bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hebrews 12
Hebrews 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 13 →
1
Минекей, бизлерди қоршаған усындай көп санлы гүўалар топары бар екен. Сонлықтан бизлер де кесент беретуғын ҳәр бир жүкти ҳәм өзлеримизге тез жабысатуғын гүнаны таслап, Қудай алдымызға қойған жарыста шыдамлылық пенен жуўырайық.
2
Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳәм оны минсизликке еристириўши Ийсаға көз тигейик. Ол Өзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей өлимге барып, Қудайдың тахтының оң жағына отырды.
3
Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер.
4
Сизлер гүнаға қарсы гүресте қаныңыз төгилгенше гүрескен жоқсыз-ғо.
5
Қудайдың Өз улларына сөйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нәсиятын умыттыңыз: «Балам! Жаратқан Ийениң тәрбиясына итибарсыз қарама, Ол әшкаралағанда жүрегиңе аўыр алма.
6
Себеби Ол сүйген адамын тәрбиялайды, Улы қылып қабыл еткен ҳәр бир адамын жазалайды».
7
Тәрбияланыў ушын шегип атырған азапларыңызға шыдаңлар. Қудай сизлерге Өз балаларындай қатнас жасап атыр-ғо. Әкеси тәрепинен тәрбияланбайтуғын ул бола ма?
8
Ҳәр бир адам алатуғын тәрбияны алмай атырған болсаңыз, онда сизлер ҳақыйқый уллар емес, ал некесиз туўылған балаларсыз.
9
Сондай-ақ, өзлеримизди тәрбиялаған дүньядағы әкелеримизди бизлер ҳүрмет етип атырған екенбиз, онда руўхый Әкемиз болған Қудайға еле де көбирек бойсынып жасаўымыз керек емес пе?
10
Әкелеримиз бизлерди өзлери дурыс деп ойлаған жол бойынша қысқа ўақыт ишинде тәрбиялады. Бирақ Қудай Оның мухаддеслигине шерик болыўымыз ушын, бизлердиң пайдамызды ойлап тәрбиялайды.
11
Тәрбиялаў ушын берилген ҳәр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тәрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди.
12
Солай етип, түскен еңсеңизди көтерип, аяқларыңызда тик турыңлар.
13
Араңызда исеними ақсағанлар жаман жолға түспей туўрыланыўы ушын, дүзиў жол менен жүриңлер.
14
Ҳәмме менен татыў болып жасаўға ҳәм мухаддес болыўға тырысыңлар. Мухаддесликке ийе болмай турып, ҳеш ким де Жаратқан Ийени көрмейди.
15
Араңыздағы ҳеш бириңиздиң Қудайдың мийриминен айырылып қалмаўы ушын ҳәм араңызда сизлерге зыян тийгизип, көплерди зәҳәрлейтуғын ашшы тамыр көгерип шықпаўы ушын, бир-бириңизге жақсылап қараңлар.
16
Ишиңизде ҳеш ким бузықшылық ислемесин ямаса туңғышлық ҳуқықын бир аўқат ушын сатқан Эсаў сыяқлы қудайсыз болмасын.
17
Хабарыңыз бар, Эсаў соңынан әкесиниң пәтиясын алыўды қәлегенде, тилеги қабыл етилмеди. Ол көз жасларын төгип жалбарынса да, өзи ислеп қойған исти өзгерте алмады.
18
Сизлер жақынлаған таў – көзге көринетуғын, лаўлап жанған, қараңғылық пенен түнекке шөккен, даўыл басқан,
19
кәрнай сести ҳәм Қудайдың сөзи жаңлаған Синай таўы емес. Қудайдың сол даўысын еситкенлер, Қудайдың өзлерине қайта сөйлемеўин сорап жалбарынған еди.
20
Өйткени олар: «Егер таўға, ҳәтте, малдың туяғы тийсе де, тас боран қылып өлтирилсин», – деген буйрықтан қорқып, шыдай алмады.
21
Бул көринис соншелли қорқынышлы болғанлықтан, Муўса да: «Жүдә қорқып, дирилдеп баратырман», – деген еди.
22
Бирақ сизлер Сион таўына, яғный тири Қудайдың қаласы – аспандағы Ерусалимге, ондағы мың-мыңлаған периштелердиң қуўанышлы жыйынына
23
ҳәм атлары аспанда жазылған, Қудайдың туңғыш балалары сыяқлы болған биринши исениўшилер жыйнағына жақынладыңлар. Сизлер және де ҳәмме адамды ҳүким етиўши Қудайға, минсизликке ерискен ҳақ адамлардың руўхларына,
24
жаңа келисимниң тәўеллешиси Ийсаға ҳәм Абылдың қанынан да артық болған Ийсаның кеширим беретуғын себилген қанына жақынладыңлар.
25
Абайлы болыңлар, сөйлеп турған Қудайға қулақ аспай кетпеңлер. Оның тапсырмасы менен жер бетинде сөйлеген Муўсаға қулақ аспаған Израил халқы жазадан қашып қутыла алмаған еди. Егер бизлер де аспаннан өзлеримизге сөйлеп турған Қудайға қулақ аспасақ, буннан да аўырырақ жазадан қалай қашып қутыла аламыз?
26
Қудай Синай таўында сөйлегенде, Оның даўысы жерди силкиндирип жиберген еди. Ол тағы да: «Және бир мәртебе тек жерди емес, ал аспанды да силкиндиремен», – деп ўәде берген еди.
27
«Және бир мәртебе» деген сөзлер қозғалмайтуғын нәрселердиң мәңгиге қалыўы ушын, қозғалатуғын нәрселердиң, яғный жаратылған нәрселердиң жоқ болатуғынын аңлатады.
28
Солай етип, бизлер қозғалмайтуғын патшалыққа ерискенимиз ушын шүкирлик билдирип, Қудайға унамлы түрде, Оған ҳүрмет ҳәм қорқыныш пенен сыйынайық.
29
Себеби бизиң Қудайымыз – жандырып жоқ қылатуғын от.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13