bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Romans 3
Romans 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 4 →
1
Олай болса, яҳудий болыўдың қандай да бир артықмашлығы бар ма? Я болмаса, сүннетлениўдиң пайдасы бар ма?
2
Әлбетте, бар. Яҳудий болыў – ҳәр тәреплеме артықмашлыққа ийе. Өйткени ең алды менен Қудайдың сөзлери оларға исенип тапсырылған.
3
Егер олардың айырымлары Қудайдың сөзлерине садық болмай шыққан болса не болыпты? Олардың садық болмаўы Қудайдың садықлығын бийкарлай ала ма?
4
Ҳеш қашан! Ҳәмме адамлар өтирикши болса да, Қудай ҳақ. Себеби Мухаддес Жазыўда Қудай ҳаққында былай делинген: «Ҳақ екениңди сөзлериң менен көрсетесең, Ҳүким шығарылғанда жеңиске ерисесең».
5
Бирақ, бизлердиң наҳақлығымыз Қудайдың ҳақлығын ашып көрсетсе, онда не деймиз? Қудай бизлерди ғәзеп пенен жазаласа, әдалатсыз болғаны ма? Мен буларды адамлардың ойы бойынша айтып атырман.
6
Ҳеш қашан! Егер Қудай әдалатсыз болса, Ол дүньяны ҳүким ете алар ма еди?
7
Деген менен, айырымлар былай деп сораў қойыўы мүмкин: «Егер мениң наҳақлығым Қудайдың ҳақлығының артып, Оның уллыланыўына хызмет етсе, сонда неге мен гүнакар болып ҳүким етилмектемен?»
8
Солай етип: «Жақсылық шықсын деп, жаманлық ислей берейик», – дейик пе? Базы адамлар бизлерге жала жаўып, усындай сөзлерди айтты демекте. Бундай адамлар Қудайдың жазасына ылайықлы.
9
Енди не деўге болады? Биз яҳудийлер басқа миллетлерден артықпыз ба? Әлбетте, яқ! Өйткени әлле қашан дәлиллегенимдей, яҳудий де, басқа миллет адамы да, яғный ҳәр бир адам гүнаның бийлиги астында.
10
Мухаддес Жазыўларда айтылғанындай: «Ҳеш бир ҳақ адам жоқ, Бирде бири жоқ.
11
Ҳеш бир түсинетуғын адам жоқ. Ҳеш ким Қудайды излемейди.
12
Ҳәмме жолдан адасқан, Барлығы жарамсыз болған. Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ. Бирде бири жоқ».
13
«Аўызлары ашық бир қәбир сыяқлы, Олар сөзлери менен адамларды ашық гөрге тығады». «Майлы тиллери менен жалған сөйлейди, Тиллеринде жылан зәҳәри бар».
14
«Аўызлары толы ғарғыс-нәлет сөзлерге».
15
«Аяқлары шаққан қан төгиўге.
16
Олар қәдем басқан жерге келер қыйралыў ҳәм бәле.
17
Билмес олар тынышлық жолын».
18
«Қудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде».
19
Мухаддес Нызамда айтылғанлардың ҳәммеси Мухаддес Нызам астында болғанларға айтылғанын билемиз. Солай етип, ҳәр бир тил байланып, пүткил дүнья Қудайдың алдында есап береди.
20
Сонлықтан Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы ҳеш бир адам Қудайдың алдында ақлана алмайды. Керисинше, Мухаддес Нызам арқалы адам өзиниң гүнакар екенин билип алады.
21
Енди болса, Қудайдың адамды ақлайтуғын әдиллиги Мухаддес Нызамға байланыслы болмай-ақ ашық көрсетилди. Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да бул ҳаққында гүўалық береди.
22
Қудайдың әдиллиги адамларды олардың Ийса Масийхқа деген исеними арқалы ақлайды. Буны Ол исенетуғын ҳәр бир адам ушын ислейди. Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ.
23
Өйткени ҳәмме гүна ислеген ҳәм Қудайдың салтанатынан айырылған.
24
Бирақ, адамлар Қудайдың мийрими менен, Ийса Масийхтың қаны арқалы ешейин ақланады.
25
Масийхқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Қудай Масийхты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Қудай бул арқалы Өз әдиллигин көрсетти. Себеби Қудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди.
26
Және де, ҳәзирги ўақытта Ол әдиллигин дәлиллеп, Өзиниң ҳақ екенин ҳәм Ийсаға исенген ҳәр бир адамды ақлайтуғынын көрсетти.
27
Енди бизлер не менен мақтана аламыз? Ҳеш нәрсе менен. Қандай жол менен ақлана аламыз? Мухаддес Нызамды орынлаў жолы менен бе? Яқ, исеним менен.
28
Өйткени бизлер адамның Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеним менен ақланатуғынын мойынлаймыз.
29
Ырасында да, Қудай тек яҳудийлердиң Қудайы ма? Ол басқа миллетлердиң де Қудайы емес пе? Әлбетте, Ол басқа миллетлердиң де Қудайы.
30
Себеби сүннетли яҳудийлерди де, сүннетсиз болған басқа миллетлерди де тек исеним менен ақлайтуғын Қудай – жалғыз.
31
Солай етип, бизлер: «Адамлар тек исеним менен ақланады», – деп, Мухаддес Нызамды бийкарлаймыз ба? Яқ, керисинше, оны тастыйықлаймыз.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16