bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Romans 9
Romans 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 10 →
1
Масийхқа тийисли адам сыпатында ҳақыйқатын айтып атырман, өтирик сөйлеп турғаным жоқ. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын ҳүжданым да буған гүўа:
2
жүрегимде үлкен бир қайғым ҳәм таўысылмас бир дәртим бар.
3
Қанымыз бир болған туўысқанларымның, яғный израиллылардың қутқарылыўы ушын, мен Қудайдың ғарғысына ушырап, Масийхтан аласлатылыўым керек болса, қайыл болар едим. Қудай Израил халқын балалары қылып асырап алған, оларға Өз уллылығын берип, олар менен келисим дүзген. Оларға Мухаддес Нызамын ҳәм Қудайға хызмет етиў қағыйдаларын тапсырып, ўәделерин де берген.
5
Олар уллы ата-бабаларымыздың урпақлары ҳәм Масийх та адам денесинде олардың урпағынан келип шыққан. Масийх – ҳәммениң үстинен ҳүкимдар болған, мәңги алғысларға ылайық Қудайдың Өзи. Аўмийин.
6
Мен Қудайдың сөзи орынланбады, демекши емеспен. Себеби Израилдың урпағы болғанлардың ҳәммеси де ҳақыйқый израиллылар емес.
7
Және де, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Ибрайымның ҳақыйқый балалары емес. Қудай Ибрайымға: «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди», – деген еди.
8
Демек, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Қудайдың балалары емес. Ал Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси бойынша туўылғанлар ғана Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болып есапланады.
9
Өйткени Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси мынадай еди: «Келеси жылы усындай ўақытта жаныңа қайтқанымда, Сара уллы болады».
10
Соның менен бирге, Ребекка да бабамыз Ысақтан ҳәмиледар болып, егиз ул туўды.
11
Бирақ, бул балалар туўылмастан алдын ҳәм олар еле жақсы ямаса жаман бир нәрсе ислеместен бурын Қудай Ребеккаға: «Үлкени кишкенесине бағынышлы болады», – деген еди. Солай етип, Қудай усы еки баладан биреўин таңлап алғанда, оны ислерине қарап емес, ал белгилеген жобасының иске асыўы ушын, Өз ерки менен таңлап алды.
13
Ҳәтте, Қудай Мухаддес Жазыўда: «Яқыпты сүйдим, ал Эсаўды жек көрдим», – деген.
14
Олай болса, не деймиз? Қудай әдалатсыз болғаны ма? Ҳеш қашан!
15
Себеби Қудай Муўсаға былай деген: «Кимге мийрим-шәпәәтимди бериўди қәлесем, соған мийрим-шәпәәтимди беремен. Кимге реҳим етиўди қәлесем, соған реҳим етемен».
16
Солай етип, буған ерисиў адамның қәлеўине ямаса тырысыўына емес, ал Қудайдың мийрим-шәпәәтине байланыслы.
17
Өйткени Қудай Мухаддес Жазыўда фараонға былай деген: «Қүдиретимди сен арқалы көрсетиў ушын ҳәм атым пүткил жер жүзине жәрияланыўы ушын, сени мәртебели қылдым».
18
Солай етип, Қудай қәлеген адамына мийрим-шәпәәтин береди ҳәм қәлеген адамын тас баўыр қылады.
19
Енди сен меннен: «Егер Қудай усылай ислесе, Ол неге адамды айыплайды? Оның еркине ким қарсы тура алады?» – деп сораўың мүмкин.
20
Бирақ, ҳәй адам, Қудайға қарсылық көрсететуғындай, сен кимсең? Дөретилген нәрсе өзин дөреткенге: «Мени неге бундай қылып дөреттиң?» – дей ме?
21
Я болмаса, гүлалшы бир ылайдан еки ыдыс соққанда, биреўин қымбатлы ис ушын қолланылатуғын ыдыс, ал екиншисин әпиўайы ис ушын қолланылатуғын ыдыс қылып соғыўға ҳақылы емес пе?
22
Қудай да усылай ис тутады. Ол набыт қылыныўға ҳәм Өзиниң ғәзебине ушыраўға ылайықлы адамларға ғәзебин төгип, күшин көрсетиўди қәлесе де, оларға үлкен сабырлылық көрсетти.
23
Және де, Қудай мәртебеге еристириў ушын Өзи алдын ала таярлап қойған адамларына реҳим етип, Өзиниң шексиз уллылығын көрсетти.
24
Тек яҳудийлер арасынан емес, ал басқа миллетлер арасынан да Қудай таңлаған усы адамлар – бизлермиз.
25
Ҳошеа пайғамбардың китабында Қудай былай деген: «Халқым болмаған халықты, „халқым“ деп, Сүймегенимди „сүйиклим“ деп атайман».
26
«„Сизлер мениң халқым емессиз“, – деген жерде, Тири Қудайдың балалары деп аталасыз».
27
Ийшая пайғамбар да Израил туўралы бәлент даўыс пенен былай дейди: «Израил халқының саны теңиз қумындай көп болса да, Тек олардан аман қалғанлары ғана қутқарылады.
28
Себеби Жаратқан Ийе шығарған ҳүкимин, Жер жүзинде тез ҳәм толық әмелге асырады».
29
Ийшая пайғамбардың болжап айтқанындай: «Егер Әлемниң Жаратқан Ийеси, Бизлерден нәсил қалдырмағанда, Бизлер Содомдай болар, Гомораға мегзер едик».
30
Олай болса, не деймиз? Қудай алдында ақланыўға тырыспаған басқа миллет адамлары өз исеними арқалы ақланды.
31
Ал Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланыўға тырысқан Израил халқы Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақлана алмады.
32
Не ушын? Өйткени олар ақланыўға исеними арқалы емес, ал саўап ислери арқалы ерисиўге тырысты. Сонлықтан олар сүрниктиретуғын тасқа сүрнигип қулады.
33
Мухаддес Жазыўда: «Минекей, Мен Сионда бир тасты, Сүрниктиретуғын тас, қулататуғын жартасты орнатаман. Бирақ, Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды», – делинген.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16