bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Romans 1
Romans 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 2 →
1
Ийса Масийхтың қулы болған, елшиликке шақырылып, Қудайдың Хош Хабарын жәриялаў ушын таңланған мен, Павелден сәлем!
2
Усы Хош Хабарды Қудай Өз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда әўелден ўәде еткен еди.
3
Бул Хош Хабар Қудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳәм
4
Оның Мухаддес Руўх тәрепинен өлимнен қайта тирилиўи арқалы Қудайдың Улы екени қүдирет пенен дәлилленди. Қудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масийх.
5
Масийхтың аты менен барлық халықларды исенимге әкелиў ушын, Ол арқалы бизлер Қудайдың мийримине ҳәм елшилик хызметине ийе болдық.
6
Ийса Масийхқа тийисли болыў ушын таңланған сизлер де усы ҳәр түрли миллетлерденсиз.
7
Қудай сүйип, Өз мухаддеслери болыўға шақырған, Римдеги сизлердиң ҳәммеңизге Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх мийрим ҳәм тынышлық берсин!
8
Алды менен исенимиңиздиң даңқы пүткил дүньяға жайылғаны себепли, сизлердиң ҳәммеңиз ушын Ийса Масийх арқалы Қудайыма шүкирлик билдиремен.
9
Улының Хош Хабарын жәриялаўда шын кеўлим менен мен хызмет етип атырған Қудайдың Өзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа.
10
Және де, енди сизлерге барыўым ушын Қудайдың қәлеўи менен жол ашылыўын да тынбастан сорап атырман.
11
Өйткени исенимиңиздиң беккем болыўы ушын сизлерге бир руўхый сыйды жеткерейин деп, мен сизлерди қатты көргим келип атыр.
12
Яғный, араңызда болғанымда бир-биримиздиң исенимимизден жигерленсек екен деймен.
13
Туўысқанларым, басқа миллетлер арасында болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да мениң ислеримниң жемиси болыўы ушын, жаныңызға барыўды көп мәртебе мақсет етсем де, бирақ ҳәзирге дейин тосқынлықларға дус келгенимнен бийхабар қалыўыңызды қәлемеймен.
14
Мениң парызым ҳәммеге: грек мәдениятына тийисли адамларға ҳәм тийисли емеслерге, билимли ҳәм билимсиз адамларға Хош Хабарды жәриялаўдан ибарат.
15
Сонлықтан қолымнан келгенше, Римде болған сизлерге де Хош Хабарды жәриялаўға таярман.
16
Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳәр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди қутқара алатуғын Қудайдың күши.
17
Қудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық көрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исеним арқалы даўам етеди. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳақ адам исеними менен жасайды».
18
Ҳақыйқатқа өз наҳақлығы менен бөгет болатуғын адамлардың барлық қудайсыз ҳәм наҳақ ислерине аспаннан Қудайдың ғәзеби төгиледи.
19
Өйткени Қудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нәрселер оларға белгили. Қудайдың Өзи оларға усыларды мәлим еткен.
20
Дүнья жаратылғаннан бери Қудайдың көзге көринбейтуғын қәсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳәм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи ҳәм ашық көринеди. Солай етип, олар өзлерин ақлай алмайды.
21
Олар Қудайды билсе де, Оны Қудай деп уллыламады ҳәм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады.
22
Өзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты.
23
Олар мәңги тири Қудайдың уллылығын басында өлим бар адамның, қуслардың, төрт аяқлы ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың көринисиндеги бутларға алмастырды.
24
Сол себептен Қудай оларды жүреклериндеги ҳарам қәлеўлерине ҳәм бузықшылыққа тапсырып, бир-бириниң денесин ипласлаўына тосқынлық жасамады.
25
Олар Қудайдың ҳақыйқатын жалғанға алмастырды. Жаратқанға емес, ал жаратылған нәрсеге сыйынып, оған хызмет етти. Ал Қудай мәңги алғысларға ылайықлы. Аўмийин.
26
Сонлықтан Қудай оларды уятсыз қәлеўлерине тапсырды. Ҳәтте, ҳаяллар да ер адам менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, өз ара тәбийғый емес қатнас жасады.
27
Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял адам менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳәўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳәрекетлер ислеп, өз бузықшылығына ылайық жазасын алды.
28
Қудайды билиўди қәлемегенликтен, Қудай да оларды бузық ой-сезимлерине ҳәм ислеўге болмайтуғын ис-ҳәрекетлерди ислеўге тапсырды.
29
Олардың кеўиллери ҳәр түрли наҳақлыққа, жаўызлыққа, нәпсиқаўлыққа, жаманлыққа, күншилликке, қанхорлыққа, жәнжелкешликке, ҳийлекерликке ҳәм жаман нийетке толы. Олар және өсекши,
30
жалахор, Қудайды жек көриўши, хорлаўшы, менмен, мақтаншақ, жаманлық ислеўге шебер, ата-анасының сөзин тыңламайтуғын,
31
ақылсыз, опасыз, жаўыз ҳәм реҳимсиз адамлар.
32
Бундай ислерди ислеўшилер өлимге ылайық, деген Қудайдың әдил ҳүкимин олар билсе де, бул ислерди тек өзлери ғана ислеп қоймай, ал усы ислерди ислеўшилерди де қоллап қуўатлайды.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16