bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Joshua 20
Joshua 20
Karakalpak 2022
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 21 →
1
Буннан соң, Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
2
– Муўса арқалы сизлерге буйырғанымдай, израиллыларға айт, олар өзлери паналайтуғын қалаларды таңласын.
3
Егер биреў абайсызда адам өлтирип қойса, ол сол жерге қашып барсын. Сизлердиң өлген адамның өш алыўшы әмеңгеринен қашып паналайтуғын бир жериңиз болыўы керек.
4
Бул қалалардың бирине қашқан адам қала дәрўазасының қасында турып, өзиниң аўҳалын қаланың ақсақалларына билдирсин. Ақсақаллар оны қаласына қабыл етип, оған жасайтуғын орын берсин.
5
Адам өлтирген адамның изинен өш алыўшы әмеңгери қуўып келсе, қаланың басшылары оны өш алыўшы адамға тапсырып жибермесин. Себеби ол абайсызда адам өлтирди ҳәм онда өлтирген адамына деген алдын ала ҳеш қандай қаслық болмаған.
6
Адам өлтирген адам қаладағы жәмийетшилик алдында ҳүким етилмегенше ҳәм сол ўақытта хызмет еткен бас руўханий өлгенге дейин, сол қалада қалыўы керек. Соңынан ол өзи қашып шыққан қаласына, өз үйине қайтсын.
7
Солай етип, олар Нафталийдиң таўлы үлкесиндеги, яғный Галиладағы Кедешти, Эфрайымның таўлы үлкесинде болған Шехемди ҳәм Яҳуданың таўлы үлкесиндеги Кирят-Арбаны, яғный Хебронды таңлады.
8
Және де, Иордан дәрьясының арғы жағындағы, Ерихоның шығысындағы мына қалаларды таңлады: олар Рубен урыўына тийисли тегисликтеги шөлде жайласқан Бесер қаласы, Гад урыўының жерлери ишиндеги Гиладтағы Рамот, Менашше урыўының жерлери ишиндеги Башандағы Голан еди.
9
Бул қалалар израиллылар ҳәм олар арасында жасайтуғын келгинди адамлар ушын ажыратылды. Егер олардың биреўи абайсызда адам өлтирип қойса, өш алыўшы әмеңгердиң қолынан өлим көрмеў ушын, сол қалаларға қашып барады. Ол жәмийетшиликтиң алдында ҳүким етилмегенше, сол жерде қәўип-қәтерсиз болады.
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 21 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24