bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Leviticus 21
Leviticus 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 22 →
1
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Харонның уллары болған руўханийлерге былай деп айт: «Руўханийлердиң ҳеш бири өз ағайинлериниң арасындағы бир марҳумға жантасып, өзин ҳарамламасын.
2
Ал егер де марҳум өзиниң жақын туўғаны: анасы, әкеси, улы, қызы, аға-иниси ямаса
3
үйиндеги турмысқа шықпаған әжапа-қарындасы болса, онда оның өлигине жантасып, өзин ҳарамлаўы мүмкин.
4
Бирақ қәйин журты тәрепинен биреў қайтыс болса, сол себепли өзин ҳарамламасын.
5
Руўханийлер аза тутқанда шашын қырдырып, сақалларының ушларын қырқтырмасын ҳәм денелерин тилип жарақатламасын.
6
Олар Қудайы ушын мухаддес болсын, Қудайының атына тил тийгизбесин. Олар Жаратқан Ийеге арналған, яғный Қудайына аўқат сыпатында берилген сыйларды усынғаны ушын мухаддес болсын.
7
Руўханийлер бузық ямаса зорланған ҳаялларға ҳәм ажырасқан ҳаялларға үйленбеўи тийис. Себеби руўханий Қудай ушын мухаддес.
8
Қудайыңызға аўқат сыпатында берилген сыйларды усынатуғын руўханийлер болғанлықтан, сизлер де оларды мухаддес санап, ҳүрмет қылың. Олар сизлер ушын мухаддес. Өйткени Мен сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийе – мухаддеспен.
9
Егер бир руўханийдиң қызы бузықлық қылып, өзин ҳарамласа, онда ол өзин де, әкесин де ҳарамлаған болады. Ондай қыз отқа жандырып жиберилсин.
10
Басына майлаў майы қуйылып, руўханийлик кийимлерди кийиўге тайынланған ҳәм басқа руўханийлерден уллы болған бас руўханий аза тутып, шашларын жайып жүрмесин ҳәм кийимлерин жыртпасын.
11
Ол ҳеш қандай өлиге жақынласпасын, ҳәттеки қайтыс болған әкеси, я анасы болса да, өзин ҳарамламасын.
12
Аза тутыў ушын, ол Мухаддес шатырдағы хызметин қалдырмасын, Қудайдың Мухаддес шатырын ҳарамламасын. Себеби майланған руўханий Қудайына бағышланған. Мен – Жаратқан Ийемен.
13
Бас руўханий тек ғана пәк қызға үйленсин.
14
Ол жесир, күйеўинен ажырасқан, зорланған ямаса бузық ҳаялға үйленбесин. Тек ғана өз халқынан болған пәк қызға үйленсин.
15
Солай етип, ол өз урпағын ҳарамланыўдан сақласын. Себеби Мен оны Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылған Жаратқан Ийемен».
16
Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
17
– Харонға былай деп айт: «Келешекте әўладыңнан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам аўқат сыпатында берилетуғын сыйды усыныў ушын Қудайына жақынламасын.
18
Денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам қурбанлық орынға жақынламасын: соқыр, ақсақ, майып, сықылсыз,
19
аяғы ямаса қолы сынық,
20
бүкир, иргежейли, көзинде кемшилиги бар, қышыма жарасы бар, қотыр ҳәм жынысый қос туқым бези езилген адам.
21
Руўханий Харонның урпағынан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам Жаратқан Ийениң аўқатын, яғный Оған арналған сыйларды усыныў ушын қурбанлық орынға жақынламасын.
22
Деген менен, ол адам Қудайына усынылған мухаддес ҳәм ең мухаддес аўқаттан жеўине болады.
23
Бирақ ол Мухаддес бөлмедеги пердеге ҳәм қурбанлық орынға жақынламасын. Себеби оның денесинде кемшилиги бар. Ол мухаддес затларға жақынлап, оларды ҳарамламасын. Мен оларды Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен».
24
Муўса Харон менен улларына ҳәм пүткил Израил халқына усыларды жәриялады.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27