bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Luke 1
Luke 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 2 →
1
Арамызда болып өткен белгили ўақыяларды көплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим.
2
Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди.
3
Солай етип, ҳүрметли Теофил, өзиңизге үйретилген бул тәлиматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым.
5
Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зехария атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Элизабета еди.
6
Олардың екеўи де Қудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийениң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди.
7
Элизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де бираз жасқа барып қалған еди.
8
Күнлердиң биринде өз топарының гезеги келип, Зехария Қудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда,
9
руўханийлердиң әдети бойынша түтетки түтетиў ушын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти.
10
Түтетки түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди.
11
Сонда Жаратқан Ийениң бир периштеси түтетки түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зехарияға көринди.
12
Оны көрген Зехария қорқып, албырап қалды.
13
Бирақ периште оған былай деди: – Қорқпа, Зехария! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Элизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң.
14
Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине көп адамлар қуўанады.
15
Себеби ол Жаратқан Ийениң нәзеринде уллы адам болып, шарап та, басқа өткир ишимликлер де ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа толады.
16
Ол Израил перзентлериниң көбисин олардың Қудайы Жаратқан Ийеге қайтарады.
17
Әкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсиреди. Халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди.
18
Сонда Зехария периштеге: – Булардың ырас екенин мен қаяқтан билемен? Өйткени мен ғаррыман, ҳаялым да бираз жасқа барып қалған, – деди.
19
Периште оған жуўап берип: – Мен Қудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сөйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен.
20
Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сөзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сөйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди.
21
Сол ўақытта Зехарияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды.
22
Зехария сыртқа шыққанда, халыққа сөйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян көргенин түсинди. Зехария тилден қалды ҳәм халық пенен ымлап сөйлести.
23
Өзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зехария үйине қайтты.
24
Арадан күнлер өткеннен соң, оның ҳаялы Элизабета ҳәмиледар болып, бес ай жасырынып жүрди.
25
«Жаратқан Ийе маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол.
26
Элизабетаның ҳәмиледар болғанына алты ай толғанда, Қудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына,
27
Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Қыздың аты Мәриям еди.
28
Периште үйге кирип, оған: – Сәлем саған, Қудай жарылқаған! Жаратқан Ийе сениң менен бирге, – деди.
29
Мәриям периштениң сөзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды.
30
Периште оған былай деди: – Қорқпа, Мәриям, сен Қудайдың мийримине еристиң!
31
Мине, сен ҳәмиледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң.
32
Ол уллы болып, Қудай Тааланың Улы деп аталады. Қудай Ийе Оған бабасы Даўыттың тахтын береди.
33
Ол Яқыптың халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды.
34
Мәриям периштеден: – Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады.
35
Периште оған жуўап берип: – Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Қудай Тааланың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала Қудайдың Улы деп аталады.
36
Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Элизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмиледар болды. Оның ҳәмиледар болғанына алты ай толды.
37
Себеби Қудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди.
38
Сонда Мәриям: – Мен – Жаратқан Ийениң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди. Соннан соң, периште оның жанынан кетти.
39
Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен Яҳудияның таўлы үлкесиндеги бир қалаға кетти.
40
Ол Зехарияның үйине кирип, Элизабетаға сәлем берди.
41
Элизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Элизабета Мухаддес Руўхқа толып,
42
даўыслап былай деди: – Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған!
43
Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен?
44
Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди.
45
Исенген ҳаял қандай бахытлы! Өйткени Жаратқан Ийениң оған айтқанлары орынланады.
46
Сонда Мәриям былай деди: «Жаным Жаратқан Ийени уллылайды.
47
Қутқарыўшым Қудайда руўхым шадланады.
48
Себеби Ол Өзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды. Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды.
49
Өйткени Қүдиретли Қудай маған уллы ислер иследи. Оның аты мухаддес.
50
Ол әўладтан-әўладқа, Өзинен қорққанларға мийрим-шәпәәтин береди.
51
Өз қолы менен қүдиретин көрсетип, Кеўиллеринде менмен ойлары бар адамларды пытыратты.
52
Ҳүкимдарларды тахттан түсирип, Ғәрип-қәсерлерди жоқары көтерди.
53
Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып, Бай болғанларды қуры қол қайтарды.
54
Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша, Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте тутып, Хызметшиси Израилға жәрдем етти».
56
Мәриям Элизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти.
57
Элизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды.
58
Қоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийениң оған үлкен мийрим-шәпәәт көрсеткенин еситип, оның қуўанышын бөлисти.
59
Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге алып барды ҳәм оған Зехария деп, әкесиниң атын қоймақшы болды.
60
Бирақ баланың анасы: – Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди.
61
Олар Элизабетаға: – Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп,
62
әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады.
63
Зехария жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты.
64
Сол ўақытта-ақ Зехария тилге кирип, Қудайды алғыслап сөйлей баслады.
65
Әтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм Яҳудияның пүткил таўлы үлкеси бойлап усылар ҳаққында сөз тарқады.
66
Еситкенлердиң ҳәммеси ойға шүмип: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийениң қүдирети оның менен бирге еди.
67
Нәрестениң әкеси Зехария Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди:
68
«Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Өйткени Ол келип, Өз халқы ушын төлем төлеп, оны қутқарды.
69
Өзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен айтқанындай, Ол бизлер ушын Өз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Қутқарыўшыны берди.
71
Қудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек көриўшилердиң қолынан қутқарды.
72
Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин көрсетип, Өз мухаддес келисимин,
73
Бабамыз Ибрайымға берген антын еске алды.
74
Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып, Өмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып, Қорқпастан, Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди.
76
Ал сен, балам, Қудай Тааланың пайғамбары деп аталасаң. Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын таярлайсаң.
77
Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң.
78
Қараңғыда ҳәм өлим саясында жасап атырғанларға нур түсириў ушын, Сондай-ақ бизлерге тынышлыққа қарай жол көрсетиў ушын, Қудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады».
80
Нәресте болса өсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында көринетуғын күнге дейин шөл далада жасады.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24