bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hebrews 13
Hebrews 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
1
Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиўди даўам етиңлер.
2
Миймандослықты умытпаңлар. Өйткени айырымлар усылай ислеп, өзлери билмей, периштелерди қонақ қылған.
3
Қамақта болғанларды өзлериңиз олар менен бирге тутқын болғандай есте тутыңлар. Және де, азап шегип атырғанларды да өзлериңиз азап шегип атырғандай ядыңыздан шығармаңлар.
4
Ҳәммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң төсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳәм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди.
5
Ақшаны сүйиўден аўлақ болып жасаңлар. Өзлериңизде барға қанаат етиңлер. Өйткени Қудай былай деген: «Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, ҳеш қашан қалдырмайман».
6
Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз: «Жаратқан Ийе маған жәрдем береди, мен қорқпайман, Не қыла алады адамлар маған?»
7
Сизлерге Қудайдың сөзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳәм өмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен өрнек алыңлар.
8
Ийса Масийх кеше, бүгин ҳәм мәңгиликке бирдей.
9
Ҳәр түрли жат тәлиматларға берилип, азғырылмаңлар. Жүректиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Қудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Бундай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда көрмеди.
10
Бизлердиң қурбанлық орнымыз бар. Мухаддес шатырда хызмет ететуғын руўханийлердиң сол қурбанлықтан жеўге ҳақысы жоқ.
11
Бас руўханий гүна ушын қурбанлыққа берилген маллардың қанын Ең мухаддес бөлмеге апарады. Ал шалынған маллардың денеси орданың сыртында өртеп жибериледи.
12
Сол сыяқлы Ийса да Өз қаны менен адамларды мухаддес қылыў ушын, қала дәрўазасының сыртында азап шекти.
13
Олай болса, бизлер де Оның көрген хорлығын бөлисиўимиз ушын, елаттың сыртына шығып, Оған барайық.
14
Себеби бул жерде бизлердиң мәңгилик қаламыз жоқ. Бизлер келешекте аспаннан түсетуғын қаланы әрман етемиз.
15
Сонлықтан Ийса арқалы Қудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин.
16
Жақсылық ислеўди ҳәм өзлериңизде болған нәрсени басқалар менен бөлисиўди умытпаңлар. Өйткени бундай қурбанлықлар Қудайға унайды.
17
Жетекшилериңиздиң сөзлерин тыңлаңлар ҳәм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Қудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, өзлериңиз зыян көресизлер.
18
Бизлер ушын дуўа етиңлер. Бизлер өзлеримиздиң пәк ҳүжданға ийе екенимизге ҳәм ҳәр тәреплеме ҳадал өмир сүриўди қәлейтуғынымызға исенемиз.
19
Әсиресе жаныңызға тез қайтып барыўым ушын дуўа етиўиңизди өтиниш етемен.
20
Өз қанын төгип, мәңгилик келисимди бекитиўи арқалы қойлардың уллы Шопаны болған Ийемиз Ийсаны тынышлық бериўши Қудай өлимнен тирилтти.
21
Усы Қудай Оның еркин орынлаўыңыз ушын, сизлерге ҳәр бир жақсы нәрсени жеткизсин. Өзине унайтуғын нәрсени Ол Ийса Масийх арқалы бизлерде әмелге асырсын. Масийхқа мәңги-бақый даңқ болсын! Аўмийин.
22
Туўысқанларым, сизлерге өтиниш етемен, усы нәсият сөзлеримди қабыл етиңлер. Өйткени мен сизлерге қысқаша жаздым.
23
Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қәлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирге сизлерди көриўге бараман.
24
Жетекшилериңиздиң ҳәммесине ҳәм пүткил мухаддеслерге сәлем айтыңлар. Италиядан келгенлер сизлерге сәлем айтып атыр.
25
Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13