bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hebrews 5
Hebrews 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 6 →
1
Ҳәр бир бас руўханий адамлар арасынан таңлап алынады ҳәм ол Қудайға байланыслы ислерде адамлардың ўәкили болып, олардың гүналары ушын Қудайға садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады.
2
Билмей қалып жолдан адасқанларға ол мүләйимлилик пенен қатнас жасай алады. Өйткени оның өзиниң де ҳәлсиз жерлери бар.
3
Сол себептен ол тек халықтың гүналары ушын емес, ал өзиниң гүналары ушын да қурбанлық бериўи шәрт.
4
Ҳеш бир адам бас руўханий болыў мәртебесине өзлигинен ерисе алмайды. Тек Харон сыяқлы Қудай тәрепинен шақырылса ғана ерисе алады.
5
Сол сыяқлы, Масийх та бас руўханийлик мәртебесине ийе болыў ушын, Өзин Өзи уллылаған жоқ. Ал Оған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Әке болдым», – деген Қудайдың Өзи Оны усы мәртебеге еристирди.
6
Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай Оған былай деген: «Сен Мелкиседек сыяқлы, Мәңгиге руўханийсең».
7
Масийх жер жүзинде адам болып жасаған күнлерде Өзин өлимнен қутқара алатуғын күшке ийе болған Қудайға бәлент даўыс пенен пәрияд етип, көз жасларын төгип ҳәм дуўа етип жалбарынды. Ол Қудайға бойсынғанлықтан, Қудай Оны еситти.
8
Ол Қудайдың Улы болса да, шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди.
9
Масийх усы тәризде минсизликке ерисип, Өзине бойсынатуғынлардың ҳәммеси ушын мәңгилик қутқарылыўға жол ашты
10
ҳәм Ол Қудай тәрепинен Мелкиседек сыяқлы бас руўханий, деп аталды.
11
Мелкиседек ҳаққында айтажақ көп сөзлеримиз бар, бирақ сизлер зейинсиз болғанлықтан, түсиндириў қыйын болады.
12
Усы ўақытқа келип, сизлер муғаллим болыўыңыз керек еди. Бирақ сизлер Қудайдың сөзлериниң дәслепки тийкарларын қайтадан үйрениўге мүтәжсиз. Сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт керек!
13
Сүт пенен азықланатуғын ҳәр бир адам гөдек, яғный ҳақыйқатлық сөзи бойынша жасаўда тәжирийбесиз адам болғаны.
14
Ал күшли аўқат ересек адамлар ушын, яғный өмирдеги тәжирийбеси арқалы жаман менен жақсыны айырыў сезимине ийе болғанлар ушын арналған.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13