bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Kings 6
1 Kings 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 7 →
1
Израил халқының Мысырдан шыққанына төрт жүз сексен жыл болғанда, Сулайманның Израил тахтына отырғанына төрт жыл болған еди. Ол сол жылдың екинши айында, яғный зиў айында Жаратқан Ийениң Үйиниң қурылысын баслады.
2
Патша Сулайманның Жаратқан Ийеге арнап қурған Үйиниң узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ, ал бийиклиги отыз шығанақ еди.
3
Ибадатхана имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Үй имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, ал ени он шығанақ болды.
4
Сулайман Үйге айна тәризли ойықлар ислетти.
5
Ибадатхананың сыртын, яғный үлкен бөлмениң ҳәм ең төрги бөлмениң дийўалларын айландырып, үш қабатлы қосымша бөлмелер ислетти.
6
Ең төменги қабаттың ени бес шығанақ, ортанғы қабаттың ени алты шығанақ, үшинши қабаттың ени жети шығанақ еди. Үйдиң дийўалларына ислеў бермеў ушын, бөлмелер текшеге уқсатып өрилген бөренелер арқалы Үйдиң дийўалларына бириктирилди.
7
Үйдиң қурылысы ушын пайдаланылатуғын таслар кәнниң өзинде жонып таярланды. Үй қурылып атырғанда, шөккиштиң де, балтаның да, басқа темир әсбабының да сести еситилмеди.
8
Ортадағы қосымша бөлмениң есиги Үйдиң қубла тәрепинде еди. Айланба текше арқалы ортанғы қабатқа, оннан үшинши қабатқа өтетуғын еди.
9
Сулайман Үйди қурып тамамлады. Төбесин кедр бөренелер ҳәм кедр ағашынан исленген тахталар менен бастырды.
10
Және де, ол пүткил Үйди айландырып, ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ болған қосымша бөлмелер салдырды. Олар Үй дийўалына кедр бөренелер менен бекитилди.
11
Жаратқан Ийеден Сулайманға мынадай сөз түсти:
12
– Мине, сен Үй қурып атырсаң. Егер сен Мениң қағыйдаларымды, нызам ҳәм буйрықларымды орынлап жүрсең, онда Мен әкең Даўытқа берген сөзимди сен арқалы орынлайман.
13
Мен израиллылар арасында жасап, халқым Израилды ҳеш қашан тәрк етпеймен.
14
Солай етип, Сулайман Үйди қурып питкерди.
15
Ол Үйдиң ишки дийўалын еденнен төбеге шекем кедр ағашынан исленген тахталар менен қаплады, ал еденине сәрўи ағашынан исленген тахталар төсетти.
16
Үйдиң арқа тәрепиниң ең төрин еденнен төбесине дейин кедр тахталар менен бөлдирип, узынлығы жигирма шығанақ болған бир бөлме ажыраттырды. Ол жер Ең мухаддес бөлме деп аталды.
17
Ең мухаддес бөлмениң алдындағы үлкен бөлмениң узынлығы қырық шығанақ еди.
18
Дийўалдағы таслар көринбеўи ушын Үйдиң ишин қаплап турған кедр тахталарға асқабақлар ҳәм асылып турған гүллер ойып салынды.
19
Үйдиң ишиндеги ең төрги бөлме Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қойыў ушын таярланды.
20
Бул бөлмениң узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ ҳәм бийиклиги де жигирма шығанақ еди. Сулайман усы бөлмени де, кедр ағашынан исленген түтетки түтетилетуғын орынды да сап алтын менен қаплатты.
21
Сулайман Үйдиң ишин де сап алтын менен қаплатып, алтын менен қапланған төрги бөлмениң алдына алтын менен қапланған шынжырлар тарттырды.
22
Үйдиң иши бастан-аяқ ҳәм ең төрги бөлмениң алдындағы түтетки түтетилетуғын орын алтын менен қапланды.
23
Ең төрги бөлмеге қойыў ушын зәйтүн ағашынан исленген, ҳәр бириниң бийиклиги он шығанақ болған еки керуб исленди.
24
Ҳәр қанаты бес шығанақ болған керубтың жайылған еки қанатының узынлығы он шығанақ болды.
25
Екинши керубтың да жайылған қанаты он шығанақ болып, еки керубтың өлшеми де, көриниси де бирдей еди.
26
Еки керубтың да бийиклиги он шығанақ еди.
27
Сулайман керубларды Үйдиң Ең мухаддес бөлмесиниң ортасына қойды. Керублардың жайылған қанатларының бир ушы бөлмениң дийўалларына тийип, екинши ушлары бөлмениң ортасында бир-бирине тийисип турды.
28
Сулайман керубларды да алтын менен қаплатты.
29
Үйдиң ишки ҳәм сыртқы бөлмелериниң ҳәмме дийўалларына айландырып керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырды.
30
Усы еки бөлмениң еденлерин де алтын менен қаплатты.
31
Ең төрги бөлмениң кирер аўзына зәйтүн ағашынан жақлаўы бес қырлы болған жарма қапы ислетти.
32
Ол зәйтүн ағашынан исленген жарма қапыларға керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринисин ойып салдырып, қапыларды алтын менен қаплатты. Керублар менен пальма ағашларының сүўретлерин де алтын менен қаплатты.
33
Үлкен бөлмениң кирер аўзына да зәйтүн ағашынан төрт мүйешли жақлаў ислетип,
34
жақлаўға жыйналатуғын еки жарма қапыны сәрўи ағашынан ислетти.
35
Буларға да керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырып, оларды алтын менен қаплатты.
36
Ол ишки ҳәўли қурдырып, оның дийўалларын үш қатар жонылған тастан ҳәм бир қатар кедр ағашынан ислетти.
37
Сулайман өз патшалығының төртинши жылының зиў айында Жаратқан Ийениң Үйиниң тийкарын қойған еди.
38
Ал он биринши жылдың сегизинши айы болған буўл айында Үй алдын ала белгиленгениндей етип, барлық майда-шүйдесине шекем қурып болынды. Сулайман Үйди жети жылда қурып болды.
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22