bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hebrews 3
Hebrews 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 4 →
1
Солай етип, бизлер менен бирге Қудай тәрепинен шақырылған, мухаддес туўысқанларым, Қудайдың елшиси ҳәм бас руўханийи, деп өзлеримиз ашық тән алған Ийса ҳаққында терең ойлаңлар!
2
Муўса Қудайдың пүткил шаңарағында Қудайға садық болғанындай, Ийса да Өзин хызметке қойған Қудайға садық болды.
3
Үйди салған салынған үйден гөре көбирек ҳүрметке ылайықлы болғаны сыяқлы, Ийса да Муўсадан гөре жоқарырақ уллылыққа ылайық табылды.
4
Ҳәр бир үйдиң қурыўшысы бар, ал Қудай пүткил барлықтың жаратыўшысы.
5
Муўса келешекте айтылатуғын сөзлер ҳаққында гүўалық бериў ушын, Қудайдың пүткил шаңарағында бир хызметкер сыпатында садық болды.
6
Бирақ, Масийх Қудайдың шаңарағын басқаратуғын Ул сыпатында садық болды. Егер өзлеримиздеги үмит себепли пайда болатуғын батырлық ҳәм қуўанышты ақырына дейин беккем сақласақ, бизлер – Оның шаңарағымыз.
7
Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер,
8
Шөлдеги сынақ ўақтында қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай, Тас қылмаңлар жүреклериңизди.
9
Олар сол жерде қырық жыл бойы ислеген ислеримди көрген болса да, Мени сынай берди.
10
Сонлықтан Мен сол әўладқа ғәзепленип былай дедим: „Олардың жүреклери бәрқулла азғырылған, Олар Мениң жолларымды билмеди“.
11
Және де, Мен қәҳәрленгенимде: „Олар Мениң тынышлық беретуғын мәканыма кирмейди“, – деп ант ишкен едим».
12
Ҳәй туўысқанларым, жүрегиңиз исенбей жаўыз болып қалып, тири Қудайдан безип кетиўден сақ болыңлар!
13
Керисинше, араңыздағы ҳеш бириңиз гүнаның алдаўына ерип, жүрегин қайсар қылмаўы ушын, ҳәр күни еле «бүгин» деп айтылып атыр екен, бир-бириңизди жигерлендирип барыңлар.
14
Өйткени егер бизлер дәслепки исенимимизди ақырына дейин беккем сақласақ, Масийхқа тийисли болған ҳәмме нәрсеге шерик боламыз.
15
Жоқарыда былай делинген еди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер, Қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай, Тас қылмаңлар жүреклериңизди».
16
Қудайдың сөзин еситсе де, Оған қарсы қозғалаң көтерген кимлер еди? Муўсаның басшылығында Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси емес пе еди?
17
Қудай кимлерге қырық жыл ашыўлы еди? Гүна ислеп, сүйеклери шөлде қалғанларға емес пе?
18
Қудай кимлерге: «Мениң тынышлық беретуғын мәканыма кирмейсизлер», – деп ант ишкен еди? Өзине бойсынбағанларға емес пе?
19
Солай етип, көрип турғанымыздай, олар исенбегенликтен сол жерге кире алмады.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13