bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Kings 14
1 Kings 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 15 →
1
Сол ўақытлары Яробамның улы Абия наўқасланып қалды.
2
Сонда Яробам ҳаялына былай деди: – Тур, мениң ҳаялым екениңди билмеўи ушын, кийимлериңди өзгертип ал да, Шилоға бар. Мениң усы халықтың патшасы болатуғыным туўралы алдын ала айтқан пайғамбар Ахия сол жерде жасайды.
3
Он шөрек, бир неше қытырлақ нан ҳәм бир гүзе пал алып, оған апар. Улымызға не болатуғынын ол саған айтады.
4
Ҳаялы Яробамның айтқанындай ислеп, Шилоға, Ахияның үйине кетти. Ахия қартайғанлықтан, көзи көрмейтуғын болып қалған еди.
5
Жаратқан Ийе Ахияға: «Мине, Яробамның ҳаялы киятыр. Ол кеселге шалынған улына не болатуғынын сеннен сорамақшы. Сен оған мынадай-мынадай деп айт. Ол өзин басқа ҳаял етип көрсетиў ушын сыртқы көринисин өзгертип алған», – деди.
6
Ахия қапыдан кирип киятырған ҳаялдың аяқ сестин еситкенде былай деди: – Яробамның ҳаялы, ишке кир! Неге сыртқы көринисиңди өзгертип, басқаша кийинип алдың? Саған жаман хабарларым бар.
7
Яробамға барып, былай деп айт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен сени халқым арасынан таңлап алып, Өз халқыма, израиллыларға ҳүкимдар етип қойдым.
8
Патшалықты Даўыттың урпағынан тартып алып, саған бердим. Бирақ сен қулым Даўытқа уқсамадың. Ол буйрықларыма бойсынды ҳәм Мениң нәзеримде дурыс болған ислерди ислеп, шын жүректен Мениң изимнен жүрди.
9
Сен өзиңнен алдын жасағанлардың ҳәммесинен де бетер жаманырақ жаманлықлар иследиң. Өзиңе басқа қудайлардың, яғный тана мүсинлерин соғып алып, Мениң ғәзебимди келтирдиң. Сен Меннен жүз бурдың.
10
Сол себепли Мен сениң хожалығыңды апатшылыққа ушыратып, Израилда сениң урпағыңнан болған пүткил еркек затын: қул болса да, азат адам болса да, ҳәммесин тезектиң түйирин де қалдырмай өртегендей етип өртеп, күлин көкке суўыраман.
11
Сениң хожалығыңнан қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады». Буны Жаратқан Ийе айтты.
12
Сен енди үйиңе қайт. Қалаға аяғыңды басыўдан-ақ улың өледи.
13
Пүткил Израил халқы жоқлаў айтып, оны жерлейди. Яробамның хожалығынан жалғыз ол ғана жерленеди. Себеби Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Яробамның урпағынан жалғыз онда ғана Өзине унаған бир нәрселерди тапты.
14
Енди Жаратқан Ийе Өзи ушын Израилға бир патша қояды. Бул патша сол күни-ақ, аўа, ҳәзир-ақ Яробамның урпағын қырып таслайды.
15
Жаратқан Ийе Израил халқын жазалайды ҳәм ол суўда тербелип турған қамысқа уқсап қалады. Жаратқан Ийе оларды ата-бабаларына берген бул жақсы жерлерден қуўып шығарып, Евфрат дәрьясының арғы тәрепине шашыратып жибереди. Өйткени олар өзлерине кийели ағашларды ислеп алып, Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди.
16
Яробамның ислеген ҳәм Израилға ислеткен гүналары себепли Жаратқан Ийе Израилды тәрк етеди.
17
Яробамның ҳаялы ол жерден шығып, Тирсаға келди. Ол үйине аяқ басар-баспастан, бала қайтыс болды.
18
Пүткил израиллылар оны жерлеп, ол ушын аза тутты. Солай етип, Жаратқан Ийениң Өз қулы пайғамбар Ахия арқалы айтқан сөзи орынланды.
19
Яробамның басқа ислери, яғный, қалай урысқанлары ҳәм елди қалай басқарғаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
20
Яробам жигирма еки жыл патшалық етти. Ол өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, оның орнына улы Надаб патша болды.
21
Сулайманның улы Рехабам Яҳудаға патша болғанда қырық бир жаста еди. Рехабам Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қаласы Ерусалимде он жети жыл патшалық етти. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди.
22
Яҳудалылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Олар ата-бабалары ислеген гүналардан да үлкенирек гүналар ислеп, Жаратқан Ийениң қызғанышлы ғәзебин оятты.
23
Олар да арқа патшалық сыяқлы, өзлери ушын ҳәр бир бийик төбешикке ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астына сыйыныў орынларын ислеп, кийели таслар менен кийели ағашлар орнатты.
24
Ҳәтте, үлкедеги сыйыныў орынларында бузықшылық иси менен шуғылланатуғын еркеклер де болды. Яҳудалылар Жаратқан Ийениң бурын Израил халқының алдынан қуўған халықлары ислеген барлық жеркенишли ислерди иследи.
25
Рехабамның патшалығының бесинши жылында Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге ҳүжим жасады.
26
Ол Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди тартып алып кетти. Ол ҳәмме нәрсени, Сулайман соқтырған алтын қалқанларды да алып кетти.
27
Соңынан патша Рехабам булардың орнына қоладан қалқанлар ислетти ҳәм оларды патша сарайының кирер аўзын қорғайтуғын сақшылардың басшыларына берди.
28
Патша Жаратқан Ийениң Үйине ҳәр барғанда, сақшылар бул қалқанларды алып жүретуғын, соңынан және сақшылардың бөлмесине апарып қоятуғын еди.
29
Рехабамның басқа ислери ҳәм ол ислеген ҳәр бир нәрсе Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
30
Рехабам менен Яробам пүткил өмири даўамында урысып келди.
31
Рехабам өлип, ата-бабаларына қосылғанда, ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына қойылды. Рехабамның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди. Рехабамның орнына улы Абиям патша болды.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22