bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Luke 3
Luke 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 4 →
1
Рим императоры Тибериустың ҳүкимдарлығының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды.
2
Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шөл далада жасап атырған Зехарияның улы Яқыяға Қудайдың сөзи түсти.
3
Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди.
4
Бул Ийшая пайғамбардың китабында жазылған мына сөзлерге туўры келеди: «Шөл далада бақырған бир даўыс еситиледи: Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!
5
Барлық ойпатлықлар толтырылсын, Таў-төбелер пәске шөксин, Қыйсық жоллар дүзетилсин, Будыр жерлер тегисленсин.
6
Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди».
7
Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти?
8
Егер сизлер тәўбе еткен болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады.
9
Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
10
Сонда халық оннан: – Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
11
Яқыя оларға: – Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди.
12
Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан: – Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
13
Яқыя оларға: – Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди.
14
Әскерлер де оннан: – Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Яқыя оларға: – Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, өз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди.
15
Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен: – Бул Масийх емес пе екен? – деп ойлады.
16
Яқыя ҳәммесине жуўап берип: – Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады.
17
Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
18
Яқыя халыққа басқа да көп ескертиўлер берип, Хош Хабарды жәриялап жүрди.
19
Үлке ҳүкимдары Ҳирод өз инисиниң ҳаялы Ҳиродияға үйленгенлиги себепли ҳәм басқа да барлық жаман ислери ушын, Яқыя тәрепинен әшкара етилген еди.
20
Ҳирод Яқыяны қаматып таслап, өзиниң бурынғы ислеген жаманлықларына және бир жаманлық қосты.
21
Пүткил халық шомылдырылғанда, Ийса да шомылдырылды. Ол дуўа еткенде аспан ашылып,
22
Мухаддес Руўх кептер пишининде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди.
23
Ийса Өз хызметин баслағанда отызлар шамасында еди. Адамлар Оны Юсуптиң улы сыпатында таныйтуғын еди. Ал Юсуп Элий улы,
24
Элий Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Малкий улы, Малкий Яннай улы, Яннай Юсуп улы,
25
Юсуп Маттатия улы, Маттатия Амос улы, Амос Нахум улы, Нахум Ҳеслий улы, Ҳеслий Наггай улы, Наггай
26
Махат улы, Махат Маттатия улы, Маттатия Шимей улы, Шимей Юсех улы, Юсех Юда улы,
27
Юда Юханан улы, Юханан Реша улы, Реша Зеруббабел улы, Зеруббабел Шеалтиел улы, Шеалтиел Нерий улы,
28
Нерий Малкий улы, Малкий Аддий улы, Аддий Қосам улы, Қосам Элмадам улы, Элмадам Эр улы,
29
Эр Ешуа улы, Ешуа Элиезер улы, Элиезер Иорым улы, Иорым Маттат улы, Маттат Лебий улы,
30
Лебий Шимон улы, Шимон Яҳуда улы, Яҳуда Юсуп улы, Юсуп Ионам улы, Ионам Эляким улы,
31
Эляким Мелеа улы, Мелеа Менна улы, Менна Маттата улы, Маттата Натан улы, Натан Даўыт улы,
32
Даўыт Ишай улы, Ишай Обид улы, Обид Боаз улы, Боаз Сала улы, Сала Нахшон улы,
33
Нахшон Амминадаб улы, Амминадаб Рам улы, Рам Хесрон улы, Хесрон Перес улы, Перес Яҳуда улы,
34
Яҳуда Яқып улы, Яқып Ысақ улы, Ысақ Ибрайым улы, Ибрайым Терах улы, Терах Нахор улы,
35
Нахор Серуг улы, Серуг Реу улы, Реу Пелег улы, Пелег Эбер улы, Эбер Сала улы,
36
Сала Кенан улы, Кенан Арпахшад улы, Арпахшад Сам улы, Сам Нух улы, Нух Ламех улы,
37
Ламех Метушелах улы, Метушелах Энох улы, Энох Еред улы, Еред Маҳалалел улы, Маҳалалел Кенан улы,
38
Кенан Энош улы, Энош Шет улы, Шет Адам-ата улы, ал Адам-ата Қудай улы.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24