bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Samuel 11
1 Samuel 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 12 →
1
Аммон патшасы Нахаш Гиладтағы Ябеш қаласына келип, қаланы қамал етти. Пүткил ябешлилер Нахашқа: – Бизлер менен келисим дүз. Бизлер саған хызмет етемиз, – деди.
2
Бирақ Аммон патшасы Нахаш: – Мен бир шәрт пенен келисим дүземен. Пүткил Израил халқын масқара етиў ушын, ҳәр бириңиздиң оң көзиңизди ойып аламан, – деди.
3
Ябеш қаласының ақсақаллары Нахашқа: – Израилдың ҳәмме жерине хабаршылар жибериўимиз ушын, бизлерге жети күн мәўлет бер. Егер бизлерди қутқаратуғын ҳеш ким табылмаса, саған тәслим боламыз, – деди.
4
Хабаршылар Шаул жасап атырған Гиба қаласына келип, болып атырған ўақыяларды халыққа хабарлағанда, халық дад салып жылай баслады.
5
Тап усы ўақытта Шаул өгизлерин айдап, атыздан киятырған еди. Ол: – Адамларға не болды? Неге бунша жылап атыр? – деп сорады. Сонда ябешлилердиң жоллаған хабарын оған айтып берди.
6
Шаул бул гәплерди еситкен ўақытта, Қудайдың Руўхы оны бийлеп алды. Шаул қатты ашыўға минди.
7
Ол бир жуп өгизди сойып, оларды жиликледи де, жиликлерди хабаршылар арқалы Израилдың ҳәмме тәрепине жиберип: «Шаул менен Самуелдиң изине ермеген ҳәр бир адамның өгизлерине де анық усылай исленеди», – деди. Халық Жаратқан Ийеден қорққанынан қалтырап, ҳәммеси бир жағадан бас шығарып, жолға атланды.
8
Шаул оларды Безекке жыйнады. Сонда Израилдың басқа урыўларынан үш жүз мың, ал Яҳуда урыўынан отыз мың адам болды.
9
Израиллылар сол жерге келген ябешли хабаршыларға: – Гиладтағы Ябеш турғынлары ертең күн тас төбеге көтерилгенде қутқарылатуғынын айтыңлар, – деди. Хабаршылар барып, бул хабарды жеткизгенде, ябешлилер қуўанып кетти.
10
Олар Нахашқа: – Ертең сизлерге тәслим боламыз. Сонда бизлерге нени мақул көрсеңиз, соны ислең, – деди.
11
Ертеңине Шаул адамларын үш топарға бөлди. Олар ерте таңда аммонлардың ордасына бастырып кирип, оларды күн қызғанша қырып таслады. Аман қалғанлары тарап кетип, дара-дара болып қашты.
12
Буннан кейин, халық Самуелге: – «Шаул ма бизге патша болатуғын?» – дегенлер кимлер еди? Оларды алып келиңлер, өлтиремиз, – деди.
13
Бирақ Шаул оларға: – Бүгин ҳеш ким өлтирилмейди. Себеби Жаратқан Ийе бүгин Израил халқына қутқарылыў берди, – деди.
14
Ал Самуел халыққа: – Гилгалға барып, сол жерде патшалықты қайта тастыйықлайық, – деди.
15
Солай етип, пүткил халық Гилгалға барып, Жаратқан Ийениң алдында Шаулдың патшалығын тастыйықлады. Сол жерде, Жаратқан Ийениң алдында татыўлық қурбанлықларын берди. Шаул да, пүткил Израил халқы да жақсылап бәзим қурды.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31