bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Luke 13
Luke 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 14 →
1
Сол ўақытта гейбиреўлер Ийсаға келип, Пилаттың галилалыларды өлтирткени ҳәм олардың қанын өзлери шалған қурбанлықлары менен араластырып таслағаны ҳаққында айтып берди.
2
Ийса оларға: – Усындай апатқа ушырағанлықтан, бул галилалыларды басқа барлық галилалылардан гүналырақ, деп ойлайсызлар ма?
3
Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар.
4
Үстилерине Силоам минарасы қулап өлген он сегиз адам Ерусалимде жасаўшы адамлардың ҳәммесинен айыплырақ еди, деп ойлайсызлар ма?
5
Яқ, деймен сизлерге. Егер тәўбе етпесеңлер, ҳәммеңиз де усылай набыт боласызлар, – деди.
6
Соңынан Ийса мынадай тымсал айтып берди: – Бир адамның жүзим бағында егилген әнжир ағашы болыпты. Адам оннан мийўе алыў ушын келипти, бирақ таба алмапты.
7
Сонда ол бағманға: «Мине, мен үш жылдан бери бул әнжир ағашынан мийўе алыў ушын келемен, бирақ таба алмайман. Оны шаўып тасла! Неге ол босқа орын ийелеп тур?» – депти.
8
Бирақ бағман оған жуўап берип: «Хожайын, оны быйыл да қалдырың. Мен оның әтирапын қазып, қый төгейин.
9
Мүмкин, ендиги жылы мийўе берип қалар. Егер бермесе, шаўып тасларсыз», – депти.
10
Бир Шаббат күни Ийса мәжилисханалардың биринде тәлим берип отырған еди.
11
Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди.
12
Ийса оны көрип, жанына шақырып алды да, оған: – Ҳаял, сен дәртиңнен азат боласаң, – деп,
13
оның үстине қолларын қойғанда, ҳаял сол ўақытта-ақ бойын тиклеп, Қудайға алғыслар айта баслады.
14
Сонда мәжилисхана басшысы Ийсаның Шаббат күни шыпа бергенине ашыўы келип, халыққа: – Жумыс ислеў ушын алты күн бар. Шыпа алыўға Шаббат күни емес, ал сол күнлери келиңлер, – деди.
15
Ийемиз оған былай деп жуўап берди: – Ҳәй, еки жүзлилер! Шаббат күни ҳәр бириңиз өгизиңизди ямаса ешегиңизди қорадан шешип алып, суўғарыўға апармайсыз ба?
16
Он сегиз жылдан бери шайтан байлап қойған Ибрайымның мына қызын Шаббат күни бул байлаўдан азат қылыў керек емес пе еди?
17
Ийса усы сөзлерди айтқанда, Оған қарсылық көрсеткенлердиң ҳәммеси уялып қалды. Ал пүткил халық Оның барлық уллы ислерине қуўанды.
18
Соңынан Ийса: – Қудайдың Патшалығы неге уқсайды? Оны неге мегзетейин?
19
Ол – бир адамның өз бағына еккен қышқыл туқымына уқсайды. Ол өсип, терек болады ҳәм шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады, – деди.
20
Ийса және былай деди: – Қудайдың Патшалығын неге уқсатайын?
21
Ол бир ҳаялдың үш самар қамырға аз ғана ашытқы салғанда, барлық қамырды ашытатуғын ашытқысына уқсайды.
22
Ерусалимге қарай жол алған Ийса қала ҳәм аўылларды аралап, тәлим берип жүрди.
23
Бир адам Ийсадан: – Ийем, тек аз ғана адам қутқарыла ма? – деп сорады.
24
Сонда Ийса халыққа былай деди: – Тар қапыдан кириўге бар күшиңизди салыңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: көплер кириўге тырысады, бирақ кире алмайды.
25
Үйдиң Ийеси турып қапыны жаўып таслағанда, сизлер сыртта турып, қапыны қаға баслап: «Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – дейсизлер. Бирақ Ол сизлерге: «Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен», – деп жуўап береди.
26
Сонда сизлер: «Бизлер Сениң көз алдыңда ишип-жедик. Сен бизлердиң көшелеримизде тәлим беретуғын едиң-ғо», – деп айтасызлар.
27
Бирақ Ол: «Сизлерге айтатуғыным: Мен сизлерди танымайман ҳәм қаяқтан келгениңизди билмеймен. Ҳәй, жаманлық қылыўшылардың ҳәммеси Меннен аўлақ кетиңлер!» – дейди.
28
Сизлер Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың ҳәм барлық пайғамбарлардың Қудайдың Патшалығында жүргенин, ал өзлериңиздиң сыртқа қуўып шығарылғаныңызды көргениңизде жылап, пушайман жейсизлер.
29
Шығыстан ҳәм батыстан, арқадан ҳәм қубладан адамлар келип, Қудайдың Патшалығында дастурхан әтирапына отырады.
30
Мине, сонда соңғылардың гейбиреўлери бириншилер, ал бириншилердиң гейбиреўлери соңғылар болады.
31
Сол ўақытта бир неше парисейлер келип, Ийсаға: – Бул жерден кет, Ҳирод Сени өлтирмекши, – деди.
32
Ийса оларға былай деди: – Барып, сол түлкиге айтыңлар: Мен бүгин ҳәм ертең жинлерди қуўып шығарып, аўырыўларға шыпа беремен, ал үшинши күни исимди жуўмақлайман.
33
Солай болса да, Мен бүгин, ертең ҳәм арғы күни Өз жолым менен жүриўим керек. Өйткени ҳеш бир пайғамбарға Ерусалимнен басқа жерде өлиўге болмайды.
34
Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас боран қылыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер.
35
Мине, үйиңизди Қудай таслап кетеди. Сизлерге айтатуғыным: «Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени көрмейсизлер.
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24