bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Kings 15
1 Kings 15
Karakalpak 2022
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 16 →
1
Израил патшасы Набат улы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абиям Яҳудаға патша болды.
2
Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абиямның анасы Абшаломның қызы Мааха еди.
3
Абиям да әкесиниң бурын ислеген барлық гүналарын даўам етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге жүрегин толық бағышлаған бабасы Даўытқа уқсамады.
4
Солай болса да, Қудайы Жаратқан Ийе Даўыттың ҳүрмети ушын оған Ерусалимде бир шырақ жағып берди: өзинен кейин улын оның орнына отырғызды ҳәм Ерусалимди беккемледи.
5
Себеби хет халқынан болған Урияға ислеген исин есапқа алмағанда, Даўыт Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған ислерди ислеп, пүткил өмири бойы Оның буйрықларының ҳеш бирин орынлаўдан бас тартпаған еди.
6
Рехабам менен Яробам арасындағы саўаш Абиямның өмириниң ақырына шекем даўам етти.
7
Абиямның басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Абиям менен Яробам арасында саўаш үзликсиз даўам еткен еди.
8
Абиям өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды.
9
Израил патшасы Яробамның патшалығының жигирмаланшы жылында Аса Яҳудаға патша болды.
10
Ол Ерусалимде қырық бир жыл патшалық етти. Оның кемпир апасы Абшаломның қызы Мааха еди.
11
Аса бабасы Даўыт сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған ислерди иследи.
12
Ол сыйыныў орынларындағы бузықшылық пенен шуғылланатуғын еркеклерди қуўып жиберди ҳәм ата-бабалары ислеген барлық бутларды алып таслады.
13
Кемпир апасы Мааха Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырғаны ушын, патша Аса оннан ханбийкелик атағын тартып алды. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, Кидрон сайында жағып жиберди.
14
Ол тек сыйыныў орынларын жоқ қылмады, бирақ өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды.
15
Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм буйымларды Жаратқан Ийениң Үйине алып келди.
16
Яҳуда патшасы Аса менен Израил патшасы Бааша арасындағы саўаш олардың өмириниң ақырына шекем даўам етти.
17
Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шығып, Яҳуда патшасы Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Рама қаласының бекинисин күшейтти.
18
Сонда Аса Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм сарай қазнасындағы қалған барлық гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасына, Хезйонның ақлығы Табриммонның улы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди:
19
«Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге саўғаға гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».
20
Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Бейт-Мааха қалаларын, пүткил Нафталий жери менен бирге пүткил Киннеретти басып алды.
21
Бааша буны еситкенде, Раманың бекинисиниң қурылысын тоқтатып, Тирсаға қайтып келди.
22
Патша Аса бирде бир адамды қалдырмай, пүткил яҳудалыларды шақырды. Олар Раманың бекинисин қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Бенямин жериндеги Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.
23
Асаның басқа барлық ислери, барлық қаҳарманлықлары, барлық ислеген ислери ҳәм ол қурдырған барлық қалалар Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Ол қартайғанда аяқ аўырыўына шалынды.
24
Аса өлип, ата-бабаларына қосылғанда, бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Еҳошафат патша болды.
25
Яҳуда патшасы Асаның патшалығының екинши жылында Яробамның улы Надаб Израилға патша болды ҳәм Израилда еки жыл патшалық етти.
26
Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, әкесиниң жолы ҳәм Израилға ислеткен гүналары изинен кетти.
27
Надаб ҳәм пүткил израиллылар филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып атырғанда, Иссахар урыўынан шыққан Ахия улы Бааша тил бириктирип, Надабты Гиббетонда өлтирди.
28
Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Бааша Надабты өлтирип, оның орнына патша болды.
29
Ол тахтқа отырыўдан-ақ, Яробамның урпағын толығы менен қырып таслады. Яробамның хожалығы пүткиллей жоқ етилип, бирде бир тири жан қалмады. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы шилолы Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды.
30
Булардың ҳәммеси Яробамның өзи гүна ислеп, Израил халқына да гүна ислетип, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени себепли жүз берди.
31
Надабтың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
32
Яҳуда патшасы Аса менен Израил патшасы Бааша арасындағы саўаш олардың өмириниң ақырына дейин даўам етти.
33
Яҳуда патшасы Асаның патшалығының үшинши жылында Ахия улы Бааша пүткил Израилға патша болды ҳәм Тирсада жигирма төрт жыл патшалық етти.
34
Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол Яробамның жолын қуўып, оған уқсап гүнаға батты, Израилды да гүнаға батырды.
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 16 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22