қалалары менен олардың жайлаўлары, яғный Яҳуда ҳәм Шимон урыўларынан барлығы болып тоғыз қала берилди.
17
Ал Бенямин урыўынан Гибон, Геба,
18
Анатот ҳәм Алмон деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди.
19
Солай етип, Харон урпағынан шыққан руўханийлерге жайлаўлары менен бирликте берилген қалалардың саны барлығы болып он үшке жетти.
20
Лебий урыўының Қоҳат тийрелериниң қалған адамларына Эфрайым урыўынан мына қалалар үлес етип берилди:
21
Эфрайымның таўлы үлкесиндеги абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Шехем қаласы ҳәм Гезер,
22
Кибсайым, Бейт-Хорон деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди.
23
Ал Дан урыўынан Элтеке, Гиббетон,
24
Айялон ҳәм Гат-Риммон деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди.
25
Менашше урыўының ярымынан жайлаўлары менен бирликте Таанах ҳәм Гат-Риммон деген еки қала берилди.
26
Солай етип, Қоҳаттың қалған урпақларына жайлаўлары менен бирликте барлығы болып он қала берилди.
27
Лебий урыўынан болған Гершонның урпақларына Менашше урыўының ярымына тийисли болған еки қала: Башандағы абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Голан қаласы ҳәм Беештера қаласы жайлаўлары менен бирликте берилди.
28
Иссахар урыўынан болса, жайлаўлары менен бирликте Кишйон, Даберат,
29
Ярмут ҳәм Эн-Ганним деген төрт қала берилди.
30
Ашер урыўынан жайлаўлары менен бирликте Мишал, Абдон,
31
Хелқат ҳәм Рехоб деген төрт қала берилди.
32
Нафталий урыўынан үш қала жайлаўлары менен бирликте берилди: олар Хаммот-Дор, Қартан ҳәм абайсызда адам өлтиргенлер паналайтуғын Галиладағы Кедеш қаласы.
33
Тийре санына қарай, Гершонның урпақларына жайлаўлары менен бирликте барлығы болып он үш қала берилди.
34
Қалған лебийлилерге, яғный Мерарийдиң урпақларының тийрелерине Зебулон урыўынан алынған Иоқнеам, Қарта,
35
Димна ҳәм Наҳалал деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди.
36
Рубен урыўынан алынған Бесер, Яҳаса,
37
Кедемот ҳәм Мефаат деген төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди.
38
Гад урыўынан Гиладтағы паналайтуғын Рамот қаласы ҳәм Маханайым,
39
Хешбон ҳәм Язер қалалары барлығы болып төрт қала жайлаўлары менен бирликте берилди.
40
Тийре санына қарай, лебийлилердиң қалған тийрелерине, яғный Мерарийдиң урпақларына үлес етип берилген қалалардың саны барлығы болып он еки еди.
41
Израиллылардың жерлеринен лебийлилерге жайлаўлары менен бирликте барлығы болып қырық сегиз қала берилди.
42
Бул қалалардың ҳәммесиниң әтирапында жайлаўлары бар еди. Жайлаўсыз қала жоқ еди.
43
Солай етип, Жаратқан Ийе ата-бабаларына бериўге ант ишкен барлық жерлерди израиллыларға берди. Израиллылар сол жерлерди ийелеп, мәкан басты.
44
Жаратқан Ийе ата-бабаларына ант ишкениндей, оларды ҳәр тәреплеме тынышлыққа еристирди. Ҳеш бир душпаны оларға қарсы тура алмады. Жаратқан Ийе душпанларының ҳәммесин оларға тәслим етти.
45
Жаратқан Ийениң Израил халқына берген ҳеш бир ийгиликли сөзи орынланбай қалмады, ҳәммеси иске асты.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24