bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Leviticus 10
Leviticus 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 11 →
1
Харонның уллары Надаб ҳәм Абиҳу түтетки түтетилетуғын ыдысларын алып, ишлерине шоқ, шоқтың үстине түтетки салды. Олар Жаратқан Ийе усыныўды буйырмаған отты Оның алдына алып келди.
2
Жаратқан Ийениң оты пайда болды. От оларды күйдирип жиберди ҳәм олар Жаратқан Ийениң алдында өлип қалды.
3
Сонда Муўса Харонға былай деди: – Жаратқан Ийениң: «Маған хызмет еткенлерге мухаддеслигимди көрсетемен, Пүткил халық алдында салтанатымды ашаман», – деп айтқаны усы еди. Харон үндемеди.
4
Муўса Харонның әкесиниң иниси Уззиелдиң уллары Мишаел ҳәм Элсафанды шақырып алып, оларға: – Берман келиңлер, туўысқанларыңыздың өли денесин Мухаддес шатырдың алдынан орданың сыртына алып шығыңлар, – деди.
5
Олар келди де, Муўсаның буйырғанындай, туўысқанларының денелерин кийимлеринен услап, орданың сыртына алып шықты.
6
Буннан соң, Муўса Харонға ҳәм оның уллары Элазар менен Итамарға былай деди: – Аза тутып, шашларыңызды жаймаңлар ҳәм кийимлериңизди жыртпаңлар. Олай ислесеңиз, өлесизлер ҳәм Жаратқан Ийе пүткил халыққа қәҳәрленеди. Бирақ туўысқанларыңыз болған пүткил Израил халқы Жаратқан Ийе тәрепинен от пенен жоқ қылынғанлар ушын аза тутыўы мүмкин.
7
Ушырасыў шатырының алдынан ҳеш жаққа шығып кетпеңлер, болмаса өлип қаласызлар. Өйткени сизлер Жаратқан Ийениң майлайтуғын майы менен Оған бағышландыңыз. Харон ҳәм оның уллары Муўсаның айтқанына бойсынды.
8
Жаратқан Ийе Харонға былай деди:
9
– Өзиң де, улларың да Ушырасыў шатырына шарап ямаса басқа өткир ишимликлер ишип кирмеңлер, болмаса өлип қаласызлар. Бул әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.
10
Сизлер мухаддес нәрсени әпиўайы нәрседен, ҳарам нәрсени ҳадал нәрседен айыра алыўыңыз шәрт.
11
Мениң Муўса арқалы Израил халқына берген барлық қағыйдаларымды оларға үйретиўиңиз тийис.
12
Муўса Харонға ҳәм оның қалған уллары Элазар менен Итамарға былай деди: – Жаратқан Ийеге берилген ғәлле садақасының жандырылмаған бөлегин алып, оннан ашытқысыз нан жаўып қурбанлық орынның қасында жеңлер. Себеби бул – жүдә мухаддес.
13
Оны мухаддес жерде жеңлер. Өйткени Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан сениң ҳәм улларыңның пайы усы болады. Маған усындай буйрық берилди.
14
Ал жоқары көтерип усынылған төс пенен бағышлап усынылған санды улларың ҳәм қызларың менен бирге таза жерде жеңлер. Өйткени Израил халқының берген татыўлық қурбанлықларынан сениң ҳәм балаларыңның пайы етип, усылар берилди.
15
Израил халқы сый қылып берген май менен бирге қурбанлықтың сан ҳәм төсин әкелсин. Олар төс ҳәм санды Жаратқан Ийеге бағышлап, жоқары көтерип усынғаннан кейин, булар саған ҳәм сениң улларыңа бериледи. Жаратқан Ийениң буйрығына муўапық, булар мәңгиге сениң ҳәм балаларыңның пайы болады.
16
Муўса гүна қурбанлығы ушын берилетуғын текени сорастырғанда, оның жандырып жиберилгенин билди. Сонда ол Харонның қалған уллары Элазар ҳәм Итамарға қатты ашыўланып былай деди:
17
– Не ушын гүна қурбанлығының гөшин мухаддес жерде жемедиңлер? Ол – жүдә мухаддес қурбанлық-ғо! Жаратқан Ийениң алдында жәмийеттиң гүнасын жуўып, оларды пәклеўиңиз ушын, Жаратқан Ийе оны сизлерге берген еди.
18
Текениң қаны Мухаддес шатырдың ишине алып кирилмеген. Сизлерге буйырғанымдай, текени мухаддес жерде жеўиңиз керек еди.
19
Харон Муўсаға былай деди: – Олар бүгин Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығын ҳәм жандырылатуғын қурбанлықты берди. Ал мениң басыма усындай ис түсти! Бүгин мен гүна қурбанлығының гөшинен жегенимде, бул Жаратқан Ийеге унар ма еди?
20
Бул сөзди еситип, Муўса буған ыразы болды.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27