bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Kings 17
1 Kings 17
Karakalpak 2022
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 18 →
1
Гиладтың Тишбе қаласынан болған Илияс Ахабқа: – Мен хызмет ететуғын Израилдың Қудайы, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: мен айтпағанша, келеси жыллары жаўын да жаўмайды, шық та түспейди, – деди.
2
Сол ўақытта Жаратқан Ийеден Илиясқа мынадай сөз түсти:
3
– Бул жерден кетип, шығыс тәрепке қарай жүр ҳәм Иордан дәрьясының шығысындағы Керит сайының бойына жасырын.
4
Сен сол сайдан суў ишесең, сол жерде сени бағыўды ғарғаларға буйырдым.
5
Илияс Жаратқан Ийениң сөзине бойсынып, Иордан дәрьясының шығысындағы Керит сайының бойына барды ҳәм сол жерде қалды.
6
Ғарғалар ҳәр күни азанда ҳәм кеште оған нан менен гөш әкелип турды, ол суўды сайдан ишти.
7
Бирақ бир қанша ўақыт өткеннен кейин, жерге жаўын жаўмағанлықтан, сай да қурып қалды.
8
Сол ўақытта Илиясқа Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
9
– Енди Сидонға жақын жердеги Сарафат қаласына барып, сол жерде қал. Сол жерде жасайтуғын бир жесир ҳаялға сени бағыўды буйырдым.
10
Илияс Сарафатқа кетти. Ол қала дәрўазасына жақынлағанда, сол жерде отын жыйнап жүрген бир жесир ҳаялға көзи түсти. Ол ҳаялға: – Маған ишиў ушын бир сарқум суў бересең бе? – деди.
11
Ҳаял суў әкелиў ушын кетип баратырғанда, Илияс оның изинен: – Илтимас, маған шаппаттай нан да ала кел, – деп бақырды.
12
Ҳаял оған: – Сизиң Қудайыңыз, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: жейтуғын ҳеш нәрсем жоқ. Тек ыдыстағы бир уўыс ун менен гүзеде азғантай май ғана бар. Мине, еки қысым отын теремен де, барып сол уннан улым менен өзиме бир нәрсе писиремен. Усы соңғы асымызды жеп болып, өлип кетемиз, – деди.
13
Илияс ҳаялға былай деди: – Қорқпа, барып айтқаныңды писир. Бирақ дәслеп бир кишкене шөрек жаўып, маған әкелип бер. Ал өзиң ҳәм улың ушын кейин жабасаң.
14
Себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Жаратқан Ийе жерге жаўын жибергенше, ыдыстағы ун да, гүзедеги май да таўысылмайды».
15
Ҳаял барып, Илиястың айтқанларын иследи. Ҳаял, оның хожалығы ҳәм Илияс узақ ўақыт азық-аўқаттан тарықпады.
16
Жаратқан Ийениң Илияс арқалы айтқан сөзи бойынша, ыдыстағы ун да, гүзедеги май да таўысылмады.
17
Арадан бираз ўақыт өткеннен соң, үй ийеси болған жесир ҳаялдың баласы наўқасланып қалды. Оның наўқасы жүдә аўыр болып, ақырында деми таўысылды.
18
Сонда ҳаял Илиясқа: – Қудайдың адамы, мен сизге не қылып едим? Сиз маған гүналарымды еслетиў ҳәм улымды өлтириў ушын келип пе едиңиз? – деди.
19
Илияс ҳаялға: – Балаңды маған бер, – деди де, баланы ҳаялдың қолынан алып, оны өзи жасайтуғын жоқарғы бөлмеге алып шықты ҳәм өз төсегине жатқарды.
20
Соңынан Жаратқан Ийеге жалбарынып былай деди: «Қудайым Жаратқан Ийе, неге Сен үйинен маған пана берген жесир ҳаялдың баласын өлтирип, оған жаманлық иследиң?»
21
Кейин Илияс үш рет баланың үстине өзин таслап, Жаратқан Ийеге: «Қудайым Жаратқан Ийе, бул балаға қайтадан жан бере гөр», – деп жалбарынды.
22
Жаратқан Ийе Илиястың жалбарыныўларын еситти. Баланың жаны өзине қайтып, ол тирилди.
23
Илияс баланы жоқарғы бөлмеден алып түсип, анасына берип атырып: – Қара, балаң тири, – деди.
24
Сонда ҳаял Илиясқа: – Енди билдим, сиз Қудайдың адамысыз ҳәм сиз арқалы айтқан Жаратқан Ийениң сөзи ҳақ, – деди.
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 18 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22