bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Leviticus 17
Leviticus 17
Karakalpak 2022
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 18 →
1
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2
– Харонға, оның улларына ҳәм пүткил Израил халқына былай деп айт: «Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў:
3
Егер Израил халқынан биреў бир сыйыр, бир қой ямаса ешки шалмақшы болса, оны қурбанлық сыпатында Жаратқан Ийеге усыныў ушын, Ушырасыў шатырының алдына алып келиўи тийис. Егер малды ямаса жанлықты Мухаддес шатырдың алдына алып келмей, басқа жерде шалса, ол қан төккен болып, айыплы саналсын. Қан төккен сол адам халықтың арасынан жоқ қылынады.
5
Солай етип, израиллылар ашық далаларда сойған қурбанлықларын ендигиден былай Жаратқан Ийениң алдына алып келсин. Олар қурбанлықларын Ушырасыў шатырының алдына, руўханийге алып келсин ҳәм татыўлық қурбанлығы етип, Жаратқан Ийеге усынсын.
6
Руўханий қурбанлықтың қанын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдындағы Жаратқан Ийениң қурбанлық орнына серпип жиберсин, майларын болса, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, түтетип жандырып жиберсин.
7
Буннан былай, Израил халқының қурбанлықлары теке көринисиндеги жинлерге берилмесин ҳәм солай ислеп, олар Жаратқан Ийеге опасызлық қылмасын. Бул қағыйдаға әўладлар даўамында әмел қылынсын».
8
Оларға және былай деп айт: «Егер Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгиндилерден биреўи жандырылатуғын қурбанлық ямаса басқа қурбанлық берсе,
9
бирақ оны Жаратқан Ийеге усыныў ушын Ушырасыў шатырының алдына алып келмесе, ол халықтың арасынан жоқ қылынады.
10
Егер Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгиндилерден биреўи гөшти қаны менен жесе, Мен оған қарсы шығып, халқының арасынан жоқ қыламан.
11
Өйткени жаныўарлардың жаны қанында болады. Қанды сизлерге қурбанлық орынның үстинде өзлериңизди гүнадан пәклеўиңиз ушын бердим. Өзинде өмир болған бул қан сизлерди гүнадан пәклейди.
12
Соның ушын, Израил халқына: „Сизлер ямаса араңызда жасап атырған келгинди адамлардың ҳеш бири гөшти қаны менен жемесин“, – деп айттым.
13
Израил халқынан ямаса арасында жасап атырған келгинди адамлардан биреўи жеўге болатуғын бир ҳайўан ямаса қус аўласа, оның қанын топыраққа ағызып көмип тасласын.
14
Өйткени жаныўарлардың жаны қанында болады. Сол себепли Мен Израил халқына: „Ҳеш бир жаныўардың гөшин қаны менен жемең“, – дедим. Оны ишкен адам халықтың арасынан жоқ қылынады.
15
Израиллы болсын, араңызда жасап атырған келгинди болсын, ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўан баўызлап өлтирген ҳайўанның гөшин жеген ҳәр бир адам кийимлерин жуўсын, өзи де жуўынсын. Ол кешке дейин ҳарам саналады. Соннан кейин барып, ол ҳадал саналады.
16
Егер де ол кийимлерин жуўмаса, өзи де жуўынбаса, айыплы саналып, жазаға тартылады».
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 18 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27