bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Luke 24
Luke 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
1
Екшемби күни таң сәҳәрде ҳаяллар таярлап қойған хош ийисли майларын алып, қәбирге келди.
2
Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди.
3
Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады.
4
Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды.
5
Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди: – Тирини өлилердиң арасынан неге излейсизлер?
6
Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер.
7
Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди.
8
Сонда олар Ийсаның сөзлерин еслерине түсирди.
9
Қәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады.
10
Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди.
11
Бирақ бул сөзлер елшилерге бос гәп болып көринип, олар ҳаялларға исенбеди.
12
Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке үңилип қарағанда, сол жерде жатырған зығыр кепинди ғана көрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты.
13
Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Эммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып,
14
болған усы ўақыялар ҳаққында өз ара сөйлести.
15
Олар өз ара сөйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Өзи оларға жақынлап, қатар жүрди.
16
Бирақ олардың көзлери байланғандай болып, Оны танымады.
17
Ийса олардан: – Сизлер өз ара нелер ҳаққында сөйлесип баратырсызлар? – деп сорады. Олар тунжырап тоқтап қалды.
18
Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған: – Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди.
19
Ийса олардан: – Қандай ўақыялардан? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Насыралы Ийса ҳаққындағы ўақыялардан. Ол Қудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сөзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди.
20
Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны өлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
21
Ал бизлер Оны Израилды азат етеди деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды.
22
Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып,
23
Оның денесин таппай келди. Қайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди көргенин айтып берди.
24
Және бизлердиң ишимиздеги айырымларымыз қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин көрипти. Бирақ Ийсаның Өзин көрмепти, – деди.
25
Ийса оларға былай деди: – Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар!
26
Масийх усы азапларды шегип, Өз салтанатына кириўи керек емес пе еди?
27
Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Өзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди.
28
Олар өзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Өзин жолын даўам ететуғын қылып көрсетти.
29
Бирақ олар: – Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан өтинди. Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди.
30
Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди.
31
Сонда ғана олардың көзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса көзден ғайып болды.
32
Олар бир-бирине: – Ол жолда бизлер менен сөйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди.
33
Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты.
34
Жыйналғанлар: – Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Шимонға көринипти, – дести.
35
Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди.
36
Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Өзи олардың ортасында пайда болып: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
37
Бирақ шәкиртлер әрўақ көрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты.
38
Ийса оларға: – Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди?
39
Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Өзиммен. Маған қол тийгизип көриңлер. Әрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ көрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди.
40
Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын көрсетти.
41
Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан: – Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады.
42
Олар Оған писирилген балықтың бир бөлегин берди.
43
Ийса оны алып, олардың көз алдында жеди.
44
Соңынан Ийса оларға: – Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим, – деди.
45
Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты
46
ҳәм даўам етип оларға былай деди: – Масийх азап шегип, үшинши күни өлимнен қайта тириледи, – деп те жазылған.
47
– Ерусалимнен баслап барлық халықларға Оның аты менен тәўбе етсе, гүналарының кеширилетуғынын жәриялаў тийис.
48
Ал сизлер булардың гүўасысызлар.
49
Мине, Мен Әкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди.
50
Соңынан Ийса шәкиртлерин қаладан сыртқа, Бетанияға дейин апарды. Қолларын көтерип, оларға пәтиясын берди.
51
Пәтиясын берип турғанда олардан узақласып, аспанға алынды.
52
Шәкиртлер Ийсаға тәжим етип, үлкен қуўаныш пенен Ерусалимге қайтып келди.
53
Қудайды алғыслап, ҳәмме ўақыт Ибадатханада болды.
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24