bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Joshua 12
Joshua 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 13 →
1
Израиллылар Иордан дәрьясының шығысын, Иордан тегислигиниң пүткил шығыс тәрепи менен Арнон дәрьясынан Хермон таўына шекем болған жерлерди қолға киргизип, мына патшаларды жеңилиске ушыратқан еди:
2
олардың бири Хешбонда жасаған аморлардың патшасы Сихон болып, оның патшалығы Арнон дәрьясының жағасындағы Ароер қаласын ҳәм сол дәрьяның ортасынан басланатуғын аммон халқының шегарасы болған Яббоқ дәрьясына дейинги жерлерди, яғный Гиладтың ярымын өз ишине алатуғын еди.
3
Иордан тегислигиниң шығыс тәрепи де оған тийисли еди. Бул жер Киннерет көлинен Иордан тегислигиндеги теңизге, яғный Өли теңизге дейин созылған жерлерди, және де, Бейт-Ешимотқа ҳәм қубладағы Писга таўының жанбаўырларына дейинги жерлерди өз ишине алатуғын еди.
4
Екиншиси Башан патшасы Ог болып, ол ең соңғы рефалардың бири еди ҳәм Аштарот пенен Эдрейде ҳүкимдарлық етти.
5
Ол Хермон таўына, Салкаға, гешурлылар менен маахалылардың шегараларына дейин созылған пүткил Башанға ҳәм Хешбон патшасы Сихонның шегарасына дейин созылған Гиладтың ярымына ҳүкимдарлық ететуғын еди.
6
Жаратқан Ийениң қулы Муўса ҳәм израиллылар усы патшаларды жеңилиске ушыратты. Сонда Жаратқан Ийениң қулы Муўса олардың жерлерин Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымына мүлик қылып берди.
7
Лебанон ойпатлығындағы Баал-Гадтан Сеирге жақын Халақ таўына шекемги Иордан дәрьясының батысындағы жерлерде жасаған патшаларды Ешуа ҳәм израиллылар жеңилиске ушыратты. Олардың жерлерин Ешуа Израил урыўларына мүлик қылып бөлип берди.
8
Яғный, Ешуа таўлы жерлерди, батыстағы таў етеклерин, Иордан тегислигин, таў жанбаўырларындағы жерлерди, шөлди ҳәм Негебти Израил урыўлары арасында мүлик қылып бөлистирди. Бул жерлерде хет, амор, қанан, периз, хиў ҳәм ебус халықлары жасайтуғын еди. Израил жеңилиске ушыратқан патшалар мыналар еди:
9
Ерихо патшасы, Бейт-Элге жақын жердеги Ай қаласының патшасы,
10
Ерусалим патшасы, Хеброн патшасы,
11
Ярмут патшасы, Лахиш патшасы,
12
Эглон патшасы, Гезер патшасы,
13
Дебир патшасы, Гедер патшасы,
14
Хорма патшасы, Арад патшасы,
15
Либна патшасы, Адуллам патшасы,
16
Маккеда патшасы, Бейт-Эл патшасы,
17
Таппуах патшасы, Хефер патшасы,
18
Афек патшасы, Лашшарон патшасы,
19
Мадон патшасы, Хасор патшасы,
20
Шимрон-Мерон патшасы, Ахшаф патшасы,
21
Таанах патшасы, Мегиддо патшасы,
22
Кедеш патшасы, Кармелдеги Иоқнеам патшасы,
23
Төбешикли Дор елиниң патшасы, Галиладағы Гойым патшасы,
24
ҳәм Тирса патшасы. Барлығы болып отыз бир патша.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24