bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Leviticus 27
Leviticus 27
Karakalpak 2022
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
1
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2
– Израил халқына былай деп айт: «Егер ким де ким бир адамды Жаратқан Ийеге бағышлаўға ўәде берсе, сол адамның қуны ушын берилетуғын төлеми төмендегидей мөлшерде болсын.
3
Бул төлемниң қуны мынадай болады: жигирма жастан алпыс жасқа дейинги ер адамлар ушын Мухаддес орын өлшеми менен елиў шекел гүмис,
4
ал ҳаяллар ушын отыз шекел гүмис.
5
Бес жастан жигирма жасқа дейинги ер адамлар ушын жигирма шекел, ал ҳаял-қызлар ушын он шекел.
6
Бир айлық бөпеден бес жасқа дейин болған ер балалар ушын бес, қызлар ушын үш шекел гүмис.
7
Егер алпыс ямаса оннан жоқары жаста болса, онда еркеклер ушын он бес шекел гүмис, ал ҳаяллар ушын он шекел гүмис төленсин.
8
Егер ўәде берген адам жарлы болып, белгиленген баҳаны төлеўге шамасы келмесе, бағышланған адамды руўханийге алып барсын. Руўханий ўәде берген адамның жағдайына қарай, баҳа белгилесин.
9
Егер Жаратқан Ийеге ўәде қылынған мал қурбанлыққа шалыўға болатуғын мал болса, ол Жаратқан Ийеге бағышланған мухаддес болып есапланады.
10
Ўәде қылған адам Жаратқан Ийеге бағышлаған малын жақсысының орнына жаманын ямаса жаманының орнына жақсысын алмастырмасын. Егер ол малды алмастырса, алмастырылған мал менен екеўи де Қудайға тийисли болып, мухаддес саналады.
11
Егер Жаратқан Ийеге арнап әкелинген сый ҳарам саналған маллардан болса, оны руўханийге алып барсын.
12
Руўханий малдың жақсы-жаманына қарап, баҳа белгилесин ҳәм оның баҳасы солай қалсын.
13
Егер ийеси малды қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханий тәрепинен белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин.
14
Егер бир адам өзиниң үйин сый қылып, Жаратқан Ийеге бағышласа, руўханий үйдиң жақсы-жаманына қарап, оның баҳасын белгилесин. Руўханий үйге қандай баҳа белгилесе, үйдиң баҳасы сондай болады.
15
Егер сол адам бағышлаған үйин қайтарып сатып алыўды қәлесе, руўханийдиң белгилеген баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда үй қайтадан өзиники болып қалады.
16
Егер бир адам бабасынан қалған мийрас атызының бир бөлегин Жаратқан Ийеге бағышлаўды қәлесе, атызға егилетуғын туқымның муғдары бойынша баҳасы белгиленсин. Бир хомер арпа туқымы егилетуғын атыздың баҳасы елиў шекел гүмис болады.
17
Егер атыз Қутлы жылда бағышланса, буның баҳасы белгиленген толық баҳа бойынша қалсын.
18
Егер атыз Қутлы жылдан соң бағышланса, руўханий кейинги Қутлы жылға дейин қалған жыллардың саны бойынша атыздың баҳасын белгилесин. Атыздың баҳасы соған сәйкес төмен болады.
19
Егер сол адам атызын қайтарып алыўды қәлесе, ол атызға белгиленген баҳаның үстине бестен бир бөлегин қосып төлесин. Сонда атыз және өзиники болып қалады.
20
Бирақ сол адам атызды өзине қайтарып сатып алмаса ҳәм атыз басқа биреўге сатылған болса, онда атыздың ийеси атызды өзине қайтарып сатып ала алмайды.
21
Атыз Қутлы жылға дейин турса, онда бул Жаратқан Ийеге бағышланған болып, мухаддес саналады ҳәм атыз руўханийлерге тийисли болып қалады.
22
Егер бир адам сатып алған, яғный бабасынан мийрас болмаған атызын Жаратқан Ийеге бағышласа,
23
руўханий Қутлы жылға дейин қалған жыллар бойынша оның баҳасын белгилесин. Ол адам белгиленген баҳаны сол күни-ақ төлесин ҳәм төлем Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
24
Кейинги Қутлы жылда атыз биринши ийесине қайтарып берилсин.
25
Ҳәр бир белгиленген баҳа Мухаддес орынның шекели бойынша белгиленсин. Бир шекел жигирма герадан ибарат.
26
Ири ҳәм майда малларыңыздың биринши туўылған төллери Жаратқан Ийеники болып, олардың ҳеш қайсысын Жаратқан Ийеге бағышламаң. Себеби ол Жаратқан Ийеге тийисли.
27
Бирақ биринши туўылған мал ҳарам саналған маллардан болса, ол ушын руўханийдиң белгилеген баҳасын ҳәм оның үстине бестен бир бөлегин қосып төлеп, малды қайтарып алыўына болады. Егер ол қайтарып алынбаса, онда мал белгиленген баҳаға басқа биреўге сатылады.
28
Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған адам, мал ҳәм мийрастан қалған атыздың ҳеш бири сатылмасын ҳәм қайтарып алынбасын. Өйткени Жаратқан Ийеге толығы менен бағышланған ҳәр бир нәрсе Жаратқан Ийеге тийисли болып, жүдә мухаддес саналады.
29
Өлимге тапсырылған адам ақшаға қайтарып сатып алынбасын, ол сөзсиз өлтирилсин.
30
Жердиң зүрәәти болсын, мийўе ағаштың жемиси болсын, жерден өнип шығатуғын ҳәр бир зүрәәттиң оннан бири Жаратқан Ийеге тийисли. Булар Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
31
Егер бир адам оннан бириниң бир бөлегин қайтарып алыўды қәлесе, онда ол баҳасының үстине бестен бир бөлегин қосып төлеўи тийис.
32
Барлық ири ҳәм майда маллардың оннан бирине келсек, шопанның таяғының астынан өткен ҳәр бир оныншы мал Жаратқан Ийеге тийисли болып, мухаддес саналады.
33
Ҳеш ким малларды жақсы ҳәм жаман деп айырып, бир-бири менен алмастырмасын. Егер де мал алмастырылса, онда еки мал да мухаддес саналады ҳәм оны қайтарып сатып алыўға болмайды».
34
Жаратқан Ийениң Синай таўында Израил халқына Муўса арқалы берген буйрықлары усылар еди.
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27