bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Kings 7
1 Kings 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 8 →
1
Сулайман өзи ушын да сарай қурдырып, оны он үш жылда толық тамамлады.
2
Ол қурдырған Лебанон тоғайы деп аталатуғын имараттың узынлығы жүз шығанақ, ени елиў шығанақ, бийиклиги отыз шығанақ еди. Имарат төрт қатар етип қойылған кедр өрелерден ҳәм олардың үстине қойылған кедр бөренелерден ибарат еди.
3
Өрелердиң үстине, ҳәр қатарға он бес бөренеден қойылған болып, усы қырық бес бөренениң үстине кедр тахталар төселген еди.
4
Имараттың еки тәрепиндеги айналары үш қатардан ибарат болып, олар бир-бирине қарап турған еди.
5
Барлық қапылар ҳәм олардың жақлаўлары төрт мүйешли еди. Айналар болса, үш қатар етип, бир-бирине қарама-қарсы қурылған еди.
6
Сулайман узынлығы елиў шығанақ, ени отыз шығанақ болған өрели бир айўан ислетти. Айўанның алдында өрелер қойылып, үсти бастырылған шертек бар еди.
7
Және де, тахт туратуғын, яғный ол жерде өзи отырып қазылық ететуғын Ҳүким шығарыў айўанын қурдырды. Оны еденинен төбесине шекем кедр тахталар менен қаплатты.
8
Усы айўанның арқа тәрепиндеги Сулайман жасайтуғын сарай да усы тақылетте салынған еди. Сулайман ҳаялы, фараонның қызы ушын да анық усындай бир сарай қурып берди.
9
Бул имаратлардың ҳәммеси иши ҳәм сырты тийкарынан төбесине дейин ҳәм сыртынан үлкен ҳәўлиге дейин жарғылар менен кесилип, еки тәрепи де жонылған ҳәм белгиленген өлшем бойынша таярланған сапалы таслардан салынған еди.
10
Тийкары он шығанақ ҳәм сегиз шығанақ келетуғын үлкен, сапалы таслардан қаланды.
11
Дийўалы да өлшем бойынша кесилген сапалы таслардан өрилип, дийўал ушын кедр ағашы да пайдаланылды.
12
Үлкен ҳәўлиниң айналасы жонылған тастан үш қатар ҳәм кедр бөренеден бир қатар етип, айландырып өрилген еди. Жаратқан Ийениң Үйиниң ишки ҳәўлисиниң ҳәм айўанының дийўаллары да усылай исленген еди.
13
Патша Сулайман хабар жиберип, Тирден Хирамды алдырды.
14
Оның анасы Нафталий урыўынан болған бир жесир ҳаял, ал әкеси тирли мыскер еди. Хирам қоладан зат ислеў уқыбын, шеберлигин ҳәм қәбилетин ийелеген уста еди. Ол патша Сулайманға келип, оның барлық ислерин орынлады.
15
Хирам қоладан еки өре иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги он сегиз шығанақ, ал ҳәр бириниң айнала өлшеми он еки шығанақ келетуғын еди.
16
Және де, өрелердиң үстине қойыў ушын, қоладан еки төбелик қуйып иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди.
17
Өрениң төбелигиниң ҳәр бири торға уқсатып өрилген шынжырлар менен безелди.
18
Ол өрелердиң жоқарысындағы төбеликлерди жаўып турыў ушын, ҳәр бир торды еки қатар етип айландырып, қола анарлар менен безеди.
19
Айўандағы өрелердиң төбеликлери лала гүллерге уқсатып исленип, олардың ҳәр бириниң бийиклиги төрт шығанақ еди.
20
Ҳәр бир өрениң төбесиндеги тордың жанындағы кесеге уқсаған бөлегиниң үстине айландырып, еки жүзден анар салынған еди.
21
Хирам бул өрелерди Ибадатхананың айўанына орнатып, оның қубладағысын Яхин, арқадағысын Боаз деп атады.
22
Өрелердиң төбеликлери лала гүл тақылетте еди. Солай етип, өрелерге байланыслы ислер тамам болды.
23
Хирам қоладан қуйма ҳәўиз жасады. Ол домалақ болып, оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, тереңлиги бес шығанақ, айлана узынлығы отыз шығанақ еди.
24
Ҳәўиз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип асқабаққа уқсаған нағыслар қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди.
25
Ҳәўиз он еки қуйма буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳәўиздиң астында, иште еди.
26
Ҳәўиздиң қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Ҳәўизге еки мың бат суў сыятуғын еди.
27
Хирам қоладан он түбелдирик иследи. Ҳәр бир түбелдириктиң узынлығы төрт шығанақ, ени төрт шығанақ, бийиклиги үш шығанақ еди.
28
Түбелдириклердиң дүзилиси мынадай еди: түбелдириклер жақлаўларға бекитилген төрт мүйешли қола тахталардан исленди.
29
Тахталарға, сондай-ақ жақлаўларға да арыслан, буға ҳәм керублардың сүўретлери салынды. Ал арыслан ҳәм буғалардың сүўретлериниң асты менен үстине аспа гүлшеңберлери ойып исленди.
30
Ҳәр бир түбелдириктиң қоладан исленген төрт дөңгелеги ҳәм оғы бар еди. Түбелдириктиң төрт тәрепине ләгенди услап турыў ушын қуйма тирепбердилер исленип, олардың ҳәр бир тәрепи гүлшеңберлер менен безетилген еди.
31
Түбелдириктиң үсти бетинде ләген қойыў ушын арналған дөңгелек ойық бар болып, ләген түбелдириктен жоқары қарай бир шығанақ шығып турған еди. Оның түбине дейинги тереңлиги бир ярым шығанақ еди. Ойықтың айнала дөгерегинде ойма нағыслар бар еди. Бирақ түбелдириклердиң тахталары дөңгелек емес, төрт мүйешли еди.
32
Түбелдириктиң тахталарының асты бетинде төрт дөңгелек бар болып, оның оғы түбелдирикке қатырылған еди. Ҳәр бир дөңгелектиң бийиклиги бир ярым шығанақ еди.
33
Дөңгелеклер саўаш арбаларының дөңгелеклерине уқсайтуғын еди. Оның ҳәмме нәрсеси: оқлары, тоғыны, кегейи ҳәм гүпшеги қуйма еди.
34
Ҳәр бир түбелдириктиң төрт мүйешинде түбелдирикке қатырылған төрт тирепберди бар еди.
35
Түбелдириктиң үстинде ярым шығанақ бийикликте бир домалақ ҳалқа бар еди. Түбелдириктиң тирепбердилери менен тахталары түбелдирикке бириктирип исленген еди.
36
Хирам тирепбердилер менен тахталарға сыйғанынша керублардың, арысланлардың, пальма ағашларының сүўретлерин, ал айналасына гүлшеңберлерди ойып салды.
37
Усылайынша, ол он түбелдирик иследи. Олардың ҳәммесиниң қуйылыўы да, өлшеми де, көриниси де бирдей болды.
38
Хирам он түбелдириктиң үстине қойыў ушын қоладан он ләген иследи. Ҳәр бир ләгенниң ени төрт шығанақ болып, оның ҳәр бирине қырық бат суў кететуғын еди.
39
Түбелдириктиң бесеўин Үйдиң қубла тәрепине, бесеўин арқа тәрепине қойды. Ал ҳәўизди болса, Үйдиң оң тәрепине, яғный қубла-шығысына қойды.
40
Буннан соң, Хирам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты. Солай етип, Хирам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Жаратқан Ийениң Үйи ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады:
41
еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелерин орап турған еки тор,
42
өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар,
43
он түбелдирик ҳәм түбелдирик үстине он ләген,
44
ҳәўиз ҳәм ҳәўиздиң астындағы он еки буға,
45
күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар. Хирамның патша Сулайманға Жаратқан Ийениң Үйи ушын ислеп берген ҳәмме нәрсеси жылтыратылған қоладан исленди.
46
Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Саретан арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды.
47
Буйымлар соншелли көп болғанлықтан, Сулайман олар ушын кеткен қоланың өлшемин анықламады.
48
Сулайман Жаратқан Ийениң Үйи ушын төмендеги затларды: алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды, усынылған нанлар туратуғын столды,
49
ең төрги бөлмеге кирер аўызда, оң тәрепте туратуғын бес шыра қойғыш пенен шеп тәрепте туратуғын бес шыра қойғышты, гүллерди, шыраларды ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышларды,
50
қырмаларды, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм шоқ салынатуғын ыдысларды, Ибадатхананың ең төрги бөлмесиниң, яғный Ең мухаддес бөлмениң ҳәм үлкен бөлмениң қапыларының топсаларын алтыннан ислетти.
51
Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Үйине тийисли болған ислерди тамамлағаннан соң, әкеси Даўыттың атаған гүмис, алтын ҳәм басқа затларын әкелип, Үйдиң қазнасына қойды.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22