bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hebrews 7
Hebrews 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 8 →
1
Бул Мелкиседек Салим патшасы ҳәм Қудай Тааланың руўханийи еди. Ол патшаларды жеңилиске ушыратып қайтып киятырған Ибрайымды қарсы алып, оған пәтиясын берген еди.
2
Ал Ибрайым оған ҳәмме нәрсениң оннан бирин берген еди. Оның еки аты бар, бириншиси Мелкиседек болып, бул аттың мәниси «әдиллик патшасы», ал екиншиси Салим патшасы болып, бул аттың мәниси «тынышлық патшасы» дегенди аңлатады.
3
Оның әкеси, анасы ҳәм шежиреси белгисиз. Өмириниң басы, я соңы жоқ. Ол сол жағынан Қудайдың Улына уқсайды ҳәм мәңгиге руўханий болып қалады.
4
Қараңлар, ол қаншелли уллы! Ҳәтте, түп бабамыз Ибрайым да түскен олжаларының оннан бирин оған берген еди.
5
Лебий урыўынан шыққан руўханийлер Мухаддес Нызамдағы буйрық бойынша өз туўысқанларынан, яғный халықтан, ҳәммеси де Ибрайымның урпақлары болса да, оннан бирин алыўы тийис еди.
6
Мелкиседек Лебий урыўынан болмаса да, Ибрайымнан оннан бирин алып, Қудайдың ўәдесине ийе болған оған пәтиясын берген еди.
7
Пәтия берген адам пәтия алған адамнан уллы екени сөзсиз.
8
Оннан бирин алатуғын руўханийлердиң басында өлим бар. Бирақ, Ибрайымнан оннан бирин алған Мелкиседектиң тири екени ҳаққында гүўалық бар.
9
Демек, оннан бирин алатуғын Лебийдиң өзи де Ибрайым арқалы оннан бирин берди, деп айтыўға болады.
10
Өйткени Мелкиседек Ибрайымды қарсы алғанда, Лебий еле бабасы Ибрайымның белинде еди.
11
Израил халқы Мухаддес Нызамды лебийлилердиң руўханийлик хызмети тийкарында алған еди. Бирақ егер Харон әўладынан болған лебийлилердиң руўханийлик хызмети арқалы минсизликке ерисиў мүмкин болғанда, онда Мелкиседек сыяқлы басқа бир руўханийдиң келиўине ҳәжет бар ма еди?
12
Себеби руўханийлик хызмети өзгертилсе, Мухаддес Нызам да өзгертилиўи тийис.
13
Алдын сөз етилген адам, яғный Ийса басқа урыўдан шыққан еди. Сол урыўдан ҳеш ким қурбанлық орында хызмет етпеген.
14
Ал Ийемиз Ийсаның Яҳуда урыўынан келип шыққаны анық. Муўса бул урыўға байланыслы руўханийлик ҳаққында ҳеш нәрсе айтпаған еди.
15
Мелкиседекке уқсаған басқа бир руўханий пайда болғанда бул сөзлеримиз еле де анығырақ болады.
16
Ийса Лебий урыўына байланыслы болған Мухаддес Нызамдағы қағыйдалар бойынша емес, ал таўысылмайтуғын өмир қүдирети менен руўханий болды.
17
Өйткени Мухаддес Жазыўда Ол ҳаққында: «Сен Мелкиседек сыяқлы, Мәңгиге руўханий болып қаласаң!», – деген гүўалық бар.
18
Руўханийлик ҳаққында әўелги қағыйдалар ҳәлсиз ҳәм пайдасыз болғанлықтан бийкар етилди.
19
Себеби Мухаддес Нызам ҳеш бир нәрсени минсизликке еристирмеди. Буның орнына, бизлерди Қудайға жақынластыратуғын жақсы үмит берилди.
20
Ийса Қудайдың берген анты бойынша руўханий болды. Ал лебийли руўханийлер Қудайдың анты бойынша руўханий болған жоқ.
21
Ийса Өзине: «Жаратқан Ийе ант ишти, Өз қарарынан қайтпайды: „Мәңгиге руўханий болып қаласаң!“», – деген Қудайдың анты бойынша руўханий болды.
22
Солай етип, Ийса еле де жақсырақ келисимниң кепили болды.
23
Және бир айырмашылығы мынадай: лебийли руўханийлердиң саны көп еди. Өйткени өлим оларға хызметлерин даўам етиўге тосқынлық қылатуғын еди.
24
Бирақ Ийса мәңги жасайтуғын болғанлықтан, Оның руўханийлиги де мәңги.
25
Сонлықтан Ол Өзи арқалы Қудайға келгенлерди пүткиллей қутқаратуғын күшке ийе. Себеби Ол мәңгиге тири болып, Қудайдан олар ушын өтинип сорайды.
26
Ийса бизлерге керек болған бас руўханийдиң анық Өзи болады. Өйткени Ол мухаддес, айыпсыз, пәк, гүнакарлардан ажыратылған ҳәм аспаннан да жоқары көтерилип, уллы абырайға ийе болған.
27
Басқа бас руўханийлер сыяқлы, ҳәр күни әўели Өз гүналары ушын, ал соңынан халықтың гүналары ушын қурбанлық бериўдиң Оған ҳәжети жоқ. Себеби Ол Өзин қурбан етип, бул исти бир мәртебе ҳәм биротала орынлады.
28
Муўсаның Нызамы бойынша минсиз емес болған адамлар бас руўханий қылып қойылды. Бирақ Муўсаның Нызамынан соң, Қудайдың ант етип берген ўәдеси Оның мәңгиге минсиз Улын бас руўханий етип қойды.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13