bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Romans 5
Romans 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 6 →
1
Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масийх арқалы Қудай менен жарастық.
2
Ийса Масийх арқалы Қудайдың мийримине исенимимиз бенен ийе болып жасамақтамыз. Және де, Қудайдың уллылығына ерисиўден үмит етип, қуўанамыз.
3
Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық,
4
сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз.
5
Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Өйткени Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырды.
6
Аўа, өзлеримизди ақлаўға еле күшсиз болғанымызда Масийх белгиленген ўақытта қудайсыз болған бизлер ушын өлди.
7
Ҳеш ким ҳақ адам ушын жанын өлимге қыймайды. Ҳәтте, өзине қәўендер болған адам ушын да жанын өлимге қыйыўды қәлейтуғын адамлар аз.
8
Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масийх бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи.
9
Сонлықтан енди Масийхтың қаны арқалы ақланғанымыз себепли, Ол арқалы Қудайдың ғәзебинен қутқарылатуғынымыз да анық.
10
Себеби бизлер Қудайдың душпаны болсақ та, Оның Улының өлими арқалы Қудай менен жарастық. Енди Қудай менен жарасып, Оның Улының өмири арқалы қутқарылатуғынымыз да анық.
11
Және де, буның менен шекленип қоймай, бизлерди енди Қудай менен жарастырған Ийемиз Ийса Масийх арқалы Қудай менен қатнаста болып қуўанамыз.
12
Дүньяға бир адам арқалы, яғный Адам-ата арқалы гүна келди, ал гүна себепли өлим келди. Солай етип, ҳеш бир адам өлимнен қашып қутыла алмайтуғын болды. Өйткени ҳәмме гүна ислеген еди.
13
Мухаддес Нызам берилместен бурын да дүньяда адамлар гүна ислейтуғын еди. Бирақ, Мухаддес Нызам болмаған ўақытта гүна гүна деп есапланбады.
14
Деген менен, Адам-атадан Муўсаға дейин жасағанлар Адам-ата ислеген сол гүнаны ислемеген болса да, өлим олардың үстинен ҳүкимдарлық етти. Ал Адам-ата келиўи тийис Адамның, яғный Масийхтың тымсалы.
15
Бирақ, олар арасында үлкен айырмашылық бар. Қудайдың сыйы Адам-атаның гүнасына уқсамайды. Себеби бир адамның гүнасы себепли көп адамлар өлген болса да, Қудайдың мийрими ҳәм басқа бир адамның, яғный Ийса Масийхтың мийрими менен берилген сыйды көп адамлар мол-молақай етип алды.
16
Қудайдың сыйының нәтийжеси менен бир адамның гүнасының нәтийжеси бирдей емес. Адам-атаның гүнасының ақыбети ҳүким етилиўге алып келди, бирақ Қудайдың сыйы себепли, көп гүналарымызға қарамастан, бизлерге ақланыў келди.
17
Бир адамның гүнасы себепли, сол адам арқалы пүткил адамзат үстинен өлим бийлик еткен болса, енди тек бир адам, яғный Ийса Масийх арқалы Қудайдың мол мийримин алып ақланғанлар үстинен өмир бийлик етеди.
18
Солай етип, бир адамның гүнасы себепли пүткил адамзат ҳүким етилген болса, бир адамның ҳақ иси себепли пүткил адамзат ақланып, өмирге еристи.
19
Бир адамның бойсынбағаны себепли көп адамлар гүнакар болып қалғанындай, бир адамның бойсынғаны себепли көп адамлар ақланады.
20
Адамлар өзлериниң қаншелли гүнакар екенин билиў ушын Мухаддес Нызам берилди. Бирақ, гүна көбейген сайын, Қудайдың мийрими оннан да артып барды.
21
Солай етип, гүнаның өлим арқалы бийлик еткениндей, Қудайдың мийрими де ақлаўы арқалы бийлик етип, Ийемиз Ийса Масийх себепли мәңгилик өмирге еристиреди.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16