bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Romans 15
Romans 15
Karakalpak 2022
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 16 →
1
Исеними күшли болған бизлер тек өзимиздиң мәпимизди ойламай, исеними ҳәлсиз болғанлардың ҳәлсизликлерин көтерисиўге парызлымыз.
2
Ҳәр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нәрсени гөзлеп, оның мәпин ойлайық.
3
Өйткени Масийх та Өзиниң мәпин ойламады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Саған тил тийгизгенлердиң жаман сөзлери Маған тийди».
4
Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳәммеси де бизлерге тәлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳәм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз.
5
Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масийх Ийсадан өрнек алып, аўызбиршилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин.
6
Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси болған Қудайды биргеликте ҳәм бир аўыздан алғыслайсызлар.
7
Сонлықтан Қудайдың алғысланыўы ушын Масийх сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер.
8
Себеби мениң айтатуғыным мынаў: Қудайдың яҳудийлердиң ата-бабаларына берген ўәдесин әмелге асырып, Оның садық екенин көрсетиў ушын, Масийх яҳудийлердиң хызметшиси болды.
9
Масийх буны басқа миллетлердиң де Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерисип, Қудайды алғыслаўы ушын иследи. Себеби Мухаддес Жазыўда: «Сени басқа миллетлер арасында алғыслайман ҳәм Сениң атыңды жырлайман», – деп айтылған.
10
Мухаддес Жазыўда және де: «Ҳәй, басқа миллетлер, Қудайдың халқы менен бирге шадланыңлар!» – делинген.
11
Тағы да былай делинген: «Барлық миллетлер, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтың! Барлық халықлар, Оны мақтаң!»
12
Ийшая пайғамбар да былай дейди: «Ишайдан өсип шыққан тамыр келип, Басқа миллетлерди басқарады. Олар Оннан үмит етип жасайды».
13
Үмиттиң тийкары болған Қудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳәм тынышлыққа толтырсын.
14
Туўысқанларым, ал енди сизлерге келсек, сизлердиң жақсылыққа толы ҳәм ҳәр түрли билимге бай екениңизге, әсиресе бир-бириңизге ақыл-нәсият бере алатуғыныңызға толық исенемен.
15
Бирақ, Қудайдың маған берген мийрими менен сизлерге еслетип қойыў ушын, бул хаттың айырым жерлерин батыллық пенен жаздым.
16
Мен Қудайдың усы мийрими менен, басқа миллетлер ушын Масийх Ийсаның хызметшиси болдым. Басқа миллетлер Мухаддес Руўх пенен мухаддес қылынып, Қудайға унайтуғын сый болыўы ушын, мен Қудайдың Хош Хабарын бир руўханий сыпатында жәриялап атырман.
17
Сонлықтан мен Масийх Ийсаға тийисли болып, Қудайға деген хызметим менен мақтана аламан.
18
Масийх мениң менен бирге болып, басқа миллетлердиң Қудайға бойсыныўы ушын, сөзлерим ҳәм ис-ҳәрекетлерим арқалы ислегенлеринен басқа ҳеш нәрсе ҳаққында айтыўға батылым жетпейди.
19
Бул ислер кәраматлы белгилердиң ҳәм таң қаларлық нәрселердиң күши менен, және де Мухаддес Руўхтың қүдирети менен исленди. Солай етип, мен Ерусалимнен баслап Иллирик үлкесине дейин аралап, Масийхтың Хош Хабарын ҳәмме жерге жәрияладым.
20
Басқа бир адамның салған тырнақ тасының үстине имарат қурмайын деп, мен Хош Хабарды Масийхтың атын еле еситпеген жерлерде жәриялаўға тырыстым.
21
Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оннан хабарсыз болғанлар көреди, Еситпегенлер түсинеди».
22
Мине, усы себеп жаныңызға барыўыма маған көп мәртебе иркиниш жасады.
23
Енди болса, бул жерлерде мен ислейтуғын ҳеш нәрсе қалмады. Және де, мен қанша жыллардан бери сизлерге барыўды арзыў еткеним себепли,
24
Испанияға қарай жолға шықсам, сизлерге бармақшыман. Өтип баратырғанымда алды менен сизлерди көрип, бираз дийдарыңызға тойғанымнан соң, маған жәрдем етип, сол жаққа шығарып саласыз, деген үмиттемен.
25
Ал ҳәзир болса, мен Ерусалимге барып, сол жердеги мухаддеслерге жәрдем бермекшимен.
26
Өйткени Македония менен Ахаядағы мухаддеслер Ерусалимдеги мухаддеслер арасындағы мүтәжликте жасайтуғынлар ушын ақшалай жәрдем етиўди мақул көрди.
27
Аўа, мақул көрди. Олар ҳақыйқаттан да, Ерусалимдеги исениўшилер алдында қарыздар. Себеби өзлери Хош Хабар арқалы алған руўхый жарылқаўларды яҳудий исениўшилери басқа миллетлер менен бөлискенликтен, басқа миллет исениўшилери де оларға ақшалай жәрдем берип, хызмет етиўге парызлы.
28
Солай етип, жыйналған қәрежетти оларға жеткизип, усы исти орынлағанымнан соң, жол-жөнекей сизлер менен дийдар көрисип, Испанияға кетемен.
29
Жаныңызға барғанымда, сизлерге Масийхтың толық жарылқаўын апаратуғынымды билемен.
30
Туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен ҳәм Мухаддес Руўхтың сүйиспеншилиги менен сизлерге жалбарынаман: мениң менен бирге Қудайға дуўа етип, мен ушын бар жигериңиз бенен сораңлар.
31
Яҳудиядағы исенбейтуғын адамлардан қутылыўым ушын ҳәм Ерусалимдеги хызметимди сол жердеги мухаддеслер қуўаныш пенен қабыл алыўы ушын дуўа етиңлер.
32
Және де, Қудай қәлесе, мен сизлердиң жаныңызға қуўаныш пенен барып, сизлер менен бирге кеўлимди хошлаўым ушын да сораңлар.
33
Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 16 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16