bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Luke 4
Luke 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 5 →
1
Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шөл далаға алып барды.
2
Сол жерде шайтан Оны қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Сол кунлер өткеннен соң, ақыры аш болды.
3
Сонда шайтан Ийсаға: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди.
4
Ийса оған жуўап берип: – «Адам тек ғана нан менен жасамайды», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.
5
Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын көрсетип,
6
Оған: – Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Өйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен.
7
Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.
8
Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Қудайың Жаратқан Ийеге сыйынып, тек Оған хызмет ет», – деп айтылған, – деди.
9
Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, Өзиңди бул жерден төменге тасла,
10
себеби былай деп жазылған: «Ол периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди.
11
Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында алып жүреди», – деди.
12
Ийса шайтанға: – «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!», – деп айтылған, – деди.
13
Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти.
14
Мухаддес Руўхтың күшине толған Ийса Галилаға қайтып келди ҳәм Ол туўралы хабар пүткил дөгерекке тарқады.
15
Ийса олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Ол ҳәмме адамлар тәрепинен алғысланды.
16
Ийса Өзи өскен Насыра қаласына келип, Өз әдети бойынша Шаббат күни мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда,
17
Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына сөзлер жазылған жерди тапты:
18
«Жаратқан Ийениң Руўхы Мениң үстимде. Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын майлады. Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын, Соқырлардың көретуғынын хабарлаўға, Азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм Жаратқан Ийениң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди».
20
Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды.
21
Ийса оларға сөйлей баслап: – Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди.
22
Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан жағымлы сөзлерге ҳайран қалысып: – Бул – Юсуптиң баласы емес пе? – дести.
23
Ийса оларға былай деди: – Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, өзиңди өзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Өз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер.
24
Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар өз ўатанында қабыл алынбайды.
25
Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде көп жесир ҳаяллар бар еди.
26
Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди.
27
Сол сыяқлы, Элиша пайғамбардың заманында да Израилда тери кеселлигине шалынғанлар көп еди. Бирақ, тек сириялы Нааманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ, – деди.
28
Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди.
29
Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды.
30
Бирақ Ийса олардың арасынан өтип, Өз жолына түсти.
31
Ийса Галиладағы Капарнаҳум қаласына келди ҳәм Шаббат күни халыққа тәлим берди.
32
Халық Ийсаның тәлимине таң қалды, себеби Оның сөзинде бийлик бар еди.
33
Мәжилисханада жинге шалынған, жаўыз руўхлы бир адам бар еди. Ол бәлент даўыс пенен бақырып:
34
– О, насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деди.
35
Ийса оған кейип: – Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди. Сонда жин ҳәммениң көз алдында адамды жерге қулатты да, ҳеш зыян тийгизбей, оннан шығып кетти.
36
Ҳәмме таң қалысып, бир-бирине: – Бул не гәп? Ол жаўыз руўхларға бийлик ҳәм қүдирет пенен буйрық бергенде, олар шығып кетеди, – дести.
37
Солай етип, Ийса туўралы хабар сол үлкедеги барлық жерлерге жайылды.
38
Ийса мәжилисханадан шығып, Шимонның үйине барды. Шимонның қәйин енесиниң қатты ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсадан оны көриўди өтиниш етти.
39
Ийса ҳаялдың бас ушында турып ыссылыққа тыйым салғанда, ҳаялдың ыссылығы түсти. Ҳаял дәрриў орнынан турып, оларға хызмет етти.
40
Қуяш батарда ҳәмме ҳәр түрли кеселликлерге шалынған адамларын Ийсаға алып келди. Ийса олардың ҳәр бириниң үстине қолын қойып, шыпа берди.
41
Көп адамлардан жинлер шығып баратырып: «Сен – Қудайдың Улысаң!» – деп бақыратуғын еди. Бирақ Ийса оларға кейип, сөйлеўге тыйым салды. Өйткени олар Оның Масийх екенин билетуғын еди.
42
Таң атқанда Ийса үйден шығып, аўлақ жерге кетти. Халық Оны излеп қасына келди ҳәм өзлерин таслап кетпеўи ушын, Оны алып қалмақшы болды.
43
Бирақ Ийса оларға: – Қудайдың Патшалығы туўралы Хош Хабарды басқа қалаларда да жәриялаўым керек, себеби Мен сол ушын жиберилгенмен, – деди.
44
Солай етип, Ийса Яҳудиядағы мәжилисханаларда ўаз айтып жүрди.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24