bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Leviticus 3
Leviticus 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 4 →
1
«Егер ким де ким татыўлық қурбанлығы ушын ири мал бермекши болса, онда ол Жаратқан Ийеге арнап минсиз еркек ямаса урғашы мал усынсын.
2
Ол адам қолын қурбанлықтың басына қойып, оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары болған руўханийлер қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
3
Сол адам татыўлық қурбанлығының мына бөлеклерин Жаратқан Ийеге сый етип бериўи тийис: малдың ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын,
4
еки бөтекесин, бөтеке үстиндеги майын ҳәм баўырының төменги ушын.
5
Харонның уллары буларды қурбанлық орында жанып турған отынның үстине қойып, жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
6
Егер ким де ким татыўлық қурбанлығы ушын майда мал бермекши болса, онда ол Жаратқан Ийеге минсиз еркек ямаса урғашы жанлық усынсын.
7
Егер қой бермекши болса, оны Жаратқан Ийениң алдында усыныўы тийис.
8
Ол қолын қурбанлықтың басына қойсын. Кейин оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары қойдың қанын алып, қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
9
Ол адам татыўлық қурбанлығының мына бөлеклерин Жаратқан Ийеге сый етип бериўи тийис: жанлықтың майларын, яғный қуйымшақтың түбинен кесип алынған пүткил қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын,
10
еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм баўырының төменги ушын.
11
Руўханий буларды қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге аўқат сыпатында берилген сый.
12
Егер ол ешки бермекши болса, оны Жаратқан Ийениң алдында усынсын.
13
Адам қолын қурбанлықтың басына қойсын ҳәм оны Ушырасыў шатырының алдында шалсын. Харонның уллары ешкиниң қанын алып, қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберсин.
14
Ол адам ешкиниң мына нәрселерин алып, Жаратқан Ийеге сый қылып усынсын: ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын,
15
еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм баўырының төменги ушын.
16
Руўханий булардың ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге аўқат сыпатында берилген хош ийисли сый. Майдың ҳәммеси Оған тийисли.
17
Малдың майын жемеңлер, оның гөшин де қаны менен жемеңлер. Бул өзлериңиз жасаған ҳәмме жерде әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын».
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27