bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Luke 17
Luke 17
Karakalpak 2022
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 18 →
1
Ийса Өз шәкиртлерине және былай деди: – Адамларды гүнаға азғырыўшы нәрселердиң келиўи сөзсиз. Бирақ олар ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди!
2
Ол адамның мына кишкенелердиң биреўин азғырғанынан гөре, мойнына дигирман тасы байланып, теңизге тасланғаны оған жақсырақ болар еди.
3
Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа, оны кешир.
4
Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «Гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир.
5
Сонда елшилер Ийемизге: – Исенимимизди арттыр, – деди.
6
Ийемиз былай деди: – Егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул тут ағашына: «Тамырың менен қопарылып, теңизге отырғызыл», – десеңлер, ол сөзиңизди тыңлайды.
7
Араңызда қайсы бириңиз жер айдап ямаса мал бағып жүрген хызметшиңиз даладан қайтқанда, оған: «Тез келип, дастурханға отыр», – дейсиз?
8
Керисинше, оған: «Мениң кешки аўқатымды таярла, белиңди буўып, ишип-жеп болғанымша, маған хызмет ет. Соңынан өзиң ишип-жейсең», – деп айтпайсыз ба?
9
Буйырғанын орынлағаны ушын хызметшисине миннетдаршылық билдирер ме екен?
10
Сол сыяқлы сизлер де өзлериңизге буйырылғанның ҳәммесин орынлағаннан соң: «Бизлер арзымайтуғын қуллармыз, тек ўазыйпамызды ғана орынладық», – деңлер.
11
Ийса Ерусалимге баратырып, Самария ҳәм Галила үлкелери арасындағы шегара жерлер арқалы жүрди.
12
Ол бир аўылға кирип киятырғанда тери кеселлигине шалынған он адам гезлести. Олар узақта турып,
13
қатты даўыслап: – Устазымыз Ийса, бизлерге реҳим ет! – деди.
14
Ийса оларды көрип: – Барып, өзлериңизди руўханийлерге көрсетиңлер, – деди. Олар кетип баратырғанда тери кеселлигинен жазылып кетти.
15
Олардың ишиндеги биреўи өзиниң шыпа тапқанын көрип, бәлент даўыс пенен Қудайды алғыслап, қайтып келди де,
16
Ийсаның аяғына жығылып, Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам самариялы еди.
17
Сонда Ийса: – Шыпа тапқан он адам емес пе еди? Қалған тоғызы қаяқта?
18
Қудайға алғыс айтыў ушын, мына шет еллиден басқа ҳеш ким қайтып келмеди ме? – деди.
19
Соң оған: – Орныңнан тур да, кете бер, исенимиң сени қутқарды, – деди.
20
Парисейлер Қудайдың Патшалығының қашан келетуғынын сорағанда, Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Қудайдың Патшалығы көзге көринип келмейди.
21
«Мине, бул жерде» ямаса «Әне, ана жерде» деп те айтпайды. Себеби Қудайдың Патшалығы сизлердиң араңызда, – деди.
22
Соң Ийса шәкиртлерине былай деди: – Адам Улының күнлериниң бирин болса да көриўди аңсайтуғын ўақытларыңыз келеди. Бирақ, көре алмайсызлар.
23
Сизлерге: «Әне, Ол ана жерде» ямаса «Мине, Ол бул жерде» десе, бармаңлар, олардың излерине ермеңлер.
24
Өйткени шақмақ шағып, аспанды бир шетинен екинши шетине дейин жарқыратып жибергендей, Адам Улы да Өз күнинде солай пайда болады.
25
Бирақ дәслеп Ол көп азап шегип, бул әўлад тәрепинен қабылланбаўы тийис.
26
Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улының күнлеринде де солай болады.
27
Нух кемеге минген күнге дейин адамлар ишип-жеди, үйленди, турмысқа шықты. Соңынан топан суўы басып, ҳәммени набыт қылды.
28
Луттың заманында да сондай болды: адамлар ишип-жеди, саўда-сатық иследи, егин екти, жай салды.
29
Бирақ, Лут Содом қаласынан шыққан күни аспаннан от ҳәм күкирт жаўып, ҳәммени набыт қылды.
30
Адам Улы пайда болатуғын күни де тап сондай болады.
31
Сол күни тамның төбесинде болған адамның затлары үйинде қалса, оларды алыў ушын төменге түспесин. Ким де ким атызда болса, изине қайтпасын.
32
Луттың ҳаялын еске түсириңлер!
33
Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны набыт қылады, ал ким де ким өз жанын набыт қылса, оны сақлайды.
34
Сизлерге айтатуғыным: сол түни бир төсекте жатырған еки адамның биреўи алынады, екиншиси қалдырылады.
35
Бирге дигирман тартқан еки ҳаялдың биреўи алынады, екиншиси қалдырылады. [
36
]
37
Сонда шәкиртлери Ийсадан: – Ийем, бул ўақыялар қай жерде болады, – деп сорады. Ийса оларға: – Өлик қай жерде болса, қузғынлар да сол жерге жыйналады, – деди.
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 18 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24