bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hebrews 1
Hebrews 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 2 →
1
Қудай әййемги заманларда пайғамбарлар арқалы көп мәртебе ҳәм ҳәр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сөйлеген еди.
2
Ал бул соңғы ўақытларда болса, Қудай бизлерге Өз Улы Ийса арқалы сөйледи. Қудай Өз Улын пүткил барлықтың мийрасхоры етип белгилеп, Ол арқалы пүткил дүньяны жаратқан еди.
3
Қудайдың Улы – Қудайдың салтанатының жарқыраған нуры болып, Ол Қудайдың тәбиятының ҳақыйқаттан қандай екенин көрсетеди. Ул Өзиниң қүдиретли сөзи менен пүткил барлықты сақлап тур. Ол Өзин қурбан етип, бизлерди гүналарымыздан тазалағаннан соң, жоқарыдағы қүдиретли Қудайдың оң жағына отырды.
4
Қудайдың Улы периштелерден қаншелли жоқары атты алған болса, Ол олардан соншелли үстин турады.
5
Өйткени Қудай периштелердиң қайсы бирине: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Әке болдым». Және де: «Мен Оған Әке боламан, Ол Маған Ул болады», – деген еди?
6
Және де, Қудай туңғыш Улын дүньяға жиберип атырып былай деген: «Мениң барлық периштелерим Оған сыйынсын».
7
Ал периштелер ҳаққында болса, Мухаддес Жазыў былай дейди: «Қудай Өз периштелерин самалдай, Хызметшилерин оттың жалынындай қылады».
8
Бирақ, Қудайдың Улы ҳаққында Мухаддес Жазыў былай дейди: «Қудай, тахтың мәңги-бақый турар, Сениң патшалық ҳасаң – әдалат ҳасасыдур.
9
Сен әдилликти сүйип, нызамсызлықты жек көрдиң. Соның ушын, Қудай, Сениң Қудайың, Досларыңнан гөре көбирек Сени, Қуўаныш майы менен майлады».
10
Және де, былай дейди: «О Ийемиз, Әўел баста жердиң тийкарын Сен салғансаң. Көклер Сениң қолларыңның дөретпеси.
11
Олар жоқ болады, ал Сен даўам етесең. Олардың ҳәммеси де кийимдей тозып қалады.
12
Оларды шапан сыяқлы орап қоясаң, Олар кийим сыяқлы өзгертиледи. Бирақ Сен өзгермейсең, Ҳеш таўысылмайды Сениң жылларың».
13
Қудай периштелердиң ҳеш бирине де: «Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр», – демеген.
14
Ақыры периштелердиң ҳәммеси қутқарылыўға ийе болатуғынларға хызмет қылыў ушын жиберилген хызметши руўхлар.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13