bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Romans 4
Romans 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 5 →
1
Ал енди бизлердиң, яғный яҳудийлердиң түп бабасы Ибрайым ҳаққында не деймиз? Ол неге еристи?
2
Егер ол ислеген саўап ислери себепли ҳақ деп саналған болса, мақтаныўға ҳақысы болар еди. Бирақ, Қудайдың алдында мақтана алмайды.
3
Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ҳақ деп санады».
4
Мийнет еткенге төленген ҳақы сый емес, ал ис ҳақы болып есапланады.
5
Бирақ ким де ким өзиниң саўап ислерине емес, ал қудайсыз адамды да ақлайтуғын Қудайға исенсе, ол исеними себепли ақланған болып есапланады.
6
Минекей, саўап ислерине қарамай, Қудай тәрепинен ақланған деп есапланған адамның бахытлы екени ҳаққында Даўыт та былай деген:
7
«Қылмыслары кеширилгенлер, Гүналары алып тасланғанлар қандай бахытлы!
8
Жаратқан Ийе гүнасын есапқа алмайтуғын адам қандай бахытлы!»
9
Бул бахыт тек сүннетлилер ушын берилген бе? Я болмаса, сүннетсизлер ушын да ма? Бизлер: «Ибрайым өз исеними себепли ҳақ деп саналды», – деген едик.
10
Ол қашан ҳақ деп саналды? Сүннетленгеннен кейин бе ямаса сүннетленбестен бурын ба? Сүннетленгеннен кейин емес, ал сүннетленбестен бурын.
11
Сүннетленбесинен бурын исеними менен ақланғанының белгиси ретинде Ибрайым сүннетлеў рәсимин қабыл етти. Солай етип, ол сүннетсиз болған басқа миллет адамларының да ақланған болып есапланыўы ушын, исенетуғын усындай адамлардың ҳәммесиниң руўхый бабасы болды.
12
Бабамыз Ибрайым тек сүннет етилгенлердиң емес, ал сүннет етилместен алдын Ибрайымда бар болған исенимниң жолы менен жүретуғынлардың да бабасы болды.
13
Себеби Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеними арқалы ақланыўы ушын, Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпақларына дүньяның мийрасхорлары болатуғынын ўәде етти.
14
Егер адамлар Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы мийрасхор болатуғын болса, онда исеним бийкар ҳәм ўәде де бос болар еди.
15
Өйткени Мухаддес Нызам Қудайдың ғәзебин келтиреди. Бирақ Мухаддес Нызам болмаған жерде нызамды бузыў да жоқ.
16
Усылай етип, Қудайдың ўәдеси тек исеним себепли бериледи. Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де, яғный Ибрайымның пүткил урпағына Қудайдың мийрими бойынша бериледи. Мухаддес Жазыўда Қудайдың Ибрайымға: «Сени көп халықлардың бабасы қыламан», – деп айтқанындай, Ибрайым өзи исенетуғын Қудайдың, яғный өлилерди тирилтетуғын ҳәм жоқтан бар қылатуғын Қудайдың алдында ҳәммемиздиң бабамыз.
18
Ҳеш үмити қалмаған ўақытта да Ибрайым үмитин үзбей, Қудайға исенди. Сонлықтан «Сениң урпағың есап-сансыз болады», – деп Қудайдың оған айтқанындай, ол көп халықлардың бабасы болды.
19
Жасы жүзге шамаласып, денесинде күш қалмағанын ҳәм ҳаялы Сараның да қурсағына бала питпейтуғынын ол билсе де, исенимин азайтпады.
20
Исенимсизлик етип, Қудайдың ўәдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Қудайды алғыслады.
21
Қудайдың Өз ўәдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди.
22
Әне, усы исеними себепли, Ибрайым ҳақ деп саналды.
23
«Ҳақ деп саналды», – деген сөзлер тек Ибрайымға емес,
24
ал бизлерге де тийисли етип жазылған. Бизлер де Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайға деген исенимимиз бенен ақланған болып есапланамыз.
25
Ийемиз Ийса гүналарымыз ушын өлимге тапсырылып, Қудайдың алдында бизлердиң ақланыўымыз ушын қайта тирилди.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16