bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Leviticus 5
Leviticus 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 6 →
1
«Егер ким де ким көрген-билгенлери ҳаққында гүўалық бериўге шақырылса, бирақ ол буннан бас тартса, онда ол өз айыбының жазасын тартады.
2
Ким де ким билмей, ҳарам саналған бир нәрсеге: жабайы я үй ҳайўанының ямаса жер баўырлаўшы бир ҳайўанның өлигине бир жерин тийгизип алса, ол ҳарамланған болып, айыплы саналады.
3
Биреў билмей, адамның денесинен шыққан өзин ҳарамлайтуғын қандай да бир нәрсеге бир жерин тийгизсе, кейин не ислегенин түсинген ўақытта, ол айыплы саналады.
4
Егер ким де ким қандай да бир исти ислеймен деп, ойланбастан ант ишип, оны орынламай қалса, онда ол айыплы саналады.
5
Егер ким де ким усы айтылған ислердиң биреўинде айыплы болса, ислеген гүнасын ашық мойынласын.
6
Ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығын берсин. Бул қурбанлық майда малдан бир қой ямаса бир ешки болсын. Сонда руўханий адамды гүнасынан пәклейди.
7
Егер адамның қой әкелиўге жағдайы болмаса, онда ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. Олардың бири гүна қурбанлығы ушын, ал екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын бериледи.
8
Оларды руўханийге алып келсин. Руўханий дәслеп гүна қурбанлығын берип, қустың мойнын сындырсын, бирақ оның басын жулып тасламасын.
9
Кейин қустың қанының биразын қурбанлық орынның қапталына серпип, аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. Бул – гүна қурбанлығы.
10
Соннан соң, руўханий екинши қусты жандырылатуғын қурбанлық етип, қағыйда бойынша берсин. Усылайынша руўханий адамды гүнасынан пәклейди ҳәм ол кешириледи.
11
Егер адамның еки қумыры ямаса еки кептер әкелиўге жағдайы келмесе, онда ол ислеген гүнасы ушын эфаның оннан бир мөлшериндеги сапалы бийдай унынан әкелсин. Ол унның үстине зәйтүн майын қуймасын ҳәм хош ийисли шайыр да қоспасын. Себеби бул – гүна қурбанлығы.
12
Адам унды руўханийге алып келсин. Руўханий толық садақаның белгиси ретинде уннан бир уўыс алып, оны қурбанлық орында, Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Бул – гүна қурбанлығы.
13
Солай етип, руўханий айтып өтилген гүналардың бирин ислеген адамды гүнасынан пәклейди ҳәм оның гүнасы кешириледи. Ғәлле садақасы сыяқлы, садақаның жандырылмаған бөлеги руўханийге тийисли болады».
14
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
15
– Егер ким де ким Жаратқан Ийеге арналып, мухаддесленген нәрселерди былғап, билмей гүна ислесе, ол айып қурбанлығы сыпатында Жаратқан Ийеге майда малдан бир минсиз қошқар усынсын. Қошқардың қуны шекел аўырлығындағы гүмис пенен, Мухаддес орын өлшеми менен баҳалансын.
16
Адам мухаддес нәрсеге келтирген зыянының қунын төлеп, және сол қунның үстине бестен бирин қосып, руўханийге берсин. Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген қошқар менен сол адамды гүнасынан пәклейди ҳәм ол кешириледи.
17
Егер ким де ким Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, гүна қылса, ол билмей ислесе де, өз айыбының жазасын тартады.
18
Ол руўханийге айып қурбанлығы сыпатында майда малдан бир қошқар усынсын. Қошқар минсиз ҳәм қуны белгиленген болыўы тийис. Руўханий адамды билмей ислеген гүнасынан пәклейди ҳәм ол кешириледи.
19
Бул – айып қурбанлығы, өйткени адам Жаратқан Ийеге қарсы айып ислеген еди.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27