bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Kings 11
1 Kings 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 12 →
1
Сулайман фараонның қызынан басқа моаб, аммон, эдом, хет халықларынан ҳәм сидонлылардан болған шет елли ҳаялларды сүйди.
2
Жаратқан Ийе Израил халқына усы халықлар туўралы: «Сизлердиң жүрегиңизди өзлериниң қудайларына аўдырмаўы ушын, олардан қыз алып, қыз бериспеўиңиз керек», – деген еди. Деген менен, Сулайман бул ҳаялларға сүйиспеншилик пенен байланды.
3
Сулайманның патша қызларынан болған жети жүз ҳаялы ҳәм үш жүз тоқалы бар еди. Ҳаяллары Сулайманды жолдан шығарды.
4
Қартайған шағында, олар Сулайманның жүрегин басқа қудайларға аўдырды. Сулайман жүрегин толығы менен Қудайы Жаратқан Ийеге бағышлаған әкеси Даўытқа уқсамады.
5
Ол сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға ере баслады.
6
Солай етип, Сулайман Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм өзин Жаратқан Ийеге толық бағышламады.
7
Сулайман Ерусалимниң шығысындағы бир төбеге моаб халқының жеркенишли қудайы Кемошқа ҳәм аммон халқының жеркенишли қудайы Молохқа арнап сыйыныў орнын қурды.
8
Ол өз қудайларына арнап түтетки түтетип, қурбанлықлар беретуғын шет елли ҳаялларының ҳәммеси ушын усылай иследи.
9
Жаратқан Ийениң Сулайманға ғәзеби келди. Себеби ол Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеден жүз бурған еди. Бурын Жаратқан Ийе Сулайманға еки рет көринип:
10
«Басқа қудайлардың изине ерме», – деп буйырған еди. Бирақ Сулайман Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбады.
11
Сонда Жаратқан Ийе Сулайманға былай деди: – Усылай етип, сен Мениң өзиң менен дүзген келисимиме ҳәм Мен буйырған қағыйдаларыма бойсынбағаның ушын, патшалықты сеннен тартып алып, қулларыңның бирине беремен.
12
Бирақ әкең Даўыттың ҳүрмети ушын, Мен буны сениң дәўириңде ислемеймен. Ал улыңның қолынан патшалықты тартып аламан.
13
Бирақ улыңның қолынан пүткил патшалықты тартып алмайман. Қулым Даўыттың ҳәм Өзим таңлап алған қалам Ерусалимниң ҳүрмети ушын, улыңа бир урыўды қалдыраман.
14
Солай етип, Жаратқан Ийе Эдом патшаларының нәсилинен болған эдомлы Ҳададты Сулайманға душпан қылып, оған қарсы көтерди.
15
Даўыт эдомлылар менен урыс алып барғанда, оның сәркәрдасы Иоаб өлгенлерди көмиў ушын келди ҳәм Эдомдағы еркеклердиң ҳәммесин қырып таслады.
16
Иоаб ҳәм пүткил израиллы әскерлер Эдомдағы еркек затының ҳәммесин қырып таслайман дегенше, сол жерде алты ай қалып кетти.
17
Бирақ сол ўақытта кишкене бала болған Ҳадад әкесине хызмет еткен базы эдомлылар менен бирге Мысырға қарай қашып кетти.
18
Олар Мидяннан шығып, Паранға барды ҳәм ол жерден базы паранлыларды қосып алып, Мысырға, фараонға барды. Фараон Ҳададқа үй ҳәм жер берди, оны азық-аўқат пенен тәмийинледи.
19
Ҳадад фараонның кеўлинен шықты. Фараон Ҳададты өз ҳаялының, ханбийке Тахпенестиң сиңлисине үйлендирди.
20
Тахпенестиң сиңлиси Ҳададқа Генубат атлы ул туўып берди. Тахпенес Генубатты фараонның үйинде өсирди. Ол фараонның балалары менен бирге өсти.
21
Ҳадад Мысырда жүрген ўақытта Даўыттың ҳәм оның сәркәрдасы Иоабтың өлгени туўралы еситти. Ол фараонға: – Рухсат берсеңиз, өз елиме қайтайын, – деди.
22
Фараон оған: – Өз елиме кетемен дейтуғындай, бул жерде бир нәрседен кемшилигиң бар ма? – деп сорады. Ҳадад оған жуўап берип: – Ҳасла, бирақ өтинемен, қайтыўыма рухсат бериң, – деди.
23
Қудай және бир душпанды, яғный өз ҳүкимдарынан, Соба патшасы Ҳададезерден қашқан Эляда улы Резонды Сулайманға қарсы көтерди.
24
Даўыт собалыларды қырып таслағаннан соң, Резон жанына қарақшыларды топлап, оларға басшы болған еди. Бул адамлар Дамаскке кетип, сол жерде қалған ҳәм Дамаскте ҳүкимдарлықты қолға киргизген еди.
25
Резон да Сулайманның өмири даўамында Израилға душпан болып келди. Ол Арамда патшалық етти ҳәм Ҳадад ислеген жаманлықларға қоса, ол да Израилға жаманлық ислеп келди.
26
Және, Сулайманның хызметкерлеринен бири Эфрайым урыўынан середалы Набат улы Яробам патшаға қарсы бас көтерди. Оның анасы Серуа деген бир жесир ҳаял еди.
27
Яробамның патшаға қарсы шығыўының себеби мынаў еди: Сулайман Миллоны қурдырып, әкеси Даўыттың қаласының дийўалындағы жарықларды питетти.
28
Яробам мәрт адам еди. Сулайман бул жигиттиң қәбилетли екенин көргенде, оны Юсуптиң урпақларынан алынған пүткил мәрдикаршылар үстинен бақлаўшы етип қойды.
29
Бир күни Яробам Ерусалимнен сыртқа шыққанда, шилолы пайғамбар Ахия оны жолда қарсы алды. Ахияның үстинде таза кийим бар еди. Қала сыртындағы далада олардан басқа ҳеш ким жоқ еди.
30
Ахия үстиндеги таза кийимди шешти де, оны жыртып, оны он еки бөлекке бөлди.
31
Кейин Яробамға: – Он бөлегин өзиңе ал, себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Сулайманның қолынан патшалықты тартып аламан ҳәм он урыўды саған беремен.
32
Бирақ қулым Даўыттың ҳүрмети ҳәм Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалим ушын бир урыўды оған қалдыраман.
33
Себеби Сулайман Меннен жүз бурып, сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға, моаблардың қудайы Кемошқа ҳәм аммонлардың қудайы Милкомға табынып кетти. Ол Мениң нәзеримде дурыс болған ислерди ислеп, қағыйдаларыма ҳәм нызамларыма бойсынып жасаған әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм Мениң жолларымнан жүрмеди.
34
Деген менен, буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсынып жасаған, таңлап алған қулым Даўыттың ҳүрмети ушын, пүткил патшалықты Сулайманның өзиниң қолынан тартып алмайман. Оны өмириниң ақырына шекем ҳүкимдар етип қояман.
35
Бирақ патшалықты оның улының қолынан тартып алып, он урыўды Яробам, саған беремен.
36
Ал Мениң алдымда, атымның сол жерде болыўы ушын Өзиме таңлап алған қалам Ерусалимде қулым Даўыттың шырағы мәңгиге сөнип қалмаўы ушын, Сулайманның улына бир урыўды беремен.
37
Саған келсек, Мен сени таңлап аламан, сен кеўлиң күсеген нәрселердиң ҳәммесиниң үстинен бийлик жүргизип, Израилға патша боласаң.
38
Егер сен қулым Даўыт сыяқлы айтқанларымды орынлап, қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынып жасасаң, нәзеримде туўры болған ислерди ислеп, Мениң жолларым менен жүрсең, онда Мен сениң менен бирге боламан. Даўытқа ислегеним сыяқлы, сениң ушын да беккем бир урпақ – патшалар әўладын жаратып, Израилды саған беремен.
39
Сулайманның гүнасы себепли Даўыттың урпағын жазалайман, бирақ буны мәңгиге ислемеймен».
40
Сулайман Яробамды өлтирмекши болды. Бирақ Яробам Мысырға, Мысыр патшасы Шишақтың жанына қашып кетип, Сулайманның өлимине шекем сол жерде жасады.
41
Сулайманның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер, оның даналықлары Сулайманның ислери китабында жазылған.
42
Сулайман қырық жыл даўамында пүткил Израилды Ерусалимде турып басқарды.
43
Сулайман өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм әкеси Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Рехабам патша болды.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22